Шарап Уснатдинов
orazbay 20-03-2022, 11:38 646 Theater directors / Teatr direktorları / Директоры театра / Teatr direktorlariШарап Уснатдинов
«Қорақалпоғистон халқ ёзувчиси»,
«Эл-юрт ҳурмати» ордени соҳиби.
(1942-2020)
Журналист, сиёсатчи Шарап Уснатдинов 1942 йил Кегейли туманида тӯғилган. Тошкент давлат университетининг (ҳозирги ЎзМУ) журналистика факултетини тугатган. У Нуроний жамғармаси Қорақалпоғистон Республикаси Кенгаши раиси сифатида узоқ йиллар ишлаган. Олий Мажлис Сенати аъзоси бўлган.
У халқимизга «Кимга кеч, кимга тонг саҳар», «Сўнгги овчи», «Кўрганларим, кўнгилдагиларим», «Биринчи қорақалпоқ балетмейстери», «Шоирнинг ёшлиги» каби роман ва қиссаларини мерос қилиб қолдирди.
1983 – 1984 йиллари Бердақ номидаги Қоракалпоқ давлат академик мусиқали театрида директор лавозимида ишлаган.
«Қорақалпоғистон халқ ёзувчиси», «Эл-юрт ҳурмати» ордени соҳиби.
Шарап Уснатдинов
«Народный писатель Каракалпакстана»
Кавалер ордена Эль-Юрт Хурмати.
(1942-2020)
Журналист, политик Шарап Уснатдинов родился в 1942 году в Кегейлийском районе. Окончил Ташкентский государственный университет (ныне Национальный университет Узбекистана) по специальности журналист. Много лет работал Председателем Совета Республики Каракалпакстан фонда «Нуроний». Был членом Сената Олий Мажлиса.
Он оставил в наследство нашему народу такие повести и рассказы, как «Кто опаздывает, кто рассветает», «Последний охотник», «Что я видел, о чем мечтал», «Первый каракалпакский балетмейстер», «Юность поэт".
С 1983 по 1984 год работал директором Каракалпакского государственного академического музыкального театра имени Бердаха.
Народный писатель Каракалпакстана, кавалер ордена «Эл-Юрт Хурмати».
Sharap Usnatdinov
"People's Writer of Karakalpakstan"
Cavalier of the Order of El-Yurt Khurmati.
(1942-2020)
Journalist, politician Sharap Usnatdinov was born in 1942 in the Kegeyli region. He graduated from Tashkent State University (now the National University of Uzbekistan) with a degree in journalism. For many years he worked as the Chairman of the Council of the Republic of Karakalpakstan of the Nuroniy Foundation. He was a member of the Senate of the Oliy Majlis.
He left as a legacy to our people such novels and stories as “Who is late, who is dawning”, “The Last Hunter”, “What I saw, what I dreamed about”, “The first Karakalpak choreographer”, “Youth is a poet".
From 1983 to 1984 he worked as the director of the Karakalpak State Academic Musical Theater named after Berdakh.
People's writer of Karakalpakstan, holder of the order "El-Yurt Khurmati".
«Тикенек»тен басланған узақ жол
(Белгили журналист ҳәм жазыўшы Ш.Уснатдиновтың 80 жыллығына арналады)
Соңғы жыллары Өзбекстанда, соның ишинде Қарақалпақстан Республикасында елге пидайы хызмет қылған көрнекли жәмийетлик –сиясий ғайраткерлердиң, көркем-өнер, мәденият, әдебият ҳәм басқа да тараўлардың раўажланыўына айрықша үлес қосқан қәнигелердиң юбилей сәнелерине байланыслы олардың салмақлы хызметлерин, айрықша мийнетлерин белгилеп, ел- халық алдында ардақлаў үрдис болып кетти.
Бул жақсы дәстүр. Себеби, өзиниң батырын билмеген, алымы менен уламаларын танымаған, оларды қәдирлей алмаған ел еле ҳақыйқый ел дәрежесине жете алмай атырған десек, қәте болмас. Себеби уллылардың өнегели өмири, пидайылық хызметлери, инсаныйлық пазыйлетлери жас әўладты жақсылыққа тәрбиялайды, келешек әўладларға үлги, өрнек болады.
