(97) 789 38 79 (91) 384 70 69 berdax_teatr@mail.ru TG KK UZ RU EN
Регистрация
все шаблоны для dle на сайте newtemplates.ru скачать

Шынықулова Светлана Усеновна

orazbay 7-09-2020, 09:33 658 Nuraniyler / Faxriylar


Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист 

Шынықулова Светлана Усеновна

 

 1965-жылы 17-февральда Нөкис қаласында дүньяға келди.

Сахнада атқарған еӊ дәслепки қосығы «Анажан» атлы қосығын  5-классында атқарып шыққан. Оныӊ көркем өнерге болған қызығыўшылығы қосықшы боламан деген арзыў нийетлери Жапақ Шамуратов атындағы көркем өнер училищесине алып келеди. Бул жердеги устазы Өзбекстан ҳәм Қарақалпақсан халық артисти Базарбай Надировтан қосық айтыў сырларын үйренди. 

1984-жылы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрына жумысқа киреди. Сол жылы Дағыстан Республикасыныӊ Мақаш қаласында ҳәм Қазақстан Республикасында, Өзбекстан Республикасы Ташкент қаласында ҳәм Хорезм ўәләятында өткерилген мәденият күнлерине қатнасқан.

 Ол актёр сыпатында дәслепки роли Мольердиӊ «Гүӊелек қыз ҳәм тәўип» спектаклинде Люсинда образы қазақ драматурглери Қ.Байсейтов ҳәм Қ.Шаӊқытбаевлардыӊ «Ұш бойдақ» спектаклинде Айсулыў, Т.Сейтжановтыӊ «Мени судлаӊлар» спектаклинде Сәўле, С.Хожаниязовтыӊ «Сүймегенге сүйкенбе» спектаклинде Ажар, Н.Дәўқараевтыӊ «Алпамыс» спектаклинде Гүлпаршынныӊ жеӊгеси образларын атқарып шыққан. 

Хор жәмәәтинде солистка болып қосық айтқан. Мысалы: Қ.Заретдиновтыӊ «Арал муӊы», Қарқалпақ халық қосығы «Налыш», З.Лепесовтыӊ «Мен бар жерде», «Кеўил толғанысы» ҳәм басқада қосықларды атқарып шыққан. Республикалық масштабта өткерилген Ғәрезсизлик ҳәм Наўрыз байрамларында қосықлар атқарып шыққан. 

Ол өмирлик жолдасы актёр Жаӊабай Өтепбергенов пенен биргеликте еки қыз ҳәм бир улды өсирип камалга келтирген. 

2000-жылы оған Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артист атағы берилди.























































































































































































































































Похожие новости

Театр директорының орынбасары НИЕТУЛЛАЕВ АСАН ХОЖАБАЕВИЧ

10.10.20 Руководство / etakchilik / Heads / Искерлик
Ансатбаев Нажиматдин Ansatbaev Najimatdin

Қарақалпақстанда хызмет көрсеткен артист, Өзбекстан халық артисти, Бердақ атындағы мәмлекетлик

18.10.20 Nuraniyler / Faxriylar / Ветераны / Veterans
Театр тарийхына - 90 жыл, 1926-2016

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры 90 жыл

10.10.20 История театра / teatr-tarihi / History of the theatre / Teaтр тарийхы - КК
Театр тарийхи ҳақида маълумот

09.10.20 История театра / teatr-tarihi / History of the theatre / Teaтр тарийхы - КК
ЖАҚСЫМУРАТ БАБАНОВ

Қорақалпоғистонга ҳизмат кўрсаткан артист Қорақалпоғистон ҳалқ артисти

18.09.20 Исторические личности / tarixiy-insonlar / Historical persons / Taрихый инсанлар - КК