ХУДАЙБЕРГЕНОВ КӘРИМБАЙ
orazbay 29-03-2022, 11:00 496 Ministers of Culture of the RK / QR Mádeniyat ministrleri / Министры культуры РК / QR Madaniyat vazirlariХУДАЙБЕРГЕНОВ КӘРИМБАЙ
Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери,
философия илимлериниң докторы, профессор.
1967-1973 жыллары Қарақалпақстан Республикасы мәденият министри
(01.01.1926-19.07.1992)
Худайбергенов Кәримбай 1926-жылы 1-январьда Қарақалпақстан Республикасының Кегейли районы Халқабад аўылында туўылды. Оның әкеси Аекеев Худайберген Халқабад пахта пунктинде рабочий болып ислеген. Жас Кәримбай ертеден турмыстың ашшы-душшысын таныўға мәжбүр болды. Ол енди 3-4 жасларына келгенде анасы Жуманазарова Паршагүл дүньядан көз жумды, әкеси 1943-жылы Свердлов областының Первоуральск қаласында әскерий санаат кәрханаларынан биринде мәжбүрий мийнет ислеп жүргенде қайтыс болды. Буларға урыс дәўириниң қыйыншылықлары, инисинен, кейинирек қыз апасынан айрылыў қосылды. Кәримбай 1934-1944-жыллары аралығында Халқабадтағы орта мектепте оқыды, 9 классты питкерди. Турмыс оны ертеден писип жетилисиўге, қатарға қосылыўға мәжбүр етти.
Шаңарақта бағыўшысының жоқлығына байланыслы Кәримбайға жаслай жумысқа араласыўға туўра келди. Ол 1942-жылы сентябрь айында Куйбышев районлық комсомол комитетиниң есап бөлиминиң баслығы болып иске кирди. Бунда әлбетте, жас болса да, Кәримбайдың жуўапкерли жумысты атқара алатуғын уқыпларының бар екенлиги басшылыққа алынды.
К.Худайбергенов 1944-жылы январь айында Куйбышев районлық халық депутатлары Кеңесиниң атқарыў комитетиниң жуўаплы хаткери етип сайланды. Сол жылы август айында областлық партия комитети тәрепинен ӨзКП Орайлық Комитетиниң жанындағы бир жыллық партия мектебине оқыўға жиберилди. Оны питкерип үлгерместен-ақ, 1945-жылы март айында армия қатарына шақырылды.
Бес жыл даўамында әскерий хызметте болып қайтқаннан кейин, 1950-жылдың март айынан баслап, тағы Куйбышев районлық халық депутатлары Кеңесиниң атқарыў комитетиниң жуўаплы хаткери лаўазымында ислей баслады. 1950-жылы ноябрь айында биринши рет районда газета редакциясы шөлкемлестирилди. Сол районлық “Алғабас” газетасының биринши редакторы етип К.Худайбергенов бекитилди. 1951-жылы сентябрь айында еки жыллық республикалық партия мектебине дилмаш – редактор қәнигелиги бойынша оқыўға жолланба алды, бул мектепти 1953-жылы август айында питкерди. Оқыўды табыслы тамамлап келгеннен кейин К.Худайбергенов областлық партия комитетиниң аппаратында жуўапкерли лаўазымларда иследи. Дәслеп пропаганда бөлиминиң инструкторы, партия органлары бөлиминиң баслығының орынбасары, административлик ҳәм саўда-финанс органлары бөлиминиң баслығы, соңынан пропаганда ҳәм агитация бөлиминиң баслығы болды.
Ол 1957-жылы август айында жоқары билим алыў ушын Ташкент Жоқары партия мектебине жиберилди. Бирақ 1959-жылы декабрь айында К.Худайбергеновтың ис билерменлиги, принципиаллығы адамларға басшылық ете алыў уқыплары есапқа алынып, ол оқыўдан 3-курстан шақырып алынды ҳәм Нөкис қалалық халық депутатлары Кеңесиниң атқарыў комитетиниң баслығы лаўазымына сайланды. Оның еки жылға шамалас усы жумысты инабат пенен атқарғанын, қалада көзге көринерлик абаданластырыў ҳәм қурылыс жумысларын шөлкемлестиргенлигин Нөкис қаласының турғынлары ҳәзир де еслейди. К.Худайбергенов 1961-1962 жыллары республикалық “Совет Қарақалпақстаны” газетасының бас редакторы, 1962-1963-жыллары ҚҚАССР Мәденият министрлигиниң мәдений-ағартыў мәкемелери бөлиминиң баслығы лаўазымларында иследи.
К.Худайбергенов 1963-жылы сентябрь айынан баслап Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтына педагогикалық жумысқа өтти. Философия кафедрасында дәслеп оқытыўшы, аға оқытыўшы, соңынан кафедра баслығы лаўазымында иследи.
Қарақалпақстан АССР Жоқары Кеңеси Президиумының Пәрманы менен 1967-жылы декабрь айында К.Худайбергенов Қарақалпақстан АССРы мәденият министри етип бекитилди. Ол мәденият министри болып ислеген жыллары қарақалпақ мәдениятында айтарлықтай алға илгерилеўлер болды. Мәмлекетлик театрдың, мәмлекетлик филармонияның, улыўма мәдений-ағартыў мәкемелериниң материаллық техникалық базасы беккемленди. Ташкент ҳәм басқа қалаларда қарақалпақ әдебияты ҳәм искусствосының күнлери өткерилди. Автоном республиканың театраллық ҳәм музыкалық искусствосының шеберлери өзбек әдебияты ҳәм искусствосының сол ўақыттағы қоңсылас республикаларда өткерилген Декадаларында жеделли қатнасты.
Мәмлекетлик филармонияның қосық ҳәм ойын ансамбли, мәмлекетлик театрдың жәмәәти қарақалпақ руўхый мәдениятын Россия, Украина, Белоруссия, Азербайжан, Қазақстан, Түркменстан және де басқа еллерде нәсиятлаў бойынша көплеген унамлы иләжларды әмелге асырды. К.Худайбергенов 1973-жылдың январь айынан 1974-жылдың январына шекем Республика Министрлер Кеңеси жанындағы кинофикация басқармасының баслығы болып ислеп аймағымызда мәдений-ағартыў жумысларын раўажландырыўға үлес қосты. К.Худайбергенов мәденият министри ҳәм кинофикация басқармасының баслығы болып ислеген алты жылдан аслам дәўирде өзин қарақалпақ мәдениятының ҳақыйқый әменгери сыпатында көрсетти, оның бул дәўирдеги ибратлы ислери зыялыларымыз ядында ҳәзирге шекем беккем сақланып келмекте.
