Театрда өзин-өзи тутыў тәртип қағыйдалары
orazbay 1-10-2020, 10:35 643 Театрда өзин тутыў тәртип қағыйдаларыТеатрда өзин-өзи тутыў тәртип қағыйдалары
Қәдим заманлардан театрға барғанда байрамға барғандай болып кийинип барыў әдетке айланған.
Театрға джинси, спорт кийими ҳәм спорт аяқ кийими менен кириў қадаған етиледи.
Театрға билет алып келгенде ғана кириў мүмкин. 5 жастан асқан балаларға да билет алынады. Бес жасқа дейинги балалар кешки спектакллерге киргизилмейди.
Үшинши қоңыраўдан соң залға кириў есиклери жабылады ҳәм спектакль басланады.
Спектакль басланғаннан соң тамаша залына кириў қадаған етиледи.
Егер кеш қалған болсаңыз, қадағалаўшы хызметкерге мүрәжәәт етиң, олар Сизди залға 1-ши ямаса 2-ши фойе арқалы кириўиңизге жәрдем береди. Билет ямаса мирәтнамаға муўапық залдағы орныңызды тек ғана антракт ўақтында ийелеўиңиз мүмкин болады.
Егер орныңыз бәнд болса, жәрдем сорап қадағалаўшы хызметшиге мүрәжәәт етиң.
Залға сыртқы кийимде кириў ҳәм тамаша ўақтында бас кийимде отырыўға болмайды.
Қатар аралап жүргенде отырғанларға жүзиңизди қаратқан ҳалда өтиң.
Залға азық-аўқатлық затларды, суў ҳәм басқа да ишимликлерди алып кириў мүмкин емес.
Қол телефонлары ҳәм басқада шаўқымлы үскенелерди өширип қойыў шәрт.
Спектакл ўақтында фото ҳәм видеоға түсириўге театр дирекциясының рухсаты болғанда әмелге асырыў мүмкин.
Тек ғана арнаўлы ажыратылған орынларда темеки шегиўиңиз мүмкин.
Тамаша көриў ўақтында даўыс шығарып мүнасабет билдириў жараспайды.
Көркем өнер хызметкерлерине гүллерди тамаша ямаса концерт тамаланғаннан кейин усынылады.
Спектакл тамамланғаннан кейин сахна пердесиниң жабылыўын ҳәм көркем өнер хызметкерлери тамашагөйлер алдына тәзим бериў ушын шығыўын күтиў лазым.
Залдан антракт ўақтында ямаса спектакль тамам болғанда шығып кетиў мүмкин.
Похожие новости
Театр директорының орынбасары НИЕТУЛЛАЕВ АСАН ХОЖАБАЕВИЧ
Заретдинов Қурбанбай - Бош дирижёр
Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан көркем өнер ғайраткери, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтын лауреаты
Mambetkarimov Joldasbay Tajibaevich
Қарақалпақстанда хызмет көрсеткен мәденият хызметкери (16.11.1957 - 10.07.2022)