Мине, усындай пидайы хызметлери, инсаныйлық пазыйлетлери улығлаўға, ардақлаўға ылайық адамлардың бири «Қарақалпақстанға мийнети сиңген журналист», «Қарақалпақстан халық жазыўшысы», «Эл-юрт ҳурмати» ордениниң ийеси, белгили журналист, белгили жазыўшы ҳәм жәмийетлик ғайраткер Шарап Уснатдинов (1942-2020) болып есапланады.
Ш.Уснатдинов - тар жерден тепсинип шыққан, қағынып-силкинип, жулқынып шыққан талантлардың бири. Әкеси Уснатдин қара табан, қара пухара, бир жутымын қара мийнет пенен табатуғын, бардың бетине бағып дәме етпейтуғын өр минезли адам еди. Ш.Уснатдинов Екинши жер жүзилик урыстан кейинги аш-әптада, жоқ-жуқа, тарыслық шәраятта бала болды. Бәлки, усындай қыйын шәраят болажақ үлкен талантты шыдамлылыққа, табанлылыққа, мийнеткешликке, өмир ушын гүреске шынықтырған болса керек.
Жас Шарап умтылыўшаң, балалардың басын бириктире алатуғын, мақсети ушын гүресетуғын табанлы және кѳркем сѳзге ықласлы бала болып өсти. Оның журналистлик талантының дәслепки ушқынлары шөлкемлестириўшилик уқыбы Тақыятаста жайласқан сол 1950-60 жылларда абырайлы болған қурылыс бойынша кәсип-техникалық училищесиниң студенти ўақтында-ақ (1958-1960) көрине баслады. Ол дөгерегине уқыплы студентлерди топлап «Тикенек» деген атамада дийўалы газета шығара баслады.
Тәғдир деген қызық. Ол гейде болажақ танантлардың, болажақ азаматлардың басын бир жерге топлайды. Усы училищеде Ш.Уснатдинов пенен бирге болажақ атақлы балетмейстер, Өзбекстанға хызмет көрсеткен көркем-өнер ғайраткери, бир қатар атақлар менен сыйлықлардың ийеси Полат Мәдреймов, Қарақалпақстанда жәмийетлик аўқатланыў мәдениятын жоқары дәрежеге көтериўге ерискен Қалбай Нурниязов, белгили юрист Алланияз Хожаназаров, белгили қурылысшы Данил Якубов х.б. тәлим- тәрбия алған екен, олардың келешек өмирге таслаған дәслепки қәдемлери усы жерден басланған екен, турмысқа, мийнетке болған дәслепки көзқараслары, қатнаслары усы училищеде қәлиплесе баслаған екен.
Соңғылықта Шарап аға усы училищеде оқыған жылларын, бирге оқыған досларын жыллы сөзлер менен еслейтуғын еди, олардың көпшилиги менен дослық бабында жақын қатнасатуғын еди. Ш.Уснатдиновтың хызметлерин үлкен 3 бағдарға ажыратыў мүмкин: бириншиси, әлбетте, журналистлик хызмети, екиншиси, көркем дөретиўшилик, яғный жазыўшылық хызмети, үшинишиси, сиясий- жәмийетлик хызмети.
Оның журналистлик хызмети жоқарыда еслеп өткенимиздей училище оқыўшыларының «Тикенек» деген әпиўайы дийўалы газетасынан басланады. Сол «Тикенек»тен басланған узақ жол оны Ташкент мәмлекетлик университетиниң журналистика факультетине алып келди.
Өткен әсирдиң сол 60-жыллары усы факультетте қандай уллы адамлар келешегин басламады дейсең? Өзбекстан халық шайыры Абдулла Арипов, Өзбекстан халық жазыўшысы Шүкир Халмурзаев, белгили жазыўшы ҳәм илимпаз, филология илимлериниң докторы, профессор Камал Мәмбетов, белгили сыншы, филология илимлериниң кандидаты Камал Қудайбергенов, белгили қарақалпақ шайыры Төлепберген Мәтмуратов, философия илимлериниң кандидаты, доцент Салый Садықов х.б. өзлериниң дөретиўшилик жолын усы факультеттен баслады. Олардың бәри де бир-бири менен қатар, жаслас, курслас, әрманлас, бир- бири менен дос, жолдас, ҳәм қолдас жигитлер болды. Солардың бири болажақ талантлы журналист ҳәм жазыўшы Шарап Уснатдинов еди.