Усы дәўирде республикамыздыӊ мәдений турмысында бир қатар жаӊаланыӯлар болды. «Қырқ қыз» дуӯтаршы қызлар ансамблиниӊ дүзилиӯи, ол ушын қарақалпақ миллий дуӯтарыныӊ өндиристе ислеп шығарыӯға қойылғанлығы, халық сазлары оркестринин қайта ашылыӯы (алдын қандай да бир себеплер менен жабылып қалған), миллий ҳәм жәҳан классикалық драматургиясыныӊ шығармаларыныӊ, соныӊ ишинде «Ахмақ патша», «Наўайы Астрабадта» пьесалары, Шекспирдиӊ «Отелло» сыныӊ сахналастырырылыӯы, театрдыӊ курылысыныӊ басланыӯы К.Худайбергеновтыӊ басламасы менен болған. Қарақалпақ сахнасында опера ҳәм балет шығармаларынын қойылыӯы ушын «Қырқ қыз»дың опера ҳәм балетиниӊ либреттосы таярланған. Буныӊ ушын, өзимиздиң жас актер,режиссер, қосыкшы ҳәм аяқ ойыншыларымызды Россияның Москва, Ленинград (Санк-Петербург), сондай-ақ Алматы, Ташкент қалаларындағы атақлы театрларға (МХАТ, Большой театр, ГИТИС, консерваторияларға) актерлық ҳәм режиссёрлық курсларына стажировкаларға жиберип, жоқары қәнийгели кадрларды таярлаӯды жолға қойған.
К.Худайбергенов мәденият тараӯын басқарған жылларын өмириниӊ еӊ мазмунға бай болған бир бөлеги сыпатында қәдирлеген.
К.Худайбергенов Мәданият министрлигинен қайтқаннан кейин, 1974 жылдан өмириниң ақырына дейин илимий-изертлеў ҳәм педагогикалық тараўда жумыс алып барды. 1974-1979 жылларда Қарақалпақ мәмлекетлик университети философия кафедрасының баслығы, 1975 жылдан доцент, 1988 жылдан профессор, 1990 жылы философия илимлери докторы илимий дәрежесине ийе болып, өмириң ақырына шекем философия ҳәм мәденият тарийхы кафедрасының баслығы лаўазымында иследи.
К.Худайбергеновтың илимий, педагогикалық ҳәм жәмийетлик ислери халқымыз тәрепинен жоқары баҳаланды. 1976-жылы оған “Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери” ҳүрметли атағы берилди. Еки мәртебе “Ҳүрмет белгиси” ордени, “Мийнет ветераны” ҳәм басқада медаллар, бир неше мәртебе Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңеслериниң Президиумларының Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.
Профессор К.Худайбергенов республиканың белгили шебер дилмашларынан бири еди. Ол бир неше философиялық, жәмийетлик-сиясий ҳәм драмалық шығармаларды орыс тилинен қарақалпақ тилине аўдарды ҳәм баспадан шығарды, бир қанша аўдармаларға жуўапкер редакторлық етти.
К.Худайбергенов 1992 жылы 19 июль күни узақ кеселлениўден соң, дүньядан өтти.
Белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, философия илимлериниң докторы, Қарақалпақстан Республикасына мийнети синген илим гайреткери, профессор Кәримбай Худайбергеновтың аты елимиздиң материаллық ҳәм руўхый мәдениятын раўажландырыўға өзиниң барлық күш-ғайратын ҳәм талантын жумсаған, Қарақалпақстанда философия тарийхы илиминиң қәлиплесиўине тийкар салған ҳәм оның раўажланыўына биринши болып салмақлы үлес қосқан, республикамызда жоқары билимли қәнигелерди таярлаўда үлкен орны бар инсан сыпатында халқымыз тарийхында мәңгиге қалады. Нөкис қаласында оның жасаған көшесине, Халқабад қаласындағы ол оқыған орта мектепке Кәримбай Худайбергенов атының қойылыўы халқымыздың жәмийетлик ғайраткер, илимпаз педагог улына болған ҳүрметиниң айқын көриниси болып табылды.
Профессор К.Худайбергеновтың илмий мийнетлери:
1. Монографиялар
1. Этические воззрения каракалпакских мыслителей. // “Каракалпакстан”, 1967, 10 б.т.
2. Общественно-политические и философские взгляды каракалпакских мыслителей XIX начала XX в. // “Каракалпакстан”, 1975, 16,45 б.т.
3. Неисчерпаемый клад мыслей. // “Каракалпакстан”, 1984, 10,5 б.т.
4. Мировоззрение Бердаха. // “Каракалпакстан”, 1987, 20,39
5. Бердах великий мыслитель каракалпакского народа (на каракалпакском языке) // “Каракалпакстан”, 1987, 1,2 б.т
6. Развитие общественно-политической и философской мысли в Каракалпакстане в XIX начала XX в. // “Каракалпакстан”, 1990, 16,5 б.т.
2. Журналлардағы мақалалар
1. К некоторым вопросам мировоззрения Бердаха. (на каракалпакском языке) // Журнал “Амударья” №12, 1975, 1,5
2. Об этических воззрениях каракалпакских поэтов-демократов (на каракалпакском языке) // Журнал “Амударья” №10, 1976, 1,2
3. Об основных периодах развития прогрессивной общественно-политической и философской мысли в Каракалпакстане в XIX и начала XX в. // Журнал “Общественные науки в Узбекистане”, №6, 1976, 1
4. Бердах – великий мыслитель каракалпакского народа. (на каракалпакском языке) // Журнал “Амударья” №11, 1977, 1,5
5. Философские идеи в произведениях Ажинияза. (на каракалпакском языке) // Журнал “Амударья” №3, 1990, 1
6. Маданий меросни ва тарихий-фалсафий тадқиқот муоммоларини ўрганиш масалаларини муҳокамаси. “Доира столи” атрофида суҳбатлар. //
3. Газеталарда шыққан мақалалар
1. За качество преподавание общественных дисциплин. (на каракалпакском языке) // Газета “Совет Каракалпакстаны”, 6.02.1965, 0,4 б.т.
2. Полезный разговор о врачебной этике. // Газета “Совет Каракалпакия”, 1.03.1966, 0,2 б.т.
3. Нравственность честного труда. (на каракалпакском языке) // Газета “Совет Каракалпакстан”, 27.09. 1967, 0,75 б.т.
4. Демократ шайырлардың этикалық көз-қараслары. // Газета “Совет Каракалпакстан”, 30.11. 1967, 0,70 б.т.
5. Праздник культуры (на каракалпакском языке). // Газета “Совет Каракалпакстан”, 29.01.1968., 0,3 б.т.
6. Братство культур. // Газета “Правда Востока”, 2.01. 1969., 0,3 б.т.
