1-декабрь — Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн!
orazbay 1-12-2020, 10:05 807 Yangiliklar / Жаңалықлар"АНА-ТИЛИМ"
Ҳәр бир перзент тилин туў етиў дәркар,
Ол сүрниксе халық тынығы ылайтар.
Қарақалпақша сɵйлемесең саўдырап,
Кеўилдиң қумары қаяқтан тарқар.
Егер, сен жойтылсаң... онда халқың жоқ,
Халықсыз қалсаң манқуртлардан парқың жоқ,
Онда бул топырақ қалғаны тилден.
Онда мениң буннан аўыр дәртим жоқ.
Ул туўмас ҳаял жоқ турарын айтың,
Дүнья таппас ер жоқ, қурарын айтың,
Тилди кɵркейткенлер гүлдей кɵгерип,
Қаст еткенди Қудай урарын айтың.
Зибаныңнан исмиң түсирмей толға,
Урпақларыңа көз сүздирме жолға,
Елден тил, тилиңнен ел үзилмегей,
Яратқан, халқымды қоллайгɵр, қолла!
Х. Дәўлетназаров.
1-декабрь — Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн!
Ана менен байланыса келетуғын санаўлы сөзлер қатарынан орын алған ана тилимизге мәмлекетлик тил бийлиги берилгенине бүгин саррас 31 жыл толды.
Солай екен, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик музыкалы академиялық театры жәмәәти атынан бүгинги байрам менен гүллән халқымызды қутлықлаймыз.
Өзимизди, өзлигимизди аңлатыўшы тилимиз мәңгилик болсын!
Таярлаған: Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик музыкалы академиялық театры вокал артисти Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист Бахтияр Жуматаев.
Похожие новости
Театр директорының орынбасары НИЕТУЛЛАЕВ АСАН ХОЖАБАЕВИЧ
Ансатбаев Нажиматдин Ansatbaev Najimatdin
Қарақалпақстанда хызмет көрсеткен артист, Өзбекстан халық артисти, Бердақ атындағы мәмлекетлик