Ол журналистика тараўындағы хызмет жолын «Совет Қарақалпақстаны» (Ҳәзирги «Еркин Қарақалпақстан»), «Жас Ленинши» (Ҳәзирги «Қарақалпақстан жаслары») газеталарында әдебий хызметкер, хабаршы жумысларынан баслады. Тәсирли, өткир мақалалары менен көзге түсти.
Соңын ала усы газеталардың бѳлим баслығы, бас редакторы орынбасары, бас редакторы болып иследи. Қарақалпақстан телерадио компаниясы баслығының орынбасары, «Қарақалпақстан» баспасының директоры лаўазымларында жемисли, нәтийжели жумыслар алып барды.
Егерде Ш.Уснатдиновтың журналистлик шеберлигиниң, усы кәсипке садықлығының айырым қырларын ашпасақ, жоқарыдағы айтқанларымыз қурғақ статистика мағлыўматлары дәрежесинде болып қалар еди. Оның мақалаларынан журналистика жанрларының өзгешеликлерин, улыўма журналистлик шеберликти жетик менгергенин анық көриўге болады.
Ш.Уснатдиновтың мақалаларында өткир мәселелер көтериледи, олар оқыўшыларда кескин пикирлер оятады, көпке шекем олардың тилинде жүреди. Ол әпиўайы информациядан баслап ҳәр қыйлы қызықлы сүўретлемелер, интервьюлер (сәўбетлер), репортажлар, фелеьтонлар, аналитикалық мақалалар, яднамалар сыяқлы журналистиканың ҳәр бир жанры ушын үлги болатуғын, баслаўшы журналистлер сабақ алатуғын материаллар жазды.
Әсиресе, оның аналитикалық мақалалары актуал мәселени көтериўи, баянлаў тилиниң өткирлиги, тазалығы, анықлығы, композициялық жақтан пуқта исленгенлиги менен өзгешеленип турады, ҳәттеки узақ ўақытлар оқыўшылардың есинде қалатуғын еди.
Журналистика – тезликти талап ететуғын оператив хызмет түри. Материалды зийнетлеп, оны сулыў сөзлер менен безеўин беремен деп ойланып, изленип отыра берсең, оның көтерген мәселесиниң ўақты өтип, қуны түсип кетеди. Мине, усындай қыстаўлы пайытларда Ш.Уснатдиновтың ҳақыйқый журналистлик таланты көринетуғын еди. Мен «Жас Ленинши» газетасында Ш.Уснатдинов пенен бирге ислескен 70-жыллардың басында қыстаўлы материалларды тиккелей машинкаға айтып (диктовка етип) отырғанын талай мәрте көргенмен. Қала берсе, сол материаллар оқығанда тартымлы, әнедей болып шығатуғын еди. Бул оның журналистлик талантының бир көриниси еди.
Ш.Уснатдиновтың журналистика цехының нағыз устасы екенин оның менен бирге ислескен белгили журналист Ө.Өтеўлиев жақында ғана шыққан «Ҳақыйқый журналистиканы өзиңизден үйрендик» деген еслеў мақаласында толығырақ айтқан екен. («Еркин Қарақалпақстан» 12-март 2022 жыл). Сонлықтан бул теманы және қайталаў артықмашылық етеди.
Ш.Уснатдиновтың журналистлик хызмети ҳәм шеберлиги темасын төмендегише жуўмақлаў мүмкин: егерде Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры И.Юсупов, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшысы Т.Қайыпбергенов 1950-жыллардың екинши ярымында, 60-жыллардың басында бурын тек бир бағдарға қаратылып, идеология қурсаўында қатып қалған қарақалпақ поэзиясын ҳәм қарақалпақ прозасын жаңа көркем-идеялық бағдарға бурып жиберген болса, Қарақалпақстанға мийнети сиңген журналист Ш.Уснатдинов қарақалпақ журналистикасын жаңа арнаға бурып жибериўши топардың ең жеделлиси, ең алдыңғысы, ең жигерлиси болды десек дурыс болады.
