(97) 789 38 79 (91) 384 70 69 berdax_teatr@mail.ru TG KK UZ RU EN
Регистрация
все шаблоны для dle на сайте newtemplates.ru скачать

Рахманов Кенесбай 1942 -2004-жыл

orazbay 12-09-2020, 15:07 956 tarixiy-insonlar / Taрихый инсанлар - КК


Қарақалпақстан халық шайыры, драматург, жазыўшы, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты

(18.09.1942  -   30.05.2004) 


К.Рахмановты еслеў... 

1960-жыллары қарақалпақ әдебиятына, көркем өнерине бир топар талантлы жаслар кирип келген болса, соның бири Кеңесбай Рахманов еди. Бизлер Кеңесбай Рахманов пенен бирге бир аўылда балалығымыз өтти, заманлас болып бирге ислестик. Сол жыллары ол Қарақалпақстан Республикасы телевидениесинде бас редактор болып ислейтуғын еди. Өзиниң Ўатан ҳаққында, жаслық, муҳаббат ҳаққында, өмир ҳаққында жазған қосықлары менен телеминатюралары менен халқымыздың жүрегинен орын алып жүр еди. Бирақ еле драматургияға кирип келген жоқ еди. 

1974-жылы бизиң ҳәзирги Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрының жаңа имараты салынып тапсырылды. Буған тек көркем өнер хызметкерлери ғана емес, ал пүткил халық қуўанды. Бул жыллары қарақалпақ дарамургиясы  кризислик жағдайда еди. Үлкен сарайдай театрымыз, күшли-күшли актерларымыз, режиссёрларымыз бар, бирақ күшли драматург, жақсы пьесалар жоқ еди. Ол дәўирлерде көркем өнерге, әдебиятқа дыққат-итибар күшли еди. Сонлықтан бул мәселе дәрҳәл қолға алынды. 1975-жылы бир топар жазыўшы-шайырлар театрға шақырылып, дөңгелек стол шөлкемлестрилди. Олардың ишинде Ш.Сейтов, О.Абдурахманов, К.Рахмановларда бар еди...

Бир нәрсеге-бир нәрсе себеп болады дегендей усы жыйын себеп болдыма, арадан көп узамай Кеңесбай театрға өзиниң биринши пьесасы «Келин» комедиясын әкелди. Пьеса дәрриў көркем кеңестен өтип, оны белгили режиссёрымыз, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Қуўатбай Абдреймов сахналастырды. Пьеса драматургдиң биринши пьесасы болыўына қарамастан, драма жанрының барлық талапларына жуўап беретуғын еди. Спектакльди халқымыз оғада жақсы күтип алды. Өзи әдебият тараўына ҳәр ким ҳәр қыйлы кирип келеди, биреў ўақыттың өтиўи менен әсте-ақырынлық пенен жарық етеди. Биреў бир шығармасы менен -ақ халыққа белгили болады. Кеңесбай болса, әстен кириў деген не екенлигин билмеди, ол өз жолын, усылын усы «Келин» комедиясында-ақ таўып, драматург К.Рахманов болды.  

«Келин» спектаклинен көп узамай, Кеңесбай, иним Масуатдиннен (Кеңесбай менен бирге ислейтуғын еди) бир пьесаны конвертке салып берип жиберипти. Ашып қарасам «О дүньяға мирәт» трагикомедиясы екен. Мен бул пьесаны бир чай ишим ўақытта оқып шықтым. Пьесадағы персонажлардың характерлери бойынша ойнайтуғын актёрларды да сол ўақытта-ақ көз алдыма келтирдим. Ертеңине мәденият министрлигине бардым. Усы пьесаны редколлегия ағзаларын шақырып додалаўды усындым. Солай етип бул трагикомедияны сахналастырыўды қолға алдым. Бул   қарақалпақ драматургиясында трагикомедия болып жазылған биринши жанр еди. Спектакль аншлаг пенен өтти. Мине усы ўақыттан баслап Кеңесбай менен бирге дөретиўшилик бирге ислесиўимиз басланды. 

Мен, 1973-75-жыллары Москвада Малый театрда режиссёрлық стажировкада жүргенимде сол жердеги устазларымыз, соның ишинде Рахим Кариевтың (Бернара Кариеваның әкеси) айтқан сөзлери ҳеш ядымнан кетпейди: «Нажиматдин, сен, Қарақалпақстанға барғаннан кейин, әлбетте өзиң менен заманлас бир драматург таўып бирге ислес. Ол сениң менен бирге театрда жарық етсин. Сен оған театрдың барлық сырларын үйрет» деген еди. Мине бул устазлардың да айтқаны болып, өзим менен заманлас К.Рахманов қарақалпақ драматургиясына кирип келди. Бир-биримизден ўақтымызды аямадық. Қәте-кемшилигимизди туўры айттық. Мен оған көплеген драматургия ҳаққындағы, театр ҳаққындағы теориялық китапларымды берип туратуғын едим. Ол да пьесаларын биринши маған оқыўға әкелип, пикирлесетуғын едик.

«О дүньяға мирәт» пьесасынан кейин Кеңесбайдың «Жаралы жүреклер» трагедиясына да өзим режиссёрлық еттим. Дәслепки аты «Нәлет» еди, кейин сол ўақыттағы мәденият министри А.Худайбергеновтың кеңеси менен «Жаралы жүреклер» деп аталды.   Кеңесбайдың бул пьесасы өлмейтуғын, классикалық шығарма. Себеби пьесада көтерилип шыққан теаманың өзи өлмейтуғын тема. «Жаралы жүреклер» спектакли қойылған ўақытта залда отырған адамлардың егил-тегил жылап отырғанларын талай мәрте көргенмен. Бул пьесаны Кеңесбай Рахманов драматургиясының шыңы деп атасақ та болады.

1978-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театры ашылып, театрдың  шымылдығы Кеңесбайдың «Егленген бәҳәр» пьесасы менен ашылды. Ол ўақытта Кеңесбай усы театрдың әдебий бөлимин басқаратуғын еди, мен бас режиссёр едим, театр ҳаққында, көркем өнер ҳаққында көп сәўбетлесетуғын едик.

Кеңесбай Рахмановтың «Лаққылар емлеўханада», «Жетинши папам», «Ынжықтың муҳаббаты», «Қөдирең гүллер», «Тоғыз тоңқылдақ бир шиңкилдек» ҳ.т.б. пьесалары да халықтың кеўлинен шықты. Оның бираз пьесасы Өзбекстан Республикасының көплеген театрларында, Қазақстан Республикасы театрларында сахналастырылды.  Кеңесбайдың пьесаларының тили айрықша, юморға бай, ушырма сөзлерге, қарекеңше лаққышылық сөзлерге бай болғанлықтан да тамашагөйлерге оғада унайды. 