7. Праздник культуры -источник вдохновения. // Газета “Вечерний Ташкент”, 3.03. 1969., 0,3 б.т.
8. К новым достижениям в культуре (на каракалпакском языке). // Газета “Совет Каракалпакстан”, 31.12.1968., 0,75 б.т.
9. К вершинам передовой культуры. // Газета “Советская Каракалпакия”, 8.01.1971., 0,5 б.т.
10. Расцвет культуры. // Газета “Правда Востока”, 12.02.1971., 0,5 б.т.
11. Торжество равноправных народов (на каракалпакском языке). // Газета “Совет Каракалпакстан”, 14.06.1971., 0,5 б.т.
12. Об эстетическом воспитании. (на каракалпакском языке). // Газета “Совет Каракалпакстан”, 25.07.1974., 0,3 б.т.
КАРИМБАЙ ХУДАЙБЕРГЕНОВ
Заслуженный деятель науки Республики Каракалпакстан, доктор философских наук, профессор
В 1967-1973 годы Министр культуры Республики Каракалпакстан
Худайбергенов Каримбай родился 1 января 1926 года в ауле Халкабад Кегейлийского района Республики Каракалпакстан. Его отец, Аекеев Худайберген, был рабочим в Халкабадском хлопкоприемном пункте. Когда ему было 3-4 года, ушла из жизни его мать Джуманазарова Паршагуль, а отец погиб в 1943 году в городе Первоуральск Свердловской области, работая на одном из военных заводов, в трудовом батальоне. К этому добавились тяготы военного времени, потеря младшего брата, а позже и сестры. С 1934 по 1944 год Каримбай учился в средней школе в Халкабаде, окончил 9 классов. Юному Каримбаю пришлось с самого раннего возраста познать все тяготы быта. Жизнь заставила его рано повзрослеть
Из-за отсутствия в семье кормильца Каримбай был вынужден работать уже с юных лет. В сентябре 1942 года начал работать заведующим расчетного отдела Куйбышевского райкома комсомола. При этом, безусловно, был принят во внимание тот факт, что несмотря на молодость, Каримбай обладал способностью выполнять ответственную работу. В январе 1944 г. К.Худайбергенов был избран ответственным секретарем исполнительного комитета Совета народных депутатов Куйбышевского района. В августе того же года обкомом партии он был направлен на учебу в одногодичную партшколу при Центральном комитете УзКП. Его призвали в армию в марте 1945 года, прежде чем он успел закончить обучение. После возвращения из военной службы, которая длилась в течение пяти лет, начиная с марта 1950 года, он вновь приступил к работе ответственным секретарем исполкома Совета народных депутатов Куйбышевского района. В ноябре 1950 года впервые в районе была организована редакция газеты «Алгабас». К.Худайбергенов был назначен редактором этой районной газеты. В сентябре 1951 года был направлен в республиканскую двухгодичную партшколу для обучения на специальность редактора-переводчика, которую окончил в августе 1953 года. После успешного окончания учебы К. Худайбергенов работал на ответственных должностях в аппарате обкома партии. Начинал с должности инструктора отдела пропаганды, затем работал в должности заместителя, заведующего отделом партийных органов, начальника отдела административных и торгово-финансовых органов, начальника отдела пропаганды и агитации.
В августе 1957 года он был направлен в Ташкентскую высшую партийную школу, для получения высшего образования. Однако в декабре 1959 года с учетом его деловых качеств, принципиальность, умение руководить людьми, К.Худайбергенов был вызван с 3-го курса обучения и назначен на должность председателя городского исполкома Нукусского Совета народных депутатов.
Жители города Нукуса до сих пор вспоминают, как он почти два года с честью выполнял свою работу, провел большую работу по строительству и благоустройству города.
В 1961-1962 годах К.Худайбергенов работал главным редактором республиканской газеты «Совет Каракалпакстаны», в 1962-1963 годах – начальником отдела по делам культурно-просветительских учреждений Министерства культуры Республики Каракалпакстан
В сентябре 1963 года К.Худайбергенов поступил на работу в Каракалпакский государственный педагогический институт преподавателем. Работал ассистентом, старшим преподавателем, а затем заведующим кафедрой. В 1967 году защитил кандидатскую диссертацию на тему «Этические взгляды каракалпакских поэтов-мыслителей»
В декабре 1967 г. Постановлением Президиума Верховного Совета Каракалпакской АССР К. Худайбергенов был утвержден на должность Министра культуры Каракалпакской АССР.
За годы, когда он занимал пост министра культуры, каракалпакская культура достигла значительных успехов. Укреплена материально-техническая база государственного театра, государственной филармонии и других культурно-просветительских учреждений. В Алматы, Баку, Ташкенте и других городах прошли Дни каракалпакской литературы и искусства. Мастера театрального и музыкального искусства автономной республики активно участвовали в Декадах узбекской литературы и искусства, проводившихся в то время в соседних республиках. Ансамбль песни и танца Государственной филармонии, коллектив Государственного театра представляли каракалпакскую духовную культуру и искусство в России, Украине, Белоруссии, Азербайджане, Казахстане, Туркменистане и других странах.
С января 1973 г. по январь 1974 г. К.Худайбергенов способствовал развитию культурно-просветительской работы в нашем регионе, работая заведующим отделом кинематографии при Совете Министров Республики Каракалпакстан. К.Худайбергенов проявил себя как настоящий энтузиаст каракалпакской культуры за более чем шестилетнюю работу министром культуры и заведующим отделом кинематографии, образцовая работа, проведенная им в тот период, до сих пор прочно сохранилась в памяти нашей интеллигенции.
В этот период в культурной жизни нашей республики произошел ряд изменений. По инициативе К. Худайбергенова был создан ансамбль девушек-дутаристок «Кырык кыз», в связи с этим было налажено производство дутара – каракалпакского музыкального инструмента, возобновлена работа оркестра каракалпакских народных инструментов (ранее он был закрыт по определенным причинам), ставились постановки по мотивам произведений национальной и мировой классической драматургии, в том числе спектакли «Акмак патша» и «Навои Астрабадта».
А также на сцене театра была поставлена трагедия "Отелло" Шекспира, началось строительство нового театра. Для исполнения оперных и балетных произведений на сцене каракалпакского театра было подготовлено либретто оперы и балета «Сорок девушек». Для этого наши молодые актеры, режиссеры, вокалисты и танцоры был направлены в стажировку на актерские и режиссерские курсы в известные театры городов Москва и Ленинград (Санкт-Петербург) в России (МХАТ, Большой театр, ГИТИС, консерватории), а также Алматы и Ташкент, в целях подготовки высоко- квалифицированных кадров.
