(97) 789 38 79 (91) 384 70 69 berdax_teatr@mail.ru TG KK UZ RU EN
Регистрация
все шаблоны для dle на сайте newtemplates.ru скачать

Полат Айтмуратов

orazbay 24-03-2022, 14:24 394 Theater directors / Teatr direktorları / Директоры театра / Teatr direktorlari


Полат Айтмуратов

Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен көркем өнер ғайраткери

 

Актёр ҳәм режиссёр, драматург, сценарист, қәбилетли ҳәм талапшаӊ басшы, Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен көркем өнер ғайраткери Полат Айтмуратов 1961-жылы 23-январда Шымбай районында туўылған.

 Балалығынан көркем өнерге қызығыўшылығы болған П.Айтмуратов Шымбай районлық орта мектепти питкергенне соӊ 1978-1982-жыллар Ташкент театр ҳәм сүўретлеў институтында актёрлық шеберлигинен тәлим алып, театр тараўындағы биринши жумысын С.Хожаниязов атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында актёр лаўазымында ислеўден баслады. 

Ол 1985-1986-жыллар Бозатаў районлық мәденият бөлим директоры, 1987-1988-жыллар Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги репертуар бөлими хаткери, 1993-1999-жылларда Қарақалпақ мәмлекетлик Қуўыршақ театры директоры, 1999-2000-жыллар Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик музыкалы театры директоры, 2000-2003-жылларда Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри орынбасары, 2003-2017-жылларда Қарақалпақ мәмлекетлик Қуўыршақ театры директоры, 2017-2018-жыллар Қарақалпақстан Республикасы Мәденият ислери министри, 2018-жылдан баслап Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында директор болып ислеп келмекте.

 Ол Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрына директор етип тайынланғанынан соӊ театрға көп жаӊалықлар киритти. Еӊ алды менен театр репертуарын түптен жаӊалап, миллий ҳәм жәҳән классик шығармаларыныӊ еӊ ағла үлгилери репертуардан орын алды. Солардан, А.С.Пушкинниӊ «Цыганлар» поэмасы тийкарында «Алеко», Ч.Айтматовтыӊ «Әсирге татырлық күн» романы тийкарында А.Абдуназаров ҳәм А.Султановлардыӊ «Искенже», япон халық ертеги тийкарында Дзюндзи Киноситаныӊ «Тырна пәрлери», В.Шекспирдиӊ «Ромэо ҳәм Жулетта», Рей Кунидиӊ «Қара дипломат» ҳәм миллий драматургиядан Ж.Махмудтыӊ «Садық дослар», Б.Айтмуратовтыӊ «Мойнақта бахыттыӊ таӊлары атты», А.Қодирийдиӊ «Меҳрабтан шаян», А.Султановтыӊ «Ўатан топырағы» ҳәм басқа да спектакллер табыслы сахналастырылды.

 Дерлик 40 жылдан берли халқымыздыӊ мәденияты ҳәм көркем өнерин раўажландырыўға, әсиресе, қарақалпақ театр өнериниӊ раўажланыўына өзиниӊ күш-ғайратын аямастан мүнәсип үлес қосып киятырған П.Айтмуратов мәдений мәкемелерге басшылық етиў менен бирге драматургия саласында да қәлем тербетип, ол жазған пьесалар театрымыз сахналарында табыслы сахналастырылмақта. Оныӊ ҳәр бир дөретпесинде ғәрезсизлик идеялары, миллийлик, ўатанпәрўарлық, дослық, мийнетке сүйиспеншилик, миллий қадириятларымызды үгит-нәсиятлаў ҳәм руўхый бәркамаллық туйғылары сәўлеленеди. 