Себеби, усы бурылыс процесине өзлериниң дөретиўшилик хызмети менен жедел қатнасқан талантлы, жигерли журналистлер топары болды. Олар халыққа кеңнен мәлим болған Өсербай Хожаниязов, Сапарбай Салиев, Азат Бердишев, Кеңес Смамутов, Узақбай Пиржанов, Шаўдырбай Сейтовлар еди.
Бир қызық жери олар Ш.Уснатдинов пенен бир бириниң дөретиўшилик жолын, тәғдирин қайталағандай еди, яғный олар журналистиканың машақатлы соқпағынан жүрип, шынығып көркем әдебияттың гүзарына түсти, ҳәр қайсысы жақсы- жақсы гүрриңлер, повестлер, романлар дөретти, олар оқыўшыларға мақул болып, әдебиятымыздың көркине, мақтанышына айналды. Ш.Уснатдинов та журналистикадан басланған жол менен жүрип, көркем дөретиўшилик цехына, көркем әдебият майданына кирип кеткенин билмей де қалды.
Оның көркем әдебий шығармаларының басым көпшилиги ғәрезсизлик жыллары соңғы 20 жылда басылып шықты. Бирақ, ол буннан алдын әдебият пенен байланыссыз болды дегенди аңлатпайды. Ол актив китап оқыўшы сыпатында қарақалпақ, өзбек, қазақ, рус ҳәм дүнья әдебиятының үлгилерин жақсылап таллай алатуғын еди. Әсиресе, И.Юсуповтың лирикасын ядқа айтыў менен бирге, оның таллаўларын дәптерине түртип жүретуғын еди.
Ол өзиниң бир қатар гүрриңлерин, очерклерин ғәрезсизлик дәўиринен алдын-ақ баспа сөзде жәриялаған еди. Ғәрезсизлик жыллары көркем дөретиўшиликке шынтлап берилип, жаңа гүрриңлер, очерклер, эсселер, роман ҳәм повестлер жазды, баспадан шығарды. Олардан «Кимге кеш, кимге таң сәҳәр», «Көргенлерим, кеўилдегилерим», «Дебдиўли толғаныслар» топламлары китап оқыўшылардың қызығып оқыйтуғын шығармаларына айналды.
«Соңғы аңшы» повести, «Полат Мәдреймов- биринши қарақалпақ балетмейстери», повесть-эссеси, «Шайырдың жаслығы» ҳүжжетли повести, «Ибрайым Юсупов» роман-эссеси әдебий жанрларға жаңаша жантасыўы менен, образларының ҳәм көркем, ҳәм тыянақлылығы менен ажыралып турады.
Әсиресе, оның «Полат Мәдреймов-биринши қарақалпақ балетмейстери» (2011) деген повесть-эссеси қарақалпақ әдебиятында ҳәм жанрлық, ҳәм тематикалық жақлардан жаңа шығарма болды. Онда көркем сүўретлеўлер менен фактлардың, мағлыўматлардың анықлығы қосылып, синтезленип тутас бир образды, көрнекли қарақалпақ балетмейстери Полат Мәдреймов образын пайда еткен.
Биз бул китапта автордың бир көркем өнер изертлеўшиси дәрежесиндеги излениўлери, үйрениўи, шебер жазыўшы дәрежесиндеги сүўретлеўлери, баянлаўлары нәтийжесинде “Айқулаш”, “Шағала” ҳәм басқа да жайдары халық ойынларының ҳақыйқый көркем өнер бийигине көтерилип, ҳәзирги заман профессионал хореографиясы үлгисине айланған дөретиўшилик процессти көремиз.
Буның бәри пидайы балетмейстер Полат Мәдреймовтың маңлай тери нәтийжесинде болғанын автор шеберлик пенен көрсетип береди. Китап қарақалпақ хореография өнери ҳаққында дәслепки ҳәм қызықлы шығарма ретинде халық арасында тез тарқалды ҳәм жыллы қабылланды.
Дөретиўшилик ҳәм журналистлик изертлеўдиң, оны образ жаратыўда пайдаланыўдың жақсы үлгисин Ш.Уснатдиновтың «Ибрайым Юсупов» (2019) роман-эссесинде көремиз. Қарақалпақ әдебиятында уллы шайырлар ҳаққында романлар, драмалар, либреттолар бар.