К.Худайбергенов дорожил духовным наследием народа, любил богатую культуру и искусство родного края и считал этот период своей деятельности самым значимым.
После ухода из Министерства культуры, К.Худайбергенов с 1974 года до конца жизни работал в научно-исследовательской и педагогической сфере. В 1974-1979 годах он был заведующим кафедрой философии Каракалпакского государственного университета, в 1975 году получил ученое звание доцента, в 1988 году - профессора, в 1990 году защитил диссертацию на соискание степени доктора философских наук и до конца своей жизни работал заведующим кафедрой истории философии и культуры.
Научная, педагогическая и общественная деятельность К.Худайбергенова была высоко оценена руководством республики. В 1976 году ему было присвоено почетное звание «Заслуженный деятель науки Республики Каракалпакстан». Он дважды был награжден почетным орденом «Знак Почета», медалью «Ветеран труда» и другими медалями, а также был несколько раз награжден Почетными грамотами Президиума Верховного Совета Республики Узбекистан и Республики Каракалпакстан.
Профессор К.Худайбергенов был одним из известных искусных переводчиков республики. Он перевел с русского на каракалпакский язык и издал ряд философских, общественно-политических и драматических работ, был ответственным редактором нескольких переводов.
К.Худайбергенов ушел из жизни 19 июля 1992 года после продолжительной болезни.
Имя известного государственного и общественного деятеля, ученого, доктора философских наук, профессора, заслуженного деятеля Республики Каракалпакстан Каримбая Худайбергенова, который отдал все свои силы и талант развитию материальной и духовной культуры нашей страны, внес значительный вклад в развитие философско-исторической науки в Каракалпакстане, навсегда останется в истории государства и памяти нашего народа. В городе Нукусе его именем была названа улица, где он жил, в городе Халкабад – школа, где он учился, и все это является ярким проявлением уважения нашего народа к своему сыну - общественному деятелю, ученому и педагогу.
Научные труды профессора К.Худайбергенова:
1. Монографии
1. Этические воззрения каракалпакских мыслителей. // “Каракалпакстан”, 1967, 10 п.л.
2. Общественно-политические и философские взгляды каракалпакских мыслителей XIX начала XX в. // “Каракалпакстан”, 1975, 16,45 п.л.
3. Неисчерпаемый клад мыслей. // “Каракалпакстан”, 1984, 10,5 п.л.
4. Мировоззрение Бердаха. // “Каракалпакстан”, 1987, 20,39
5. Бердах великий мыслитель каракалпакского народа (на каракалпакском языке) // “Каракалпакстан”, 1987, 1,2 п.л
6. Развитие общественно-политической и философской мысли в Каракалпакстане в XIX начала XX в. // “Каракалпакстан”, 1990, 16,5 п.л.
2. Статьи, опубликованные в журналах
1. К некоторым вопросам мировоззрения Бердаха. (на каракалпакском языке) // Журнал “Амударья” №12, 1975, 1,5
2. Об этических воззрениях каракалпакских поэтов-демократов (на каракалпакском языке) // Журнал “Амударья” №10, 1976, 1,2
3. Об основных периодах развития прогрессивной общественно-политической и философской мысли в Каракалпакстане в XIX и начала XX в. // Журнал “Общественные науки в Узбекистане”, №6, 1976, 1
4. Бердах – великий мыслитель каракалпакского народа. (на каракалпакском языке) // Журнал “Амударья” №11, 1977, 1,5
5. Философские идеи в произведениях Ажинияза. (на каракалпакском языке) // Журнал “Амударья” №3, 1990, 1
6. Маданий меросни ва тарихий-фалсафий тадқиқот муоммоларини ўрганиш масалаларини муҳокамаси. Беседа у “Круглого стола”. //
3. Статьи, опубликованные в газетах
1. За качество преподавание общественных дисциплин. (на каракалпакском языке) // Газета “Совет Каракалпакстаны”, 6.02.1965, 0,4 п.л.
2. Полезный разговор о врачебной этике. // Газета “Совет Каракалпакия”, 1.03.1966, 0,2 п.л.
3. Нравственность честного труда. (на каракалпакском языке) // Газета “Совет Каракалпакстан”, 27.09. 1967, 0,75 п.л.
4. Демократ шайырлардың этикалық көз-қараслары. // Газета “Совет Каракалпакстан”, 30.11. 1967, 0,70 п.л.
5. Праздник культуры (на каракалпакском языке). // Газета “Совет Каракалпакстан”, 29.01.1968., 0,3 п.л.
6. Братство культур. // Газета “Правда Востока”, 2.01. 1969., 0,3 п.л.
7. Праздник культуры -источник вдохновения. // Газета “Вечерний Ташкент”, 3.03. 1969., 0,3 п.л.
8. К новым достижениям в культуре (на каракалпакском языке). // Газета “Совет Каракалпакстан”, 31.12.1968., 0,75 п.л
9. К вершинам передовой культуры. // Газета “Советская Каракалпакия”, 8.01.1971., 0,5 п.л
10. Расцвет культуры. // Газета “Правда Востока”, 12.02.1971., 0,5 п.л
11. Торжество равноправных народов (на каракалпакском языке). // Газета “Совет Каракалпакстан”, 14.06.1971., 0,5 п.л
12. Об эстетическом воспитании. (на каракалпакском языке). // Газета “Совет Каракалпакстан”, 25.07.1974., 0,3 п.л
КАРИМБАЙ ХУДАЙБЕРГЕНОВ
(1926-1992)
Қорақалпоғистон Республикасида хизмат кўрсатган фан арбоби, фалсафа фанлари доктори, профессор
1967-1973 йиллари Қорақалпоғистон Республикаси маданият вазири
Каримбай Худайбергенов – 1926 йилнинг 1 январида Қорақалпоғистон Республикаси Кегейли туманининг Халқобод қишлоғида тӯғилган.
Унинг отаси Аекеев Худайберген Халқобод пахта пунктида оддий ишчи бўлиб ишлаган. Каримбай ёшлигидан ҳаётнинг турли синовларидан ўтишга мажбур бўлди. У 3-4 ёшга тўлганида онаси ҳаётдан кўз юмган бўлса, отаси 1943 йили Свердловск областининг Первоуральск шаҳридаги мудофаа саноат корхоналарининг бирида ишлаб юрган пайтида вафот этди. Буларга уруш даврининг қийинчиликлари, укасидан, кейинчалик опасидан жудо бўлиш қўшилади. Каримбай 1934-1944-йиллар оралиғида Халқободтаги ўрта мактабда ўқиб, 9 синфни тугаллади. Ҳаёт уни вақтли улғайишга, рўзғор тебратиш вазифасини зиммасига олишга мажбур қилди.
