(97) 789 38 79 (91) 384 70 69 berdax_teatr@mail.ru TG KK UZ RU EN
Регистрация
все шаблоны для dle на сайте newtemplates.ru скачать

МАМУТОВ ​ЮЛДАШ 1914-1991

orazbay 3-10-2020, 16:30 974 Исторические личности / tarixiy-insonlar / Historical persons / Taрихый инсанлар - КК


Юлдаш Мамутов

  Қарақалпақстан ҳәм Өзбекстан  халық артисти,

Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты

(1914-1991)

Юлдаш Мамутов 1914-жылы Шымбай районында жарлы дийхан семьясында дүньға келеди. Онын балалық дәӯири, жүдә аӯыр жылларға туӯры келди. Күн көрис ушын байлардың қой-ешкилерин, қозы-ылақларын бағыӯға мәжбүр болады. 

Оның көркем өнерге болған қызығыӯшылығы, әсиресе қосыққа болған ықласы усы қула дүзде шопан болып, жанлық бағып жүрип еркин айтқан қосықларынан басланса әжеп емес.

Оның усы қосық айтыӯға болған қызығыӯшылығы нәтийжесинде 1934-жылы Қарақалпақстанлы бир қатар талантлы жаслар менен биргеликте Москвадагы Луначарский атындағы театр көркем өнер институтының студенти болыӯ бахтына мияссар болады.

Ю.Мамутов ҳаққында О.Пыжова, Б.Бибиков ҳәм уллы рус актер В.И.Качаловлар жүдә жақсы пикирлер айтты ҳәм жазыӯларында қалдырды.

Усы қарақалпақ студиясының диплом жумыслары болған «Биринши атлы армия» спектаклинде Гордей Картыч, «Скапенниң ҳийлеси» спектаклинде бай саӯдагердин еси жарым баласы Актав роллерин атқарып муғәллимлердиң мақтаӯларына сазаӯар болды.

Солай етип, 1939-жылы 27-қыз-жигитлер иниститутты питкерип қарақалпақ театры тараӯында биринши профессионал актер қәнигелигин ийелеп ӯатанына қайтып келеди.

Әне сол дәӯирден баслап қарақалпақ миллий театр тарийхында уллы бурылыс басланды.

Енди театр сахнасында саӯатлы профессионал дәрежесинде спектакллер сахналастырыла баслайды. Сол спектакллерден «Алпамыс»та Алпамыс, «Скапенниң ҳийлесин» де Скапен, «Майсараның ҳийлесин»де Хидоят қусаған роллер Ю.Мамутовқа тапсырылады ҳәм сахнада   өзиниң ең жетик, ҳақыйқый театр спектакллери болып өзиниң образлық шешимлерин тапты.

Ол сахналастырған спектакллердиң дерлик барлығында бас қаҳарманлар образларын жаратып халықтың жүрек төринен терең жай алды. Ол дөреткен жүзден зыят образлардың ҳәр қайсысы өз алдына бир дүнья болып театр репертуарына кирди.

Олардан «Табыттан шыққан даӯыс»та Мақсым, «Левониха Орбитада» Маздуков, «Америка Ҳаӯазында» Кидд, «Тартюф»да Тартюф ҳәм басқа да роллери кең жәмәәтшиликтиң дыққатына түсти ҳәм театр сыншыларының әдил баҳаларын алды.

Ол актерлық дөретиӯшилиги менен шекленип қалмастан режиссура тараӯында да өзин сынап көрди.

1949-жылы ол Ж.Аймурзаевтың «Айгул Абат» пьесасын сахналастырды. Өзи бас қаҳарман Абаттың ролин ойнады. 

Соннан баслап оның дөретиӯшилик өмиринде көплеген спектакллер пайда болды: Н.Дәӯқараевтың «Алпамыс», С.Тажимуратовтың «Питпей турған портрет», С.Хожаниязовтың «Талӯас», Г.Хугаевтың «Мениң қатынымның байы», П.Тилегеновтың «Жынаятшы ким» - спектакллери театрдың алтын байлығына айланды.

1969-жылы Ташкентте Қарақалпақ театр күнлериниң өтиӯине байланыслы Ю.Мамутов И.Махсумовтың «Наӯайы Астрабадта» спектаклин сахналастырды.

Спектакль Ташкент тамашагөйлерине мақул болды. Сыншылар спектакльдиң қурылысына, сахналастырылыӯ жаңалығына ҳәм режиссерлық ой пикир, шешимлерине тән берди.

Әсиресе Ю.Мамутовтың даӯысы, қосық айтыӯға шеберлиги, сөзлерди анық жеткерип бериӯи халыққа жүдә унады. 

Юлдаш Мамутовтың халық алдындағы мийнетлери Ҳүкимет тәрепинен әдил баҳаланып барылды. Ол көплеген медаллар, Ҳүрмет жарлықлары ҳәм атақлар менен сыйлықланды. Ол бириншилерден болып Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты болды.

Қарақалпақ театр көркем өнериниң раӯажланыӯында, бүгинги дәрежеге жетиӯинде көплеген жулдызларымыз өзлериниң жарық сәӯлелерин төгип кеткен. Бул уллы талант ийелериниң ислеген мийнетлери ҳаққында, биз айтыӯдан, халыққа жеткериӯден  жалықпаймыз.

 Юлдаш Мамутов өзиниң актерлық сахна шеберлигинде қарақалпақ театрында өзинен кейинги әӯладлар ушын үлкен бир мектеп жаратып кетти. 

Улыӯма айтқанда Ю.