Биз Кеңесбай менен көп ислестик, сол жыллары шөлкемлестирилип туратуғын мәденият күнлерине, декадаларға бирге қатнастық. Кеңесбайдың аўыр минезлилигине, шыдамлылығына тәсийин қалатуғын едик. Оның сөйлемей отырып-отырып арасында бир сөйлейтуғын ушырма сөзлерин биз қатар-қурбылары еле умытпадық. Оның айрым гәплери: «Кеңесбай Рахманов айтқан екен» деп кәсиплеслериниң арасында анекдот болып тарап та кеткен. Соның менен бирге Кеңесбай оғада кишпейил, дәрьядай кең, ҳәммеге теңдей инсан еди.

Кеңесбай өмириниң соңғы жылларында аўыр наўқасланып атырса да дөретиўшилик ислеўин тоқтатпады. Ол бир неше пьесалар, телесериаллар жазды. Биз усы быйыл оның «Абыйға-бабый ямаса жаслар қалай қосылды» деген комедиясын сахналастырдық, спектакль әсиресе жасларға оғада унап атыр. Буннан басқа, М.Уйғур атындағы Ташкент мәмлекетлик көркем өнер институтының қарақалпақ группасы оның «Өлим жазасы» драмасын диплом жумысы етип тапсырды. Бул диплом спектаклин Ташкенттеги қәнигелер тәрепинен жақсы қабыл етти. С.Хожаниязов атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрыда жақын күнлерде Кеңесбайдың таза пьесасын тамашагөйлерге инам етпекши. 

Еле де Кеңесбайдың сахнаға шығатуғын пьесалары бар. Оларды да сахналастырыўды нийет етип отырмыз. 

Кеңесбай Рахманов қай жерде ислесе де, мейли ол радио-телевидение ме, газета-журналда ма яки театрда ма, ҳәтте наўқасланып төсек тартып жатырған жылларында да қарақалпақ әдебияты ушын, қарақалпақ көркем өнери ушын аянбай мийнет етти. Сонлықтан да оның изинде қалған мийрасын қосық-поэмаларын көздиң қарашығындай асыраўмыз керек. Оның еле жарыққа шықпаған дөретпелерин китап етип шығарып, халыққа жеткериўге ҳәрекет етиўмиз керек. Себеби, Кеңесбай бул шығармаларды халқы ушын жазып кетти. Кеңесбайдың өзиниң тири гезинде де айтатуғын едим, сениң бир кемшилигиң сениң шығармаларыңа жақсы дилмаш керек деп. Бул шығармаларды аўдарып басқа халықларға, жәҳән әдебияты дәрежесине жеткериўмиз керек.  

Кеңесбай Рахманов көзиниң тирисинде өзиниң халық ушын еткен мийнетлери ушын ҳүкиметимиз тәрепинен бир қанша ҳүрметли атақларға ийе болды. Ал, енди болса, Кеңесбай Рахмановтың атын мәңгилестириў ўақты жетти деп ойлаймыз.

Кишпейил инсан, достым, Кеңесбайдың жатқан жери жарық, топырағы торқа болсын деймен.  

                             

 Нажиматдин Ансатбаев

Өзбекстан халық артисти, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты.

                             Нөкис, 18-сентябрь 2005-жыл

 

 

Өзим ҳаққында

 (К.Рахманов)


Мен 1942-жылы 18-сентябрьде Хожалепес улы Рахман деген колхозшы дийхан шаңарағында дуньяға келгенмен. Әкем онда 38 жасар, лекин урысқа қатнаспаған, оның себебин билмеймен, сорамадым. Әкемниң әкеси (атам) Хожалепес бурынғы заманда онлық деген ҳәмелге ийе болған, әкем мен есимди билген жыллары пахташылық бригадири еди.

Анам - Қайпанова Тәжигүл, әкеси Жоқарғы судта адвокат, суд болған, саўатлы ҳәм шешен адам болған. Дайы журтым мениң усындай дәрежеге жетиўимди дайысына тартқан деп елеге дейин айтады.

Ата-анамның 2 улы балағат жасына жетпей-ақ қайтыс болған, мениң үлкен 2 қыз апам, 1 иним, 1 қарындасым бар. Бир иним нәрестелигинде қайтыс болды.

Ол ўақытлары Куйбышев районының 6-аўыл советиндеги «Комсомол» колхозы бизлердиң мәкан жайымыз еди. Соң район сапластырылды, Кегейли районына қосылдық. ғ-МТСқа қарайтуғын колхозлар биригип Куйбышев атындағы совхоз дүзилди. Мәканымыз «Жалпақ жап» тағы анна аўылы деп түсиндириледи. Бир жағымыздағы шериўшилерди «Балықшы аўыл»-десе, шығысымыздағы әйтекелерди «бесил аўылы» деп айтысады. Усы ўақытқа шекем «бесил» деген сөздиң төркинине түсинбедим.

Аўылда «Палўаныяздың гөне тамы» деген мектеп бар еди, бул №17 Ленин атындағы мектептиң кишкене филиалы екен. Усы жерде саўат аштық. Бир өжиреде 1,2,3 классларды бир муғаллим қосып оқытатуғын еди. Биринши муғаллимим Жумабай Сатбаев (ҳәзир тири, аўылда молла) урысқа барып қайтқан, басында алақандай жылтыры бар, сақаўырақ сөйлейтуғын адам еди, ҳәзир оның бир баласы Оразбай Сатбаев танылып киятырған жас шайырлардың бири. «Совет Қарақалпақстаны» газетасында ислейди. Екинши класста Қалжан Мәмбетяров (шайыр киси, жақын жылларда қайтыс болды) оқытты. 

Үлкен мектепке барған соң (Алланияз байдағы мектеп деп аталар еди) 5-6 классларда китап оқыўға, әсиресе дәстанларды оқыўға қызықтым. Дәслеп мектептеги дийўалы газетаға мақалалар жаздым. Еле есимде, 4-класста аўылдағы Ныяз бригадирди жаманлап Халқабадта шығатуғын районлық «Алғабас» газетасына мақала жибердим. Мақала соңына аўыллас ҳәм класслас бир достымның да аты-жөнин (ҳәзир марҳум соавтор сыпатында қылып жибердим. Газета хызметкерлерине де рахмет, мақаланы үлкейтип, газетаның бир бетиниң тең жарпына шығарыпты.) Бул нәрсе аўылда дуў-дуў гәп болды, достымда буған мардыйып қоддаслап жүрди. Соң редакцияға мақала алып барғанымда газетаның жуўаплы редакторы маған үш манат берди. (ҳәзирги 30 тийин). Соң билсем, бул арық киси журналист Жолдасбай Қоразалиев екен. Ол арқамнан қағып, «жаза бер, жаза бер» деп марапатлап қалды. 

Дәстанлардағы ашықлық қосықларыма еликлеп 6-класста жақсы көрген қызыма арнап қосықлар жаздым. (қараңыз: «Ўатан муҳаббаты менен» қосықлар топламы. «Өзим ҳаққында» деген қосық.) 

