(97) 789 38 79 (91) 384 70 69 berdax_teatr@mail.ru TG KK UZ RU EN
Регистрация
все шаблоны для dle на сайте newtemplates.ru скачать

Ибрайым Юсупов 92-жаста

orazbay 5-05-2021, 11:43 580 Yangiliklar / Жаңалықлар

   5-май күни Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсуповтың 92-жасқа толыўы мүнәсибети менен, «Тил, мәденият ҳәм дөретиўшилик: заманагөй билимлендириўде жаслар тәрбиясы мәселелери» атамасында республикалық илимий-әмелий конференция болып өтти. 

     Конференция қатнасыўшыларына, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры симфониялық оркестри жәмәәти менен бирге театрымыздың вокал артистлери Өзбекстан халық артисти, Қарақалпақстан ҳәм Түркменстан Республикаларына хызмет көрсеткен артист Мырзагүл Сапаева, Өзбекстан, Қазақстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына хызмет көрсеткен артист Роза Қутекеева, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист Элиза Айтниязова, Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист Дарибай Хожабергенов, «Ниҳол» мәмлекетлик сыйлығының лауреаты Наўрыз Мухаммедияров  ҳәм Мәдияр Бекполатовлар тәрепинен концерт бағдарламасы қойып берилди.










Похожие новости

Театр директоры НИЕТУЛЛАЕВ АСАН ХОЖАБАЕВИЧ

10.10.20 Руководство / etakchilik / Heads / Искерлик
Ибрайым Юсупов 92-жаста

05.05.21 Yangiliklar / Жаңалықлар
Театр тарийхи ҳақида маълумот

09.10.20 История театра / teatr-tarihi / History of the theatre / Teaтр тарийхы - КК