(97) 789 38 79 (91) 384 70 69 berdax_teatr@mail.ru TG KK UZ RU EN
Регистрация
все шаблоны для dle на сайте newtemplates.ru скачать

Аллаяр Досназаров 125-жаста

orazbay 8-05-2021, 15:04 365 Yangiliklar / Жаңалықлар

       Усы жыл 8-май күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер Аллаяр Қораз улы Досназаровтың 125-жасқа толыўы мүнәсибети менен «А.Досназаров ҳәм Қарақалпақстанның жаңа тарийхы» атамасындағы республикалық илимий-теориялық конференция болып өтти.

        Конференцияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары, ҳүкимет ағзалары, Қазахстан Республикасының Алма-ата қаласы Қарақалпақ миллий-мәдений орайы ҳәм Ақтаў қаласындағы «Аллаяр жолы» Қарақалпақ миллий-мәдений орайы ўәкиллери, министрлик ҳәм мәкемелер басшылары, республикамызға белгили илимпазлар, жазыўшы-шайырлар, Аллаяр Досназаровтың урпақлары, кеӊ жәмийетшилик ҳәмде ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

        Конференция қатнасыўшылары Аллаяр Досназаровтың өмири, мийнет жолы, оның репрессияға ушыраўы ҳәм ақланыўы ҳаққындағы жаңа мағлыўматларға ийе болды. Сондай­‑ақ, баянатшылар тәрепинен Аллаяр Досназаровтың атын мәңгилестириў бойынша бир қатар усыныслар киритилди.















 

Похожие новости

Аллаяр Қораз улы Досназаров 125-жаста

07.05.21 Yangiliklar / Жаңалықлар
Театр директоры НИЕТУЛЛАЕВ АСАН ХОЖАБАЕВИЧ

10.10.20 Руководство / etakchilik / Heads / Искерлик
Ибрайым Юсупов 92-жаста

05.05.21 Yangiliklar / Жаңалықлар
Ансатбаев Нажиматдин Ansatbaev Najimatdin

Қарақалпақстанда хызмет көрсеткен артист, Өзбекстан халық артисти, Бердақ атындағы мәмлекетлик

18.10.20 Nuraniyler / Faxriylar / Ветераны / Veterans