Оилада боқувчи йўқлиги туфайли Каримбайнинг ўсмирлик пайтиданоқ ишлашига тўғри келди. У 1942-йилнинг сентябрь ойидан бошлаб Куйбышев тумани ёшлар комитетининг ҳисоблаш бўлимининг мудири лавозимида ишлади. Бунда албатта, Каримбайнинг ёш бўлса да маъсулиятли ишни бажара олиш қобилияти эътиборга олинди. К.Худайбергенов 1944-йилнинг январида Куйбышев тумани халқ депутатлар кенгаши ижроия комитетининг маъсул котиби лавозимига тайинланади. Ушбу йилнинг августида вилоят партия комитети томонидан ЎзКП Марказий Комитети ҳузуридаги бир йиллик партия мактабига ўқишга юборилади. Уни тугаллаб улгурмасидан 1945-йили армия сафига чақирилади ва 1950 -йили ҳарбий хизматдан қайтгандан сўнг яна Куйбышев тумани халқ депутатлар кенгаши ижроия комитетининг маъсул котиби лавозимида ишини давом эттиради.
1950-йили ноябрь ойида Куйбышев туманида илк бор туман газетаси таъсис этилиб, К.Худайбергенов ушбу “Алға бас” газетасига бош муҳаррир бўлиб тайинланади. 1951-йилнинг сентябрида икки йиллик республика партия мактабига таржимон - муҳаррир мутахассислиги бўйича ўқишга юборилади ва бу мактабни 1953-йил август ойида тугаллайди.
Ўқишни муваффақиятли тугатган К.Худайбергенов вилоят партия комитети аппаратида маъсулиятли лавозимларда ишлайди. Хусусан, пропаганда бўлими инструктори, партия органлари бўлим мудирининг муовини, маъмурий ва савдо-молия органлари бўлими бошлиғи, кейинчалик пропаганда ва агитация бўлим бошлиғи бўлиб ишлайди. У 1957-йил август ойида олий таълим олиш учун Тошкент Олий партия мактабига юборилади. Аммо, 1959-йилнинг декабрида К.Худайбергеновнинг ишчанлик, принципиаллик, одамларни бошқара олиш қобилиятлари эътиборга олиниб, у ўқишнинг 3-курсидан чақириб олинади ва Нукус шаҳар ижроия комитетининг раиси лавозимига тайинланади. Унинг қарийб икки йил давомижа ушбу вазифани муваффақиятли бажарганлиги, шаҳарда катта ободончилик ва қурилиш ишларини ташкил қилганлигини Нукус шаҳри турғунлари ҳалигача миннатдорчилик билан эслайди.
К.Худайбергенов 1961-1962 йилларда “Совет Қарақалпақстаны” газетасининг бош редактори, 1962-1963-йилларда Қорақалпоғистон Республикаси маданият вазирлигининг маданий-оқартув муассасалари бўлими бошлиғи лавозимларида ишлайди.
К.Худайбергенов 1963-йил сентябрь ойидан бошлаб, Қорақалпоқ давлат педагогика институтига ишга киради. Философия кафедрасида дастлаб ўқитувчи (ассистент), катта ўқитувчи, кейинчалик кафедра мудири лавозимида фаолият юритади.
1967-йилнинг декабрь ойида Қорақалпоғистон АССР Жоқорғи Кенгаши Президиуми Фармони билан К.Худайбергенов Қорақалпоғистон АССР маданият министри лавозимига тайинланади.
У маданият министри бўлиб ишлаган йилларда сезиларли даражада илгари силжишлар юз берди. Давлат театрининг, филармониясининг, умуман маданий-оқартув муассасаларининг моддий-техник базаси мустаҳкамланди. Тошкент ва бошқа шаҳарларда қорақалпоқ адабиёти ва санъати кунлари ўтказилди. Автоном республиканинг театр ва мусиқа санъати усталари ўша пайтлари қўшни республикаларда ўтказилган ўзбек адабиёти ва санъати Декадаларида фаол иштирок этишди. Давлат филармониясининг ашула ва рақс ансамбли, давлат театри жамоаси қорақалпоқ маънавий бойлиги билаан Россия, Украина, Белоруссия, Азарбайжон, Қозоғистон, Туркманистон ва яна бошқа мамлакатларни таништириш бўйича анча ижобий тадбирларни амалга оширди.
К.Худайбергенов 1973-йилнинг январидан 1974-йилнинг январь ойига кадар Республика Министрлар Совети ҳузуридаги кинофикация бошқармаси раиси лавозимларида ишлаб, минтақамизда маданий-оқартув ишларини ривожлантиришга салмоқли ҳисса қўшди. К.Худайбергенов маданият министри ва кинофикация бошқармаси раиси лавозимларида ишлаган олти йилдан кўпроқ даврда ўзини қорақалпоқ маданиятининг ҳақиқий жонкуяри сифатида намоён қилди, унинг ушбу даврдаги ибратли ишлари зиёлиларимиз хотирасида ҳанузгача сақланиб келмоқда.
Ушбу даврларда республикамизнинг маданий ҳаётида бир қатор янги ишлар амалга оширилди. «Қирқ қиз» дуторчи қизлар ансамбли ташкил қилиниши, ушбу муносабат билан қорақалпоқ миллий дутори ишлаб чиқарилиши йўлга қўйилиши, халқ созлари оркестрининг қайта очилиши (олдин муайян сабабларга кўра ёпилиб қолган), миллий ва жаҳон классик драматургияси асарларининг, шу жумладан, «Ахмоқ подшоқ», «Навои Астрободда» пьесалари, Шекспирнинг «Отелло» сининг сахналаштирилиши, шунингдек, театр қурилиши бошланиши К.Худайбергеновнинг ташаббуси билан амалга оширилган.
Қорақалпоқ сахнасида опера ва балет асарлари қуйилиши учун «Қирқ қиз» опера ва балети либреттоси тайёрланган. Бунинг учун, республикамизнинг ёш актер, режиссер, ашулачи ва ўйинчилари Россиянинг Москва, Ленинград (Санк-Петербург), шунингдек, Олма-ота, Тошкент шаҳарларидаги таниқли театрларга (МХАТ, Большой театр, ГИТИС, консерваторияларга) актерлик ва режиссёрлик курсларига стажировка ўтиш учун юборилиб, юқори малакали мутахассислар тайёрлаш йўлга қўйилган.
К.Худайбергенов маденият соҳасини бошқарган йилларини ҳаётининг энг мазмунга бой бўлган бир қисми сифатида қадрлаган.