Мектеп китапханасындағы өзим түсинетуғын барлық китапларды оқып шықтым десем лап емес.

7-класстан баслап мектепте «Жаба» деген сатиралық газета шықты. Оның көркемлик жағын да өзим безеп, карикатураларын да өзим салатуғын едим, сөзлерин бөлисип жаздық.

Умытпасам, 4-класста оқып жүргенимде мектепке Аббаз шайыр келди. Аты жер жарып атырған шайыр менен дийдарласыў бизлер ушын күтилмеген байрам еди. Оның қыссаханлық жағымлы ҳаўазы мениң қулағымда мәңгиге қалды. Сол жыллары «Баҳадыр» дәстанының  кишкене нусқасы қолдан-қолға тиймей, қолдан-қолға өтип оқылып жүрген мәҳәл еди.

Мен жазған қосықларымды «Жеткиншек», «Жас Ленинши» газеталары ҳәм «Әмиўдарья» журналларына жиберип турдым. Қосықларым ҳаққында жуўаплар алдым. Әсиресе, «Жас Ленинши» газетасындағы Халмурат Сапаровтан қосықларымның жарамсыз екенлиги туўралы көп хатлар алдым. Булардың көпшилиги елеге дейин үй архивимде сақлаўлы тур.

1957-жылы «Жеткиншек» газетасында «Таўық» деген биринши қосығым басылып шықты. Өзи 6 қатар. Бул мениң ушын шеги жоқ қуўаныш алып келди. (қараңыз: «Тазадан келген оқыўшы» қосықлар ҳәм поэмалар китабы)

 Сол жылы бәҳәрде жазған 3-4 дәптер қосығымды қолтықлап Нөкиске биринши мәрте келдим. Адрес бойынша «Жеткиншек» газетасын таўып алдым. Ол ўақта газета редакциясы полиграфкомбинаттың сол қанатында (кирер есик те сол жерде, ҳәзир дүкан) еди. Мениң дәптердеги қосықларыма көз жуўыртып өткен «Жеткиншек»тиң редакторы Әденбай Тәжимуратов:

-  Қосықларыңды «Әмиўдарья» журналына апар. Сол жерде Мәтен деген жигит бар, - деп қолыма иширтки жазып берди ҳәм адресин силтеди. «Мәтен» деген ат маған бир түрли турпайы сезилди, сонда да излеп кеттим. Онша узақ емес екен, күнде базардың ортасы менен өтип, Куйбышев көшесиндеги Жазыўшылар Союзы ҳәм ондағы «Әмиўдарья» журналының редакциясын таўып алдым.

  Еки жигит шығып киятыр екен.

-  Мәтен керек еди, - дедим. Олар иркилди.

-  Мен Мәтен, - деди даўысы қарылдағаны.

Әденбай Тәжимуратов жазып берген қағазды услаттым. Ол оқып көрди де үлкен бир өжиреге баслап барды, ишинде 3-4 адам қағазға үңилип отыр екен. Мени төрдеги көз әйнекли, арық адамның столының қасына апарды да:

-  Избасар аға, - деди. Мен ол киси менен сәлемлестим.

-  Мен кеттим, усы Избасар аға менен сөйлесе бер, - деп Мәтен кетип қалды. Соң билсем бул Мәтен Сейтниязов екен-аў. 

Репрессияға ушырап, тюрьмада жигирмалаған жыл отырып келген шайыр Избасар Фазылов журналда поэзия бөлимин басқарады екен. Түр-түсиме сын көзи менен тигилип:

-  Бәрин өзиң жаздың ба? - деп исенимсизлеў қарады. Қосық дәптерлеримди

қабыл етип атырып, - тағы басқалардан көширип алған болма!?

-  Ондай-әм болама екен?  Ишинде   «Мийримсиз перзентлер»  деген поэмам да бар.

-  Поэма?

-  Аўа,   аңыз әңгиме тийкарында жаздым.

-  Болады, көремиз. Адресиңди қалдырып кет.

Арадан бир ай өтер өтпестен-ақ мектепке 2-3 жуўап конверт келди. Ох, мениң сондағы қуўанышымды айт!

«Мийримсиз перзентлер» поэмамды Ибрайым Юсуповқа оқытқан екен, ол киси өз қолы менен рецензия жазып таслапты. Кемшилигин айтыпты. Сонда да басыўға жарайды депти. Избасар аға да қосықлар туўралы пикирлерин жазыпты ҳәм айрымларын «Жеткиншек» газетасына тапсырыпты. Журнал редакциясында ислейтуғын жас жазыўшы Сапарбай Салиевте хат жазыпты. Ҳәммеси архивимде сақлаўлы. Избасар аға редакцияға келип жолығып кетиўимди өтинипти.

       Нөкиске тағы келдим. Бул енди жазғы каникулдың ўақты еди. Тоғызыншыдан оныншыға өткен жаз. Избасар ағаны орнынан таўып алдым. Oл мени көрип қуўанып қалды.

-  Иним,- деди ол,- Сенде нағыз талант бар екен. Сени өзим тәрбиялайын. Нағыз шайыр етип шығараман. Бул ушын ҳәзирден баслап редакцияның бәринде ислеўиң керек.

 Мениң жүрегим дүрсилдеп кетти. Ҳәм қуўанаман, ҳәм ҳаўлығаман. Редакцияда ислеў? Ол жердеги адамларды қудайдай көремен ғой. Қолымнан не келеди. Оның үстине еле мектепти питкергеним жоқ.

-  Ҳаў, еле оныншы классты питкергеним жоқ ғой?

-  Оқыўдың иләжы болады. Жумыс ислеп жүрип кешқурын оқыйсаң. Қалада кешки мектеп бар,- деп жубатып қойды ол. Сөйтип мениң алдыма түсип барлық редакцияларға апарды. «Жеткиншек»те де, «Жас Ленинши»де де, «Совет Қарақалпақстанын»да да, баспада да маған ылайық (Корректорлық болса да) жумыс табылмады. Табылмағанына да қуўанып та турман. Үйдиң иши жибермей қалса... Оның үстине Нөкисте баспанам жоқ. Бирақ,   Избасар аға пикиринен қайтқан жоқ:

-  Қашан болса да саған жумыс таўып беремен, сени үлкен шайыр етемен!- деўи менен хошласып қалды.

-  Сол жылы гүзде «Әмиўдәрья» журналында еки қосығым шықты. Журналда биринши рет көриўим. Соннан баслап абзорлық мақалаларда, айрым санларында қосықларым көрине баслады, деген менен Избасар аға қайтыс болған соң (1960) ондай ғамхоршыны ушырата алмадым. Деген менен жазыўдан, китап оқыўдан кеткен емеспен.