Ол өзбек ҳәм қарақалпақ халқыныӊ өзине тән миллий көркем өнерин сиӊдириў ҳәм усы халықлардыӊ өз-ара байланысын театр сахналарында жарытыўда шын ықласы менен мийнет етип киятырған дөретиўши инсан болып табылады. Драматургия тараўындағы излениўлери даўамында 1989-жылда жазган «Сўйинши» спектакли С.Хожаниязов атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында саҳналастырылып, Ташкент қаласында өткизилген жас тамашагөйлер театрлаты фестивалы ҳәм Хорезм ўәлаятында Қарақалпақстан әдебияты ҳәм көркем өнери, мәденият күнлеринде қатнасып, үлкен жетискенликлерге ерискен. «Ойнақлаған от басар» (1995), «Дәслепки муҳаббат» (2003) пьессалары ҳәм жас тамашагөйлер театрында «Атам айтқан әпсана» пьесаси Қарақалпақ мәмлекетлик қуўршақ театрында(2003), «Шайтанныӊ наласы»пьесасы Аброр Ҳидоятов атындағы Өзбекстан мәмлекетлик драма театрында (2005) саҳналастырылып 2005-жылда Буҳара қаласында өткизилген Өзбекстан қуўршақ театрларыныӊ дәстурий  VII-фестивалында «Еӊ жақсы драматургия ушын» номинациясы жеӊипазы болды.  2011-жылы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик музыкалы театрында сахналастырылған жас фермер ҳәм оныӊ искерлиги ҳақкындағы «Талаплығы нур жаўар» пьесасы сол жылы спектакль менен «Сени жырлаймыз, заманлас!» Өзбекстан театрларыныӊ I Республикалық көрик фестивалына қатнасып жоқары орынды ийеледи.

П.Айтмуратов тек ғана сахналық шығармалар жазып қоймастан, телевидение ушын да сценарийлер жазды ҳәм олар «Аталар сөзи - ақыл», «Өмир сабақлары» атлы телефильмлерде эфирге берип барылды. Турмыстыӊ ҳәр қыйлы сынаўларында тапланатуғын инсанлардыӊ тәғдири сәўлеленген бул фильмлер көп санлы телетамашагөйлерине ийе болды. Қарақалпақ киноиндустриясында дәслепки «Бир достыӊ болсын» атлы көп сериалы фильм сүўретке алынып, П.Айтмуратов қәлемине тийисли бул сериал халқымыз тәрепинен унамлы күтип алынды ҳәм дәслепки сериал сәтли шықты. 

2020-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында сахналастырылған П.Айтмуратовтыӊ «Аўылға қайтыў» ҳәм «Устаз тәғдири» спектакллери табыслы шыққан ҳәм тамашагөйлер тәрепинен жақсы күтип алынған спектакллерден болды. 2020-жылдыӊ жуўмағы бойынша Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилген «Эҳтиром-2020» сыйлықлаў мәресиминде “Жылдыӊ еӊ жақсы спектакли” номинациясы менен “Устаз тәғдири” спектакли сыйлықланды. 

П.Айтмуратов сахналық шығармалар, киносценарийлер жазыў менен бирге Республикамызда турақлы түрде өткерилип киятырған “Ғәрезсизлик”, “Наўрыз” ҳәм басқа да байрам сәнелерине бағышланған илажларға сценарийлер жазып, сценарий тийкарында концерт ҳәм байрам илажлары жоқары дәрежеде өткерилип келинбекте

Similar news

Театр тарийхына - 90 жыл, 1926-2016

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры 90 жыл

10.10.20 История театра / teatr-tarihi / History of the theatre / Teaтр тарийхы - КК
Театрға 90 жыл 1926-2017

14.02.22 История театра / teatr-tarihi / Teaтр тарийхы - КК
Театр тарийхи ҳақида маълумот

09.10.20 История театра / teatr-tarihi / History of the theatre / Teaтр тарийхы - КК
Айтмуратов Полат

Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен көркем өнер ғайраткери, драматург

17.10.20 Nuraniyler / Faxriylar / Ветераны / Veterans
Айтмуратов Полат

2017-2018-годы-Министр культуры Республики Каракалпакстан

01.04.22 Ministers of Culture of the RK / QR Mádeniyat ministrleri / Министры культуры РК / QR Madaniyat vazirlari