К.Худайбергенов Маданият вазирлигидаги фаолиятидан кейин, 1974-йилдан умрининг охиригача илмий-педагогик соҳасида фаолият олиб борди. 1974-1979 йилларда Қорақалпоғистон давлат университети фалсафа кафедрасининг мудири, 1975-йилдан доцент, 1988 йилдан профессор, 1990-йили докторлик диссертациясини мувафаққиётли ҳимоя қилди ва умрининг охирига қадар фалсафа ва маданият тарихи кафедрасининг мудири вазифасида ишлаб келди.
К.Худайбергеновнинг илмий, педагогик ва ижтимоий-сиёсий хизматлари халқимиз томонидан юқори боҳаланиб, 1976-йили олимга «Қорақалпоғистон Республикасида хизмат кўрсатган фан арбоби» унвони берилган. Икки марта «Ҳурмат белгиси» ордени, «Меҳнат ветерани» ва бошқа медаллар, бирнеча бор Ўзбекистон ва Қорақалпоғистон Республикалари Жӯқорғи Кенгаши Президиумининг «Ҳурмат Ёрлиқ»лари билан мукофотланган.
Профессор К.Худайбергенов республиканинг моҳир таржимонларидан бири эди. У бир нечта фалсафий, ижтимоий-сиёсий ва драматик асарларни рус тилидан қорақалпоқ тилига таржима қилди, бир нечта таржималарга маъсул муҳаррир бўлди
Каримбой Худайбергенов 1992 йил 19 июль куни оламдан ўтди.
Таниқли давлат ва жамоат арбоби, фалсафа илмлари доктори, Қорақалпоғистон Республикасида хизмат кўрсатган фан арбоби, профессор К.Худайбергеновнинг номи, юртимизнинг илм ва маданияти ривожлантириш учун бор куч-ғайратини ишга солган, Қорақалпоғистон фалсафа тарихи илми шаклланишига асос солган ва унинг ривожланишига салмоқли ҳисса қўшган, республикамизда олий маълумотли кадрлар тайёрлашда ўрни беқиёс бўлган инсон сифатида халқимиз тарихида мангу қолади. Нукус шаҳрида у яшаган кўчанинг, Халқобод шаҳридаги у таълим олган мактабнинг Каримбай Худайбергенов номи билан аталиши халқимизнинг азиз фарзандига, таниқли давлат ва фан арбобига бўлган ҳурматининг яққол кўринишидир.
Профессор К.Худойбергеновнинг илмий ишлар
РЎЙХАТИ
№ | Илмий асар номи |
Босма ёки қўл ёзма | Журнал, тўплам (йил, номер, бетлари), нашриёт ёки муаллифлик гувоҳномаси номери |
Босма табоқ ёки бетлар сони, муаллифлик иштироки |
Ҳамму-аллифлар |
1. | 2. | 3. | 4. | 5. | 6. |
Монография, рисола ва брошюрлар | |||||
1. | Этические воззрения каракалпакских мыслителей. | Печатный | “Каракалпакстан”, 1967 | 10 |
|
2. | Общественно-политические и философские взгляды каракалпакских мыслителей XIX начала XX в. | Печатный | “Каракалпакстан”, 1975 | 16,45 |
|
3. | Мировоззрение Бердаха. | Печатный | “Каракалпакстан”, 1987 | 20,39 |
|
4. | Бердах великий мыслитель каракалпакского народа (на каракалпакском языке) | Печатный | “Каракалпакстан”, 1987 | 1,2 | В книге: “Слово о Бердахе” |
5. | Развитие общественно-политической и философской мысли в Каракалпакстане в XIX начала XX в. | Печатный | “Каракалпакстан”, 1990 | 16,5 |
|
Журналлар | |||||
1. | К некоторым вопросам мировоззрения Бердаха. (на каракалпакском языке) | Печатный | Журнал “Амударья” №12, 1975 | 1,5 |
|
2. | Об этических воззрениях каракалпакских поэтов-демократов (на каракалпакском языке) | Печатный | Журнал “Амударья” №10, 1976 | 1,2 |
|
3. | Об основных периодах развития прогрессивной общественно-политической и философской мысли в Каракалпакстане в XIX и начала XX в. | Печатный | Журнал “Общественные науки в Узбекистане”, №6, 1976 | 1 |
|
4. | Бердах – великий мыслитель каракалпакского народа. (на каракалпакском языке) | Печатный | Журнал “Амударья” №11, 1977 | 1,5 |
|
5. | Философские идеи в произведениях Ажинияза. (на каракалпакском языке) | Печатный | Журнал “Амударья” №3, 1990 | 1 |
|
6. | Маданий меросни ва тарихий-фалсафий тадқиқот муоммоларини ўрганиш масалаларини муҳокамаси. “Доира столи” атрофида суҳбатлар. |
|
|
|
|
Таржимолар. Спец редактирование переводов на каракалпакский язык | |||||
|
|
|
|
|
|
Газеталарда чоп қилинган мақолалар | |||||
1. | За качество преподавание общественных дисциплин. (на каракалпакском языке) | Печатный | Газета “Совет Каракалпакстаны”, 6.02.1965 | 0,4 |
|
2. | Полезный разговор о врачебной этике. | Печатный | Газета “Совет Каракалпакия”, 1.03.1966 | 0,2 |
|
3. | Нравственность честного труда. (на каракалпакском языке) | Печатный | Газета “Совет Каракалпакстан”, 27.09. 1967 | 0,75 |
|
4. | Демократ шайырлардың этикалық көз-қараслары | Печатный | Газета “Совет Каракалпакстан”, 30.11. 1967 | 0,70 |
|
5. | Праздник культуры (на каракалпакском языке) | Печатный | Газета “Совет Каракалпакстан”, 29.01.1968 | 0,3 |
|
6. | Братство культур. | Печатный | Газета “Правда Востока”, 2.01. 1969 | 0,3 |
|
7. | Праздник культуры -источник вдохновения. | Печатный | Газета “Вечерний Ташкент”, 3.03. 1969 | 0,3 |
|
8. | К новым достижениям в культуре (на каракалпакском языке) | Печатный | Газета “Совет Каракалпакстан”, 31.12.1968 | 0,75 |
|
9. | К вершинам передовой культуры. | Печатный | Газета “Советская Каракалпакия”, 8.01.1971 | 0,5 |
|
10. | Расцвет культуры. | Печатный | Газета “Правда Востока”, 12.02.1971 | 0,5 |
|
11. | Торжество равноправных народов (на каракалпакском языке) | Печатный | Газета “Совет Каракалпакстан”, 14.06.1971 | 0,5 |
|
12. | Об эстетическом воспитании. (на каракалпакском языке) | Печатный | Газета “Совет Каракалпакстан”, 25.07.1974 | 0,3 |
|
13. | Преподавание общественных дисциплин на высокий уровень. (на каракалпакском языке) | Печатный | Газета “Совет Каракалпакстан”, 17.10.1974 | 0,5 |
|
14. | Общественно-политические и философские взгляды Кунходжи (на каракалпакском языке) | Печатный | Газета “Совет Каракалпакстан”, 14.03.1975 | 1 |
|
15. | Слово о Бердахе. К 150-летию со дня рождения. | Печатный
| Газета “Совет Каракалпакстан”, №16, 17.12.1975 | 1 |
|
16. | Выдающийся материалист (к 175-летию Л.Фейербахе) (на каракалпакском языке) | Печатный | Газета “Совет Каракалпакстан”, 29.07.1979 | 0,5 |
|
17. | Великий голландский материалист (350-летию Б.Спинозы) (на каракалпакском языке) | Печатный | Газета “Совет Каракалпакстан”, 12.11.1982 | 0,5 |
|
18. | Великий мыслитель материалист (к 350-летию Б.Спинозы) | Печатный | Газета “Совет Каракалпакстан”, 27.11.1982 | 0,3 |
|
19. | Великий мыслитель (430-летию Мишель де Монтеня) (на каракалпакском языке) | Печатный | Газета “Совет Каракалпакстан”, 28.02.1983 | 0,3 |
|
20. | Мысли о национальном вопросе (на каракалпакском языке) | Печатный | Газета “Совет Каракалпакстаны”, 16.08.1989 | 0,8 |
|
21. | К вопросу о межнациональных отношениях (на каракалпакском языке) | Печатный | Газета “Совет Каракалпакстаны”, 2.09.1989 |
|
|
KARIMBAY KHUDAIBERGENOV
Honored Scientist of the Republic of Karakalpakstan,
Doctor of Philosophical science, Professor
In 1967-1973 he served as Minister of Culture of the Republic of Karakalpakstan.