 -  Сол жыллары Хрущев  заманы, орта мектепти питкергенлер өндиристе 2 жыл ислемесе жоқары оқыў орынларына қабыл етилмейтуғын қарар бар еди. Сонлықтан дәслеп мектепте старшый пионер вожатый болдым, кейнинен өзимиздиң бөлимге почтальон, соң бөлимниң сектретар-машинисти болып иследим. 1960-жылы жазда совхоздағы бөлимлер сапластырылып ирилеген бригадалар дүзилди. Мен аўылдағы бригадаға ст. учетчик болып қалдым. Қулласы усы жыллары да қосықлар жазып турдым, бригада да «Жаўынгерлик листок» шығардым, совхоз радиоузелинен қосықлар оқыдым. М.Нурмухаммедов ҚҚАССР жазыўшылар аўқамының басқарма председатели еди. Совхозда гүз күнлери Т.Жумамуратов   келгенинде мениң қосық оқығанымды (радио арқалы, совхоз радиоузелинен) еситип өзиниң қуўанып қалғaнын район басшыларына айтқан екен. Бул жыллары Ж.Кабулов, Ш.Мәмбетмуратов, А.Хожанбаевлар пединститутта студент, тәўир-ақ танылып қалған жас шайырлар еди. Мен аўылда жүрип, олардың даңқына қызығар, тезирек студент болыўға асығар едим. Мектепти питкергенлердиң биразы техникумларға түсип оқып атыр еди, оларды көриў ушын ара-тура Нөкиске келемен, сонда «Әмиўдәрья» журналына, Сапарбай Салиевке келемен, мениң оннан басқа таныйтуғын адамым жоқ есабы еди.

-  1961-жылы жазда Нөкис пединститутының тарийх-филология факультетине документ тапсырдым ҳәм қәйткенде де кириў ушын имтиханларға таярлық көре басладым. Пединститутқа кириў дәўиринде жаңадан дослар арттырдым, олардың көпшилиги менен еле де жақыннан қатнасып турамыз.

-  Студентлик жыллар жақсы еди ғой. Ол ўақлары институтта әдебий кружок болып, оның алпыстай ағзасы бар еди, бир үлкен аудиторияға зордан сыйып отыратуғын едик. «Қаратаў» атлы қол жазба әдебий журнал болды, «жас филолог» дийўалы газетасы, радио газета бар еди. Бәрине актив қатнастым, художник ретинде де, редактор ретинде де, жас шайыр ретинде де…

-  Биринши курста әдебият теориясынан шайыр Ибрайым Юсупов оқытты. Соң белгили критик Сражатдин Ахмедов деканымыз болды.

-  «Жас Ленинши» газетасында, «Әмиўдәрья» журналында қосықларым шығып турды. Институтта ҳәр жылы дәстүрге айналған «Бердақ күнлери» өткерилип, үш-төрт күнге шекем Бердақ творчествосына бағышланған илимий конференциялар, поэзия кешелери өткерилип оған белгили илимпазлар, шайыр-жазыўшылар, республикамыздан тысқарыдан да қонақлар қатнасатуғын еди. Бердақ жақында плакатлар, лозунглар, стендлер шығаратуғын едик. Узақбай Пиржанов екеўмиз 2-3 күнлеп институтта қонып қалып усыларды таярлайтуғын едик. Бердақ ҳаққында ең жақсы қосықларға конкурс жәрияланады. Бир сапары 1-сыйлық маған берилди. Бул иләжлардың ҳәммеси пединститутқа Бердақтың атын алып бериў еди. Әттең, 1964-жылы Т.Г.Шевченко150 жылға толғанда соның аты менен аталып кетти ғой.

-  Үшинши курста пахтада Тахтакөпир совхозында жүргенимизде Армияға шақыртылып 1964-жылдың декабринде солдатлыққа кеттим. Маңқышлақ ярым атаўында (Чурьев областы, батыс Қазақстан) қурылыс батальонында хызмет еттик. Институттан барғанларды 4 ай шоферлыққа оқытты, сөйтип автобазада машина айдадық. Мениң пайыма гөне «Зил» самосвалы тийип еди, жарытып айдай алмадым, соннан 2 айда зорға қутылып, разнорабочий болып иследим.

-  Сениң қолыңнан келетуғын ба еди?- деди есиктен үңилип турған рота командири капитан Шамаев.

-  Аўа, еплеп...

-  Тәўир болды ғой,- деди қатал түсли капитан... Мынадан қутыла алмай жүр едим. Сен ертеңнен баслап писарь боласаң ҳәм усы комнатаны безейсең,- деп художник достыма Амангелди Әўезмуратовқа тәртип берди. Ал сен Рахмановтың орнына жумысқа барасаң!

-  Маған да, оған да қолайсыз болды. Деген менен әскерий буйрықтың аты, әскерий буйрық! Соң штабтағы автобатальонда (командири ғарры майор еди, фамилиясы Федеров па, Федосеев па я Фомин бе, умыттым, жақсы адам еди) писарь болдым. Майор Баграмян мениң сүўретим менен шыққан қосықларымды («Әмиўдәрья») көрип қуўанып қалды. (1965 ж) Сол жылы Ленкомнатаны жақсы безегеним ушын дивизия тәрепинен отпуска алыўға миясар болдым. 1965-жылы июнь айында отпускаға келип кеттим.

-  Ротада дневальный, автобазада художник-оформитель болып та иследим. Армияда бос ўақтым болса тек жазыў еди талабым. Гимнастеркамның ишинен мудамы общая тетрадь алып жүрдим. «Айралық» қосығы повестин сол жыллары жаздым. Тағы бир үлкен повесть жазып атыр едим, биринши общая тетрадь көп затлар менен   қосып урланып кетти. Сонда қаншама қыйналдым дейсең!

-  «Ўатан», «Саған асығаман», «Александр Матросовқа», ҳәм басқа да көплеген қосықларым усы  Армияда жүргенде дөретилди. «Алтылық»ларды да Армия жыллары басладым. Изинен «Онлықлар» туўылды. Армиядағы солдатлық дәўир мени творчестволық жолымнан қалдырмады, қатты саўатымды ашты, өзбек, қазақ, түркмен, тәжик, қырғыз ҳәм кавказ халықларынан дослар арттырдым. Олар шайыр деп ҳүрметлейтуғын еди. Ишиндеги қосық жазатуғынлары менен ойласып, кеңесип туратуғын едик. Қосық жазатуғын, әдебиятты сыйлайтуғын рус жигитлери де болды. Ҳәзир олардың бул дүньяның қай мәнзил-мәканында жасап атырғанын билмеймен. Оннан бери де шерек әсир өтип кетти. Бирақ, мениң ушын еле кешегидей, старшинамыз Будьконың гүрилдеген даўысы еле қулағымның түбинде еситилип турғандай. Полк командири полковник Стельцевтиң дәўдей геўдеси еле көз алдымда, ҳәммеси, ҳәммеси жүрегимде өшпес из қалдырған.