Бирақ уллы шайыр образын көркем сүўретлеўлер менен ҳүжжетлерди, анық мағлыўматларды, фактларды қарыстырыў, синтезлеў жолы менен жаратыў тәжирийбеси еле болған жоқ еди. Уллы шайыр образын роман-эссе жанрында жаратыў тәжирийбесин қарақалпақ әдебиятында дәслепки мәртебе Шарап Уснатдинов сынап көрди ҳәм ол табыслы болды. Роман-эссе оқыўшылар жәмийетшилигинде айрықша қызығыўшылық оятты. Буны усы роман-эссе ҳаққында жәрияланған рецензиялар, мақалалар тастыйықлайды.
Улыўма Ш.Уснатдиновтың әдебий шығармаларының темалары оқыўшылар билгиси келип, ҳәўес етип жүретуғын қызықлы адамларға, ўақыяларға, шәраятларға арналған. Ол образды күшейтиў, қызықлы етиў мақсетинде натурализмге берилип, мәдениятсыз, патас сүўретлеўлерди пайдаланбайтуғын еди. Шығармаларының тили кѳркем таза, жыйнақлы, мәдениятлы, және тартымлы, жағымлы болып келеди.
Шығарманың композициясына үйлеспейтуғын артықмаш эпизодлар, керексиз сүўретлемелер, айрықша хызмети жоқ қопыраған деталлар, сюжеттиң бас бағдарынан адасып қапталға шығынып кетиўлер Ш.Уснатдиновта ушыраспайды дерлик. Булар, әлбетте, оның жазыўшылық шеберлигинен дәрек береди.Көркем шығармадағы тил мәденияты оның журналистлик хызметинен өткен болса керек.
Журналистлик талант пенен жазыўшылық талант Ш.Уснатдиновтын романларында, повестлеринде, очерклеринде қарысып, синтезленип, айрықша бир стильди пайда еткен. Усындай стильди журналистикадан көркем әдебиятқа өткен жазыўшылар Ө.Хожаниязовтың, С.Салиевтиң, Ә.Атажановтың, А.Садықовтың шығармаларында байқаў мүмкин.
Жоқарыда Ш.Уснатдиновтың талантының бир қыры жумысты ҳәм оны орынлайтуғын хызметкерлерди, қәнигелерди шебер шөлкемлестириў уқыбына ийе екенлигинде деп атап өткен едик. Оның журналистика хызметин шөлкемлестириў таланты республикалық газеталардың бөлим баслығы, жуўаплы хаткери, бас редакторы орынбасары, бас редакторы, баспа директоры лаўазымларында ислегенинде көрине баслаған еди.
Ол журналистикаға ықласы, уқыбы бар, талант ушқыны бар жасларды жазбай танып, оларды ушығаның қыйқымын тергендей етип жыйнады, жәмледи, жумысқа уйретти, шынықтырды, тәрбиялады. Олар соңында белгили ҳәм тәжирийбели журналистлер болып жетилисти.
Олардан белгили журналистлер Абдулла Хәбийпов, Атажан Халмуратов, Елмурат Байназаров, Өтебай Нурпейисов, Бухарбай Тилеўмуратов, Оразбай Әбдирахманов, Өмирбай Өтеўлиев, Пердегүл Хожамуратоваларды атап өтсек болады.Олардың ҳәр бири өзиниң журналистлик хызмети менен жәмийетлик пикирлер оята алатуғын ҳәм оларды қәлиплестире алатуғын жетекши журналистлер болып жетилисти.
Ш. Уснатдиновтың шөлкемлестириўшилик уқыбы, мийнеткешлиги, ел хызметине пидайылығы, халқына садықлығы журналистика хызмети шегарасынан республикалық үлкен көлемдеги аўыр хызметлерге алып келди.
Ол областлық партия комитетиниң идеология бойынша секретары, Нөкис қаласы ҳәкими, Өзбекстан Республикасы Мәденият министриниң орынбасары, Қарақалпақстан Республикасы Коммуналлық хызмет көрсетиў министри, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының баспасөз хаткери, Қарақалпақстан Республикасы Руўхый үгит-нәсият орайының баслығы лаўазымларында пидайылық пенен ислеп, табыслы хызметлер атқарды.