Khudaibergenov Karimbay was born on January 1, 1926 in the village of Khalkabad, Kegeyli district of the Republic of Karakalpakstan. His father, Aekeev Khudaibergen, was a worker in the Khalkabad cotton collection point. When he was 3-4 years old, his mother Dzhumanazarova Parshagul passed away, and his father died in 1943 in the city of Pervouralsk, Sverdlovsk Region, working at one of the military factories, in a labor battalion. To this were added the hardships of wartime, the loss of a younger brother, and later a sister. From 1934 to 1944, Karimbay studied at a secondary school in Khalkabad, graduated from 9 classes. Young Karimbay had to learn all the hardships of life from a very early age. Life made him grow up early.
Due to the absence of a breadwinner in the family, Karimbay was forced to work from a young age. In September 1942, he began working as the head of the settlement department of the Kuibyshev district committee of the Komsomol. At the same time, of course, the fact was taken into account that despite his youth, Karimbay had the ability to perform responsible work. In January 1944, K. Khudaibergenov was elected executive secretary of the executive committee of the Council of People's Deputies of the Kuibyshev region. In August of the same year, the regional party committee sent him to study at a one-year party school under the Central Committee of the UzKP. He was drafted into the army in March 1945 before he could finish his studies. After returning from military service, which lasted for five years, starting in March 1950, he again began to work as an executive secretary of the executive committee of the Council of People's Deputies of the Kuibyshev region. In November 1950, for the first time in the region, the editorial office of the newspaper Algabas was organized. K. Khudaibergenov was appointed editor of this regional newspaper. In September 1951, he was sent to the republican two-year party school to study as an editor-translator, from which he graduated in August 1953. After successfully completing his studies, K. Khudaibergenov worked in responsible positions in the apparatus of the regional party committee. He started as an instructor in the propaganda department, then worked as deputy head of the department of party organs, head of the department of administrative and trade and financial bodies, head of the propaganda and agitation department.
In August 1957, he was sent to the Tashkent Higher Party School to receive higher education. However, in December 1959, taking into account his business qualities, integrity, ability to lead people, K. Khudaibergenov was called from the 3rd year of study and appointed to the post of chairman of the city executive committee of the Nukus Council of People's Deputies. Residents of the city of Nukus still remember how he performed his work with honor for almost two years, did a lot of work on the construction and improvement of the city.
In 1961-1962, K. Khudaibergenov worked as the editor-in-chief of the republican newspaper "Council of Karakalpakstan", in 1962-1963 - head of the department for cultural and educational institutions of the Ministry of Culture of the Republic of Karakalpakstan
In September 1963, K. Khudaibergenov went to work at the Karakalpak State Pedagogical Institute as a teacher. He worked as an assistant, senior lecturer, and then head of the department. In 1967 he defended his PhD thesis on the topic "Ethical views of Karakalpak poets-thinkers"
In December 1967, by the Decree of the Presidium of the Supreme Council of the Karakalpak ASSR, K. Khudaibergenov was approved for the post of Minister of Culture of the Karakalpak ASSR. During the years when he served as Minister of Culture, Karakalpak culture has achieved significant success. The material and technical base of the state theatre, the state philharmonic society and other cultural and educational institutions have been strengthened. Days of Karakalpak literature and art were held in Almaty, Baku, Tashkent and other cities. Masters of theatrical and musical art of the autonomous republic actively participated in the Decades of Uzbek literature and art, held at that time in neighboring republics. The Song and Dance Ensemble of the State Philharmonic Society, the State Theater team represented the Karakalpak spiritual culture and art in Russia, Ukraine, Belarus, Azerbaijan, Kazakhstan, Turkmenistan and other countries.
From January 1973 to January 1974, K. Khudaibergenov contributed to the development of cultural and educational work in our region, working as the head of the cinematography department under the Council of Ministers of the Republic of Karakalpakstan. K. Khudaibergenov showed himself as a true enthusiast of Karakalpak culture for more than six years as the Minister of Culture and Head of the Department of Cinematography, the exemplary work he did during that period is still firmly preserved in the memory of our intelligentsia.
During this period, a number of changes took place in the cultural life of our republic. On the initiative of K. Khudaibergenov, an ensemble of dutar girls “Kyrk kyz” was created, in connection with this, the production of a dutar, a Karakalpak musical instrument, was launched, the work of the orchestra of Karakalpak folk instruments was resumed (previously it was closed for certain reasons), performances were staged based on works national and world classical drama, including the performances "Akmak Patsha" and "Navoi Astrabadta". Shakespeare's tragedy "Othello" was also staged on the stage of the theater, and the construction of a new theater began. For the performance of opera and ballet works on the stage of the Karakalpak theater, the libretto of the opera and ballet "Forty Girls" was prepared. To do this, our young actors, directors, vocalists and dancers were sent on an internship to acting and directing courses in famous theaters in the cities of Moscow and Leningrad (St. Petersburg) in Russia (Moscow Art Theater, Bolshoi Theater, GITIS, conservatories), as well as Almaty and Tashkent in order to train highly qualified personnel.