-  Бизлер институттан алынғанлықтан Армия қатарынан август айының 20 ларында (1966) қайтып келдик. Келсем тарийх-филология факультети қарақалпақ тили ҳәм әдебияты факультети болып өзгерген екен. 5 жыл емес, 4 жыллық. Мениң менен оқығанлар усы жылы жазда питкерип кеткен. Факультет деканы С.Ахметов емес, Баймурат Қутлымуратов деген тилши болыпты. Мени танымайды, түси суўық, қара киси екен. Мени 3-курс емес, ал 3-курстан алатуғынын айтты, себеби имтихан менен зачетларда айырма көп екен. Қайыл болмай, сол ўақтағы ректор К.Рзаевқа да бардым. Бирақ декан оның гәпине де дурыслап қулақ салмады. Бурыннан мени таныйтуғын муғаллимлердиң ҳәммеси дерлик тәўелле етип көрди, бирақ ҳешбири де гәпин орынлата алмады.

-  Сөйтип, сентябрь айының аяқларына таман «Жас Ленинши» газетасына Мойнақ районы бойынша өз хабаршысы болып жумысқа орналастым. Ол гезде газета редакторы Әбдиразақ Аманов, жуўаплы секретары Халмурат Сапаров, бөлим баслықлары Генжебай Тилеўбергенов, Тилеўмурат Қаниязов, қатардағы хызметкерлер Шараф Уснатдинов, Әширбек Қосбергенов, Халмурат Ембергенов  ҳ. т. б.

-  Мойнаққа бир кетсем, ярым айда айланаман. Үйленбеген ўақыт. Теңиздиң гүрлеп турқан ўақты. Ол жақта да көп дослар арттырдым. Үсти-үстине очерк, фельетон, мақала, қосықлар жазылып турды. Қызық ҳәм қыйын. Қыстаўлы ўақытлар еди. Соннан 1967- жылдың мартына шекем иследим. Бир күни редакцияға институттың жас муғаллими Қонысбай Камалов келип Сражатдин Ахмедов мени шақыртып атырғанын айтты.

-  Сражатдин аға декан болып сайланды, сени оқыўға шақыртып атыр,- деди ол. Шынын айтқанда, институты дым сағынып жүр едим, қуўанып кеттим. Сөйтип, студентлик дүньяға үш ярым жылдан қайта араластым. Аудиториядағы студентлердиң ҳәммеси де таза қыз-жигитлер еди, өзим менен қатарлары санаўлы болып, көпшилиги өзимнен кишкене еди. Демде-ақ бәри менен тил табысып кеттик.

-  Институтта оқып жүргенде пьессада ойнаўғада қызыққанман. Ол ўақытлар факультетлерде бәҳәр айында (апрель-май) студентлердиң фестиваллары өткериледи: паркте, институт актовый залында, ҳәўлиде. Сонда қосықлар менен лозунглер шығаратуғын, плакатлар безейтуғын едик. С.Хожаназаровтың «Талўас» пьессасында Таўбай ғарры ролин (1964) атқардым. Соң армиядан кейин П.Тилегеновтың «Бегжап трагедиясы»нда Қанияз баспашы (1967) ҳәм А.Каххардың «Анажанларым» комедиясында (1968) Лектор Амуралиев роллерин атқардым, бул пьесаны өзбек тилинен аўдардым.

-  Институтты 1969-жылы питкериўден-ақ радиода редактор болып жумысқа орналастым. Маған «Жаслық» студиясын тапсырды. Шанияз Мәмбетмуратов арақ ишип кетти ҳәм аўырып қала берди. Сонлықтан 6-7 айлап оның таярлайтуғын азанғы соңғы хабары да мениң мойныма шөкти. Айлық 90 манат, азы-кем гонорар аламыз, жай жоқ, квартирантпыз. Сонда да қарнымыз тоқ еди. 1968-жылы гүздиң аяғында үлкен қызым Дилбар туўылды.

 -  Бул жыллары қосықларды көп жазатуғын едим. Радиодан, телевидениеден оқыйман. Газета-журналларда басылады.

-  1970-жылы туңғыш китабым- «Саған асығаман» деген ат пенен 1 баспа табақ көлеминде басылып шықты. Кирттай китап болса да мен ушын қуўаныш еди, пулына телевизор алдық.

-  Телевидениеде әдебият ҳәм драма редакциясының старший редакторы Нәбий Бөрекешовтың Алма-Атаға кетип қалыўына байланыслы 1970-жылы декабрьде мени соның орнына орналастырды. Әлбетте, телевидениеде ислеў қыйын ҳәм қызық еди. Мен мәжбүрий түрде «Телевизиялық миниатюралар театры»на интермедиялар жаза бердим ҳәм соның қәнийгеси болып алдым десем де болады. Сол жыллары «Жаслық» редакциясының ст. редакторы Өмирбай Хожанов студент жаслар арасында «ТЕЗ» жарысын шөлкемлестирип, бул да үлкен сенсацияға айланды ҳәм буларды таярлаўға көп ўақтымыз кететуғын еди. Соң мен редакциямнан қалалық ҳәм районлық мәденият бөлимлери арасында 1 актли пьесалардың жарысын уйымластырдым. Бул да көп таярлықлар менен экранға шығатуғын еди. Абройлы адамлар жюрий ағзалары болды.

-  1972-жылы СССР жазыўшылар союзының ағзалығына қабыл етилдим. Сол жыллары Москвада жазыўшылар аўқамында (союзында) ҳәзирги Қарақалпақ поэзиясы, прозасы талықланды, жақсы баҳа алып қайттық.

-  1972-жылы август айында Краснояр үлкесине совет  әдебияты күнлерине қатнастым. Мениң менен бирге Ташкенттен шайырлар Шуҳрат, Абдулла Арипов, сыншы Азат Шарафатдиновлар қатнасты. Бизлер Красноярскте, Хакас автоном областында болдық. Усы жерде Тува АССР жазыўшылар аўқамының председатели өзбек әдебияты күнлерин өткеремиз деп Қызыл қаласына алып кетти. Саяў таўларының үстинен 420 км жол жүрдик. Хакас, Тува халықларының тиллеринде бизлер менен уқсас сөзлер көп екен. Айрым гәплер толығы менен дерлик сәйкес болып қалады. Туваның көсеми, 1929-жылдан берли обком партиясының биринши секретары, жазыўшы «Слово Арбата» романының авторы Салчик Тока бизлерди 4 рет қабыллады ҳәм өзиниң резиденциясына орналастырды. Әсиресе, ол қарақалпақ халқын туўысқандай көреди екен, банкетлерде мени қасына отырғызып қойды. Оның ҳаялы сов.мин. председателиниң орынбасары екен (Әлийма Гайиповадай), ол бастан-аяғына бизлер менен (обкомның зав.отдел пропагандасы жигит пенен) бирге жүрди, колхоз-совхозларда, көллерде, дәрья жағаларында, тоғайларда отырыспалар болды. Поэзия күнлери үлкен байрамға айланды. Телевидениесинен өз тилимизде, рус ҳәм тува тиллеринде қосықларымыз оқылды, республикалық «Шын» («Правда») газетасында ҳәм басқа да газеталарында сүўретлеримиз бенен қосықларымыз басылды.