Оның халыққа пидайы хызметлери ҳүкиметимиз тәрепинен жоқары баҳаланып “Эл-юрт ҳурмати” ордени менен сыйлықланды. Бул дизип өткен қурғақ мағлыўматлардың ҳәр бириниң астында қаншелли мийнет, машақат жатырғанын, қаншелли маңлай тер төгилгенин аңлаўға болады.
Ш.Уснатдинов әмел текшелериниң қаншелли бийигине шықса да, қаншелли үлкен лаўазымларда ислесе де өзине туўысқандай болып қалған журналистиканы умытқан жоқ. Себеби, журналистиканы сүйиў менен бирге оның халықтың руўхый дүньясын байытатуғын, ойлаў, пикирлеў шегарасын кеңейтетуғын, халыққа мәнәўий хызмет ететуғын әжайып қурал екенин жақсы билетуғын еди.
Сонлықтан ол ўақтының тығызлығына, дөретиўшилик хызмет пенен шуғылланыў шараятларының қолайсызлығына қарамастан мазмунлы повестлер, очерклер жазып турды. Ш.Уснатдинов ҳәр қандай қыйын шараятларда да өзин жоғалтып алмайтуғын, дөретиўшилик хызметке өзин жеге алатуғын, ерк-ықрары беккем, руўхы мудамы тетик жүретуғын адам еди. Ҳәзил-дәлкек, рети менен той-тамашаларға қатнасыў, әңгимелерди палын тамызып айтып бериў оның инсаныйлық пазыйлетлериниң бир қыры еди. Усындай көринисине қарап Шарап ағаның турмысын жақсы билмейтуғынлар “төрт түлиги сай, төрт тәрепи қубла адам екен” деп ойлаўы мүмкин.
Тәғдирдиң аўыр соққылары жақсыға да, жаманға да тап бола береди. Шарап аға да қуданың бир бендеси ретинде бундай соққыларды бастан кеширди. Оның ер жетип қатарға қосылған бир улы, бир қызы тәғдир соққысына тап болып, биймезгил бул дүньядан көз жумған еди. Бирақ, Шарап аға өзин жоғалтпай беккем тутып, шаңарақ ағзаларына да тәселле берип, руўхый шыдамлылықтың, шүкирликтиң үлгисин көрсете алды.
Қаншелли қыйын болса да, ол дөретиўшилик жумысты таслаған жоқ. Мудамы ис бабында, мудамы халық хызметинде болды. Ел хызметиниӊ қайсы тараўында жүрсе де, ѳмирдиӊ не бир сынақлары, соққылары басқа түскенде де Шарап ағаныӊ ѳмирлик жолдасы Саятхан мудамы оныӊ басы-қасында болды. Ол аты сѳнип баратырса алыстырып жиберетуғын, тасып баратырса отын тартып қоятуғын ақыллы, ер жигиттиӊ нағыз жубайы, жолдасы болды. Шарап ағаныӊ табысларға ерисиўинде, әлбетте, усы ҳаялдыӊ кѳп хызмети, үлеси бар.
Шарап Уснатдинов- ортанқолдай үш ғайраткердиң хызметлерин, яғный үш өмирдиң хызметин бир өмирге жайластырған өз алдына әжайып ғайраткер. Ол журналистикалық хызметти, көркем-әдебий хызметти, сиясий- жәмийетлик хызметти бир өзиниң бойына, ойына жайластырып, жан себил болып хызмет етти.
Ҳәзирги әўлад өзинен бурынғы усындай руўхы күшли, мақсет-нийети дүзиў, мийнеткеш, пидайы, халқына садық азаматлардан үлги алса, олардың мазмунлы өмиринен сабақ алса, күтә мақул болады. Ақыры, жаслар жақсыға қарап өсиўи керек.
Қурбанбай Жәримбетов
Филология илимлериниң докторы, профессор,
Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери.
Similar news
Ансатбаев Нажиматдин Ansatbaev Najimatdin
Қарақалпақстанда хызмет көрсеткен артист, Өзбекстан халық артисти, Бердақ атындағы мәмлекетлик
Вокал артисти Назарымбетов Базарбай Матжанович
Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист
ФОТО ГАЛЕРЕЯ, PHOTO GALLERY
Театр тарийхына - 90 жыл, 1926-2016
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры 90 жыл