K. Khudaibergenov valued the spiritual heritage of the people, loved the rich culture and art of his native land and considered this period of his activity the most significant.
After leaving the Ministry of Culture, K. Khudaibergenov from 1974 until the end of his life worked in the research and teaching field. In 1974-1979 he was the head of the Department of Philosophy of the Karakalpak State University, in 1975 he received the academic title of associate professor, in 1988 - professor, in 1990 he defended his thesis for the degree of Doctor of Philosophical Sciences and until the end of his life he worked as head of the department of the history of philosophy and culture.
The scientific, pedagogical and social activities of K. Khudaibergenov were highly appreciated by the leadership of the republic. In 1976 he was awarded the honorary title "Honored Scientist of the Republic of Karakalpakstan". He was twice awarded the Order of Honor, the Veteran of Labor medal and other medals, and was several times awarded with Certificates of Honor of the Presidium of the Supreme Council of the Republic of Uzbekistan and the Republic of Karakalpakstan.
Professor K. Khudaibergenov was one of the well-known skillful translators of the republic. He translated from Russian into the Karakalpak language and published a number of philosophical, socio-political and dramatic works, was the editor-in-chief of several translations.
K. Khudaibergenov passed away on July 19, 1992 after a long illness. The name of the famous statesman and public figure, scientist, Doctor of Philosophy, Professor, Honored Worker of the Republic of Karakalpakstan Karimbai Khudaibergenov, who devoted all his strength and talent to the development of the material and spiritual culture of our country, made a significant contribution to the development of philosophical and historical science in Karakalpakstan, forever will remain in the history of the state and the memory of our people. In the city of Nukus, the street where he lived was named after him, in the city of Khalkabad - the school where he studied, and all this is a clear manifestation of our people's respect for their son - a public figure, scientist and teacher.
Scientific works of Professor K. Khudaibergenov:
1. Monographs
1. Ethical views of Karakalpak thinkers. // Karakalpakstan, 1967, 10 p.
2. Socio-political and philosophical views of the Karakalpak thinkers of the 19th and early 20th centuries. // "Karakalpakstan", 1975, 16.45 pp.
3. An inexhaustible treasure trove of thoughts. // Karakalpakstan, 1984, 10.5 pp.
4. Worldview of Berdakh. // "Karakalpakstan", 1987, 20.39
5. Berdakh the great thinker of the Karakalpak people (in the Karakalpak language) // “Karakalpakstan”, 1987, 1.2 p.l.
6. The development of socio-political and philosophical thought in Karakalpakstan in the 19th and early 20th centuries. // Karakalpakstan, 1990, 16.5 pp.
2. Articles published in journals
1. To some questions of Berdakh's worldview. (in the Karakalpak language) // Magazine "Amu Darya" No. 12, 1975, 1.5
2. On the ethical views of the Karakalpak poets-democrats (in the Karakalpak language) // Journal "Amu Darya" No. 10, 1976, 1,2
3. On the main periods in the development of progressive socio-political and philosophical thought in Karakalpakstan in the 19th and early 20th centuries. // Journal “Social Sciences in Uzbekistan”, No. 6, 1976, 1
4. Berdakh is a great thinker of the Karakalpak people. (in Karakalpak language) // Magazine "Amu Darya" No. 11, 1977, 1.5
5. Philosophical ideas in the works of Ajiniyaz. (in Karakalpak language) // Magazine "Amu Darya" No. 3, 1990, 1
6. Madaniy merosni va tarikhiy-falsafii tadkikot muommolarini ўrganish masalalarini muhokamasi. Conversation at the "Round Table".
3. Articles published in newspapers
1. For the quality of teaching social disciplines. (in Karakalpak language) // Newspaper “Council of Karakalpakstan”, 02/6/1965, 0.4 pp.
2. Useful talk about medical ethics. // Newspaper “Council of Karakalpakstan”, 1.03.1966, 0.2 pp.
3. The morality of honest labor. (in Karakalpak language) // Newspaper “Council of Karakalpakstan”, 27.09. 1967, 0.75 p.l.
4. Democrat Shaiyrlardyn etikalyk koz-karaslary. // Newspaper “Council of Karakalpakstan”, 30.11. 1967, 0.70 p.l.
5. Festival of culture (in Karakalpak language). // Newspaper “Council of Karakalpakstan”, 01/29/1968., 0.3 pp.
6. Brotherhood of cultures. // Newspaper "Pravda Vostoka", 2.01. 1969., 0.3 p.l.
7. A holiday of culture is a source of inspiration. // Newspaper “Evening Tashkent”, 3.03. 1969., 0.3 p.l.
8. To new achievements in culture (in the Karakalpak language). // Newspaper “Council of Karakalpakstan”, December 31, 1968., 0.75 p.l
9. To the heights of advanced culture. // Newspaper "Soviet Karakalpakia", 01/08/1971., 0.5 p.l
10. The heyday of culture. // Newspaper “Pravda Vostoka”, 02/12/1971., 0.5 p.l
11. The triumph of equal peoples (in the Karakalpak language). // Newspaper “Council of Karakalpakstan”, 06/14/1971., 0.5 p.l
12. About aesthetic education. (in Karakalpak language). // Newspaper “Council of Karakalpakstan”, 25.07.1974., 0.3 p.l
СССР халық артисти Рахим Примқулов пенен.
Казахстан театры актерлары менен (реж А.Мамедов)
Ташкент театральный институты қарақалпақ студентлери менен. 1971 ж
Өзбекстан ССР Мәденият министри Кучкаров Анвар Марасулович пенен. Май 1972.
Декада Узбекской ССР в РСФСР Россия, г.Челябинск. июнь 1969
Дни недели Каракалпакского искусства и литературы.
А.Шамуратова, (Народная артистка СССР) Б.Исмаилов (Зав отделом обкома), Б.Насриддинов (секретарь театрального общества Узбекистана) К.Худайбергенов (министр культуры), Юсупов К (директор филармонии) Х.Сейтов (писатель), Ж.Аймурзаев (писатель), К.Абдреймов(директор театра), Ташкент, 1969)
Similar news
Рахманов Кенесбай 1942 -2004-жыл
Қарақалпақстан халық шайыры, драматург, жазыўшы, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты
Театр тарийхына - 90 жыл, 1926-2016
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры 90 жыл
Театрға 90 жыл 1926-2017
Театр тарийхи ҳақида маълумот
Шарап Уснатдинов
11-й директор театра, 1983-1984 годы