-  Мениң өзбектиң ҳәзирги халық шайыры Абдулла Арипов пенен дослығым сол 1972-жылдан басланды. Үйинде талай рет болдым, әкеси менен де бир ақшам сәўбетлестим. Әкеси өзин Маңғытпыз деп таныстырды ҳәм бүгинги қарақалпақлар ҳаққында бир қанша саўаллар берип қызықты.

-  1974-жылы екинши китабым «Өмир толғаныслары» жарық көрди. Көлеми 1,5 баспа табақ. Телевидениедеги жумыс, көплеген командировкалар творчестволық жақтан ислеўге мүмкиншилик бере бермес еди. Деген менен республика турмысы менен, оның адамлары менен жақыннан танысыўға жәрдем етти. Мен бармаған район, колхоз-совхоз қалмады десем лап емес. Елликқала районының ашылыўына арнап «Шөл дәстаны» атлы сюжетли поэма жаздым. Соң «Таң ашығы» поэмасы дөреди. Ертеректе «Бәҳәр ҳәм ғаррылар» (1968) поэмасын жазған едим.

ӨЗИМ  ҲАҚҚЫНДА

 

Ижәзат бер, әдил оқыўшым,

Бир шабайын өз байдалыма!

Сен – «қыл көпир», ал, мен- өтиўшиң,

Барсам деймен қосық бағына.

Алдарқатпас ондағы ләззет,

Ҳәзлик қуўып бармайман онда.

Балалықтан жүриппен гөзлер

Талай сапар ғорбаңлап жолға.

Қулағыма оқып ясыйын,

Айтты Бердақ нықыртыңқырап:

«Гәплериме сыйын ба, сыйын-

Ерк өзиңде. Ал, бала бирақ,

Жолай көрме, ҳәтте тегераң,

Қосық жазыў – бул қыйын саўда…»

Әжинияз болғандай жорам:

«Қосық жаз, - дер, - анаў дилбарға».

Енепаттай жыллар ҳайт қойды,

Туңғыш қосық жазғаным қашшан!

Сабаўшы едим иним Айтбайды,

Ерте уйқламай ҳәң ашса ақшам.

Ибрат алып көп китаплардан,

Ужыбатлы бир гәп айтсам деп-

Әрре-тәрре ойларды зордан

Төрт қатарға дизер ем еплеп,

Мен ырзаман парталас қызым,

Қосығымның ырқы сенде еди.

Татып көрип ең әўел дузын,

«Шайырлықты» сездиң мендеги.

Ядқа түссе, күлемен ўақты,

Бир мәртаба оссаннан қалдым.

Тәнҳа саған жазылған хатты,

Муғаллимниң қолынан алдым.

Қосығымды түсинсин қайдан,

Математик муғаллим еди.

Делебеси қозып бир майдан»

«Рахманов оңбайсан!» деди.

Гежир едим, ашыўым келип,

Қайтарсында олыйдым саған:

«Абырайымды айрандай төгип,

Көргениң бе мени, я аўан?!...»

Жыладың сен…

                            Ядымда бәри,

Минберлеттим тамаша көрип.

Әлемәжуўа еттим де тағы,

Үйге қарай жуўырдым келип…

Сол жуўырыс балалықтың да

Ең ақырғы шабысы екен.

Ертеңине сабақ ўақтында

Хатыңды алдым «сүйемен» деген.

Соннан баслап бир мусаллаттай,

Ийретилип жатып қол боста – 

Гей ўақлары үйге де жақпай,

Жазыўдаман.

                   Биразы «тасқа

басылып та» жүрипти базда.

Мени шайыр еткен сол қызға,

Тағдир несип қылмады, лекин.

Гөне дәртти жаңартып не бар?

Күйди сонша болғаным дилгир.

Меннен бурын ержеткен заңғар,

Үйленди оған, бәддуўа болғыр!

Пәк муҳаббат ушын тәбия,

Кеўил қалды от ортасында,

Әлимсақтан бери жәрия

Ышқы ғамы қалды басымда.

- Қыз дегениң таңысық па?-деп.

Геўкеўине түстим басқаның,

Ал, сонда да ең туңғыш рет

Баслап кеткен ышықы дәстанын-

Парталас қыз, ядымдасаң сен,

Талай жыллар кетсе де өтип-

Бир нәўийе тәўекел етсем,

Туў сыртымнан турарсаң оқып.

Сен биринши муҳаббатымсаң,

Ҳәм биринши сыншым, оқыўшым.

Ғайры емессең, мудам жақынсаң,

Елеберин өзиң   ақылшым…

- Шайыр болар,- деседи ғой журт,

Өрли-ғурлы атайын адым.

Ара-тура жиберермен мулт,

Асықтырып мақсет-мурадым.

Сол ўақлары «халтурщик ғой» деп,

Шийткий көрмең қосықларымнан.

«Поэзия-бул мәзи ермек,

Жазғыш болса жазсын роман!»-

Десеңиз де еркиңиз бар-аў.

Мириўбетти түсиниң бирақ.

(Поэзияны ермекке санаў…

Еситпегей буны ҳеш қулақ).

Тырбаңларман ҳәрне ҳалыма,

Дийдимдеги шың қанша алыс!

Кирип барып қосық бағына,

Даңққа етип бир қулақ қағыс – 

Ертип кетсем рухсат алып

Дәрўазаман Ибрайымнан,

Соннан баслап шайырман анық,

Өзиме де сонда қайылман!

                                      1969-жыл.

  

 

Әкем ҳаққында


Театр. Спектакль премьералары, бул балалығымның ең бир жаксы мәўритлерин еслетеди. Шаңарақ ағзаларымыз бенен әкемниң таза пьесасының премьерасына барғанларымыз, спектакльден кейин актерлардың «автор», «автор» «Кеңесбай Рахманов» деп сахнаға шақырғанлары, тамашагойлердиң кетпестен қол шаппатлап турғанлары кешегидей көз алдымда. Сонлықтанда театр,  театр сахнасы мен ушын оғада қәдирли. Бул жерде әкемнин бийбаҳа мийраслары бар.   

