Палӯанов Сапарбай
orazbay 18-09-2020, 16:57 426 Исторические личности / tarixiy-insonlar / Taрихый инсанлар - ККСапарбай Палванов
Өзбекстанда хызмет көрсеткен артист, Қарақалпақстан халық артисти, Бердақ атындағы мәмлекелик сыйлықтың лауреаты
1937 - 1999
Сапарбай Палванов - қарақалпақ музыка мәдениятының көрнекли композиторы, хор ҳәм симфониялык оркестри дирижёры, оқытыўшысы ҳәм жәмийетлик ғайраткер болып есапланады.
С.Палванов 1937-жылы Туркменстанның Ташаӯыз областында туӯылады. 1957-1961- жыллары Ашхабад музыка билим журтын баян саз әспабында оқып питкереди.
Оннан соң, 1961-1966-жыллары ол Ж.А.Римский-Корсоков атындағы Ленинград мәмлекетлик консерваториянын хор дирижёрлыгы факультети профессор Н.В.Романовскийдин басшылығында тамамлайды.
С.Палванов 1966-жылдан баслап Ж.Шамуратов атындағы Нөкис көркем-өнер билим журтының оқытыўшысы, 1971-жылы Бердақ атындағы филармонияның жаңадан ашылған симфониялық оркестринин ҳәм музыкалы драма театрынын бас дирижёры болып иследи.
1991-1995-жылға шекем Ажинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалык институтынын хор дирижёрлыгы кафедрасының доценти ҳәм кафедра баслығы лаўазымын атқарды. С.Палванов көплеген хор жәмәәтлериниң шөлкемлестириӯ басшысы сыпатында республикада белгили табысларды қолға киргизди.
Ол таярлаған көркем ҳәӯескерлик ҳәм қәнийгелик хор жәмәәтлери өзлериниң жетискенликлерин Қарақалпақстанда, Ташкентте, Украинада, Россияда ҳәм басқа да республикаларда көплеген концертлер ҳәм конкурсларда табыслы дарежеде хор көркем-өнерин халықка көрсетип ҳәм бул жанрда избе-излик пенен раӯажландырып келди.
Натийжеде, хор басшысының шөлкемлестириӯшисиниң ҳәм бул өнерди көпшиликке таратыӯшының тәбийий таланты оны атқарыӯшылықтан дөретиӯшиликке алып келиӯи қызықлы натийжелер бермекте.
С.Палванов республиканың ерлер, хаял-қызлар, балалар ҳәм аралас хорлары ушын 30 дан аслам шығармалар жазды.
Солардан: «Ўатан», «Республикам», «Солдат анты», «Дала әрманлары», «Бердақ халық пенен», «Туӯылган жер», «Жасыл жайлаӯларым», «Аралым», «Айрылса», «Дембермес», «Айралық», «Арыӯхан» ҳ.т.б. хорлары гармониялык, полифониялык капелла усылындағы хорлары, халқымызға сүйкимлилиги жағынан үлкен тәсир қалдырмақта.
С.Палвановтың барлық жанрдағы дөретпелеринде таланты, шаршамас үзликсиз мийнетиниң арқасында композиторлық кәсиптин қупыя сырларын ажайып тиллерин, тәсир етиӯ қуралларын өзинше менгериуи айқын сезиледи.
Онын қосық ҳәм романстан хор, музыкалы драма ҳәм симфониялык поэма қусаған шығармалары мелодиялық раӯажланыӯ, гармониялық безеӯ, полифониялық ҳәм оркестр қураллары арқалы кеңнен байытылған.
Сонлықтан да, композитордың әпиӯайы журекке жағымлы ҳәм тыңлаӯшылар ядынан шықпас намалары көплеген атқарыӯшылар көркем өнер жәмәәтлери тәрепинен үйретилип барылмақта.
Композитордың «Наӯрыз-бәҳар байрамы», «Безбесең еди аӯ», «Қәлимбет кассап», «Келип кет», «Ғәрезсизлик» қосықлары атқарыӯшылар репертуарынан орын алған. С.Палванов музыкалы драмалар жазыӯ бойынша айтарлыктай табысларға еристи. Ол, «Жалынлар», «Тикленген туӯ», «Мыңлардын бири», «Жалаңаш корол» /Х.Андерсенниң ертеги бойынша/ «Аяз баба ҳәм Санта клоус» ҳәм «Қарақшылар», «Адамлар қалай бузылған», сыяқлы музыкалы драмаларға музыка жазды.
«Келип кет», Ажинияз сөзине жазылған бул романс ири даӯыслар ушын жазылган болып, 3 бөлимли формада (классик формаға жақын) жазылған болып, романс стилинде жазылған шығарма.
Романстың басланғыш бөлими әстен ҳәм ойлы түрде басланса, ортанғы бөлим кульминацияға шығып, нама тезлиги де мазмунға сай тезлетилип, атқарыӯшыдан үлкен шеберликти талап етеди, ал сонғы бөлим, биринши бөлимнин қысқа түри болып, кода менен байланысады.
Көп жыллық атқарыӯшылық, оқытыўшылық ҳәм композиторлық тәжирийбеси оны улыӯма билим бериӯши мектеплер ҳәм музыка билим журтлары ушын сабақлық бағдарламаларды ҳәм китапларынан 2-ши, 7-класслар ушын қосық музыка сабақлығын баспадан шығарды.
С.Палванов Қарақалпақстанның бир қанша көркем-өнер декадалары, ҳәптеликлери, ушырасыӯларына өзиниң дөретиӯшилиги ҳәм атқарыӯшылығы менен белсене қатнасты.
Ол, Өзбекстан композиторлар аӯқамының ағзасы. 1993-жылы Қарақалпақстан Республикасының гимнин дөретиӯшилердиң қатарынан белгили орынға ийе болды. С.Палвановтың Қарақалпақстан музыка мәдениятына қосқан салмақлы үлеслерин ҳүкиметимиз тәрепинен жоқары баҳаланып оған Өзбекстанда хызмет көрсеткен артист, Қарақалпақстан халық артисти, Бердақ атындағы мәмлекелик сыйлықтың лауреаты, медал ҳәм Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланған.
С.Палванов 1994-жылы Доцент илимий атағын алыӯға миясар болды. С.Палванов 1995-1996-оқыӯ жылына баслап Ж.Шамуратов атындағы Нөкис мәмлекетлик көркем-өнер билим журтынын хор классы ҳәм музыка теориясы сабақлары бойынша оқытыўшы хызметин атқарды.
Композитор 1999-жылы қайтыс болды.
Похожие новости
1926-2022 жылларда сахналастырылған спектакльлер
1926-2022 жылларда сахналастырылған спектакльлер ДИЗИМИ
1926-2022 жылларда сахналастырылған спектакльлер
1926-2022 жылларда сахналастырылған спектакльлер
Театр тарийхына - 90 жыл, 1926-2016
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры 90 жыл