Әкем, Кенесбай Рахманов қарақалпақ әдебиятында шайыр, жазыўшы, драматург, журналист сыпатында қәлем тербеткен болсада, театрға меҳри өзгеше еди. Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик музыкалы театрының өзинде оннан артық драмалық шығармалары сахналастырылды. Оның ҳәр бир шығармасында адамгершилик, инсаныйлық пазыйлет, меҳир мириўбет, Ўатанға болған муҳаббат, жаслар тәрбиясы, тоқлыққа шоқлық қылып, ата-анасының әмелине исенип жынаят жолына кирип қалған жаслар аркалы жасларды адасып жаман иллетлерге қосылып қалмаў сыяқлы темаларды көриўге болады. Миллий колоритке бай комедиялары арқалы қарақалпақ халқының өзине тән ҳәзил далкеги менен тил байлығының қай дәрежеде күшли екенлигин далийллейди. Театр оның дөретиўшилигинде оғада әҳмийетли лаборатория ролин атқарады. Узақ өмир жасамаған болсада, 62 жыллық өмири даўамында тәкрарланбас шығармалар жаратып, қарақалпақ әдебиятын өзине тән ғайры нағыслары менен безей алды. 

1975-жылы «Келин» комедиясы менен батыл қәдем басып театрға кирип келген жас драматург, арадан аз ўақыт өтпей урыс темасындағы «Жаралы жүреклер» трагедиясын, буннан соң «О дуньяга мирәт» трагикомедиясын, «Лаққылар емлеўханада» комедияларын театрға әкелип, режиссёрларды да актёрларды куўантырып, тамашагөйлердин алғысына мияссар болады. Соны да айтып өтиў керек, қарақалпақ әдебиятында трагикомедия жанрын биринши мәртебе киргизген драматург есапланады. Бир-бирин тәкрарламайтуғын темалардағы сахналық шығармалары театр репертуарында узақ жыллар даўамында жүрип турды. Бул шыгармалар халыкка жакын, олардын ушырма гәплери менен ўақыяларға байлығы, күндеги көрип жүрген, еситип жүрген ўақыялар көркелик жақтан байытылған, халықшыл болғанлығы себепли, тамашагөйлер келип көриўге еринбеди. Көрген сайын және көриўге асығар еди.   Шамурат Отемуратов, Маржан Халмуратова, Оразгул Даулетова, Оразбай Умиткулов, Досберген Ранов, Хожаберген Айымбетов, Ажар Ансатбаева, Райхан Сапарова, Есимбет Саекеев, Балтанияз Кайпов, Жалгас Султабаев, Мамбетбай Садыков ҳәм басқада устаз актерлар автордың шығармаларындағы образларды ҳәз етип ойнады, шеберлик пенен атқарды.

 Н.Ансатбаевларды миллий драматургиямыздың сол ўакыттағы жағдайы канатландырмас еди. Жазыўшылар аўкамы менен Мәденият министрлиги биргеликте барлық жазыўшы, шайырларды театрға жыйнап семинар өткереди. Онда жаңа дәўирге ылайык пьесалар дөретиў ҳаққында сәўбетлеседи. Семинар соңында, Қуўатбай аға    «Мен пьеса жазып акелсем, коясызба?» деп әкем сораў береди, Қуўатбай аға «Сен пьеса жазып мениң қоймаған ўақтым болдыма?» деп сораўына сораў менен жуўап береди. Бул ўакытлары телевидениеде минатюралары менен сатиралық жанрда халқымызға жақсы танылган жас жазыўшы, енди пьеса жазыў ушын кириседи. 

Арадан жигирма куннен кейин театрға «Келин» пьесасы менен кирип келеди. Пьеса сюжети, онын сада тили тек театрға емес путкил халыкка унайды. Қ.Абдиреймов пьесаны окыў менен дәрҳал сахналастырыў ушын таярлыққа отырады. Пьесада сол ўакыттағы аўыл турмысына, адамлардың жасаў тәризине жас келин Айшахан көнбейди. Аўыл турмысын заманагөйлестириўди, аўыл жаслары спорт пенен шугылланыўы ушын спорт зал қурыў керек, ескиликтин қалдықлары менен гүресиў керек деп әтирапындағыларды да исендиреди. Бул бүгинги күндеги заман қаҳарманымыздың да идеялары. Сонын менен пьесада сада кемпир-ғарры Дарымбет пенен Улбийке, аўыл жигити Рысназар, тракторшы Сатпан өзлериниң садалығы менен күлки туўдырып отырады. Усылайынша халықшыл комедия пайда болган еди.

Буннан кейинги пьесасы «Жаралы журеклер» трагедиясы болды. Режиссёр Н.Ансатбаев бул классикалык шығарма дәрежесинде сахналастырды. Пьеса Ўатандарлык урыс жылларында каракалпак аўылларынын биринде болып өтеди. Онда урыс себепли бир шаңарақтың қаңырап калыўы корсетиледи. Пьеса ўақыялары, Баймуратты уйлендирген Сапар ата менен Зернегул шешениң қуўанышлы турмысы менен басланады. Қуўаныш көпке созылмай, урыс басланып,  Баймуратты фронтка алып кетеди. Келини Карийманы қашқын Бодық оны өлтирип кетеди. Арадан коп өтпей Баймураттан қара хат келеди. Фронтка кишкене улы Аймуратта кетеди. Елимиз жеңисти байрамлап атырғанда, Аймураттан қара хат келеди. Сапар ата-«Қос гаўҳар шамшырағымнан айрылдым» дегенде кемпир-ғаррының қайғысына путкил тамашагойлер жылап, урыска налет айтты. Автор трагедияда унамлы ҳәм унамсыз қаҳарманларды шебер сүўретлеп, олардың ишки дүньяларында көрсетип бере алған. Нажиматдин Ансатбаев спектакльде актерлар ансамблин дузип, сол дәўирди көрсетип берген болса, художник Ислам Алибеков урыс дәўириндеги қарақалпақ аўылының көринисин сахнаға алып шығады. Пьесада, спектакльде сол дәўирдиң өзинде классикалық шығармага айналады.

Буннан кейинги шығармасы «О дүньяга мирәт» трагикомедия жанрында жазылып онда жамийетимизде ушырасатугын жаман иллетлерден аўлақ болыў, «парахор»лық, «қыянет», адамгершилик, «меҳир мириўбет» пенен перзент тәрбиясы сыяқлы мораллык темалар көрсетиледи. «Лаққылар емлеўханада» комедиясыда халқымыздың ушырма гәплеринен қуралсада, перзент тәрбиясынан шетлеп өтпеген.

1978-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагойлер театры да К.Рахмановтың «Егленген бәҳәр» драмасы менен өзиниң биринши пердесин ашады. Онда жаслардың басламасы менен тың жерлерди өзлестириўи, ондағы ушыраскан қыйыншылықлар сөз болады. Бул театрда «Тоғыз тоңқылдак бир шиңкилдек» ертек тийкарында жазылган пьесасы, «Ат қазыгын айланып…» драмалары сахналастырылды. 

1980-90-жыллар «Мынлардын бири» музыкалы драмасы, «Жетинши папам» комедиялары сатли сахналастырылып тамашагөйлердиң алғысына мияссар болды.

Мәмлекетимиз Ғәрезсизликке ерискеннен сонда драматургияда жаңа шығармалар жаратты. «Ынжыктын мухаббаты» комедиясы онын Ғәрезсизликтиң дәслепки жылларында жазылған пьесасы болды. Спектакль көп жыллар даўамында репертуарда журип турды, ҳәзирги ўакытта телевидение арқалы берилип турғанлықтан, жасы үлкенлерден киши жастағы тамашагөйлерге шекем суйип тамашалайды, қаҳарманлардың ҳәр бир ҳәрекети ҳәм сөзи яд болып кеткен. 

«Қөдирен гуллер» драмасы, «Абыйга бабый» комедиясы, «Өлим жазасы» трагедиясы, «Яр дийдары» музыкалы драмасы, «Пайғамбар жасындагы күйеў» комедиясы, «Едиге» музыкалы драмасы Ғәрезсизлик жылларының жемислери. Ҳәр биринде инсан тәғдири онын жамийеттеги орны, шаңарак тынышлығы ҳәмме нарседен үстин екенлиги көрсетилген.

К.Рахманов  өмириниң ақырына шекем Ўатанын, халқын, өмирди суйип жасады ҳәм буны барлық шығармаларында көрсете билди. Драмалык шығармаларында да, поэзиялык қатарларында да, прозалық шығармаларында да кориўге болады. 

 Мәселен, «Аўылды сагыныў» деген қосығында

Жәннет деген бары-жоғы белгисиз,

Аўылым бар сол жәннетке бергисиз.

«Жабаныңда қызыққандай не бар?»-деп

Жаманламаң туўып-өскен елди, сиз-  туўылған жерин жәннет пенен теңлестирип өзиниң патриотлық сезимин билдирсе, «Халқым» деген қосығында 

Халқым менин анкылдақ,

Не айтсаң да қайрылар.

Сәл нарсеге паңқылдап,

Көп норседен айрылар.

 

Минези бар жайдары,

Ҳазар бермес шыбынға.

Қуўа қойса пайданы,

Тап болады шығынға.

 

Деп халкымыздың ашық кеўилли минезин толык ашып бере алған, бул оның ҳәр бир драмалық шығармасындағы қаҳарманлардың характеринде көрсете билген. 

 

Бир қысым топырағыңа тамшы қан тамса,

Талыңнан бир путақ сынса шақадан.

Бир туп емениңди өрт-жалын шалса,

Тек мен айыплыман, жазала, Ўатан!

 

Бул косығы шайырдың 27 жасында жазған қосығы болсада, өмириниң ақырына шекем Ўатанды суйип, көз қарашыгындай кастерлеп жасап отти.

 

Перзент ушын оз ата-анасы дуньядагы ен жаксы, мийримли ата-ана болып табылады. Ҳақыйкатында да менин әкем дуньядагы ең кишпейил, кеўли дарьядай кең, перзентлерине мийримли әке болды. Шаңарағымызда бир ул, алты қыз болсақ ҳәр биримизге мехир берди, еркелетти, керек жеринде тәрбия берди.  Анам Қалжан менен татыў жасады.  Әкемнин толық дөретиушилик пенен шуғылланыўында анамның мийнетлери көп деп ойлайман, себеби әкемнин жумыс ислеўине толық имканиятлар жаратып берди. Бизлердиң оқыўмыз, тәрбиямыз, үйдеги барлык хожалык жумыслары бәри-бәри менен өзи шуғылланды. Ҳәр күни үйимизде қонақ болсада, «неге күнде қонақ әкеле бересең»-деп қабағын үйип ашыўланған ҳаял емес. Керисинше қонақларды жыллы жузлик пенен кутип алып, хызмет етер еди.  

      –«Тыныш, папаң жумыс ислеп атыр шаўқымласпаң» деген созлери ҳәммемизге сиңип қалған. Папам жумыстан келиў менен уйимизде тынышлык сакланып, көпшилигимиз қыз болғанлықтан әкениң алдында қатты күлиўге, бақырсыўға болмайды-деген тәрбия менен өсирген анама миннетдар болып,  үйде көрген тәрбиямызды енди балларымызга бериуге ҳәрекет етип атырмыз.     

Әкежан, анамның сизиң арқанызда ҳәммемизде жоқары мағлыўматлы кәсип ийелеримиз, ҳәммемиз де шанарақлымыз. Арамыздан кеткенинизге де 16 жылдан асты, бирак сизин жоклыгынызга хеш исенгим келмейди. Қыялымда ҳәзир үйде жумыс ислеп отырғандай бола бересиз, асығыс кирип бараман. Жумыс ислейтуғын бөлмеңизде ҳәмме нәрсениз өз-орнында, өзиниз бардағыдай тақ-туйнактай тур. Тек сиз жоксыз. Сизиң таныс даўсыңыз, күлкиниз еситилгендей туйиледи. Атылып шығып қарайман, иним Бахадыр сизиң орныңызда отырып балларын еркелетип атырғанын көрип, сизди көргендей боламан. «Ат туяғын тай басар» деген усы екенғо. Тап сизге уқсап балларына меҳир берип атырған инимди корип қуўанаман. Соңғы демиңизге шекем бизлерди қандай етип жақсы көрген болсаңыз, жазған дөреткен мийнетлериңизди де соншелли қәстерлединиз. Бүгин анам бул бий баҳа мийрасларыңызды көз қарашығындай қәдирлеп отыр. Барлық берген ўәделеримизден шыға алмасақта, айрымлары орынланып атыр. Өзиңиз дүньядан өткеннен кейин «Абыйға бабый», «Өлим жазасы», «Яр дийдары», «Пайғамбар жасындағы күйеў», «Едиге», «Мухаббат самалы» пьесаларыңыз сахналастырылды, «Пайгамбар жасындагы куйеў» романы, «Туңғышымыз қыз болса», «Сәлем жаңа әўлад», «Сен ҳаққында қосық» косык китаплары баспадан шыкты. 

Әкежан, тири болганынызда бугин 78 жасты толтырган болар единиз. Илаж қанша, тәғдирди өзгертирип болмайды, өмир жасыңыз узақ болмасада, жазған рухый байлыкларыныз мәңгилик болғай.

Қызыңыз     Гаўҳар


Похожие новости

Ансатбаев Нажиматдин Ansatbaev Najimatdin

Қарақалпақстанда хызмет көрсеткен артист, Өзбекстан халық артисти, Бердақ атындағы мәмлекетлик

18.10.20 Nuraniyler / Faxriylar / Ветераны / Veterans
Театр директорының орынбасары НИЕТУЛЛАЕВ АСАН ХОЖАБАЕВИЧ

10.10.20 Руководство / etakchilik / Heads / Искерлик
Театрда өзин-өзи тутыў тәртип қағыйдалары

01.10.20 Театрда өзин тутыў тәртип қағыйдалары
Шынықулова Светлана Усеновна

Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист

07.09.20 Nuraniyler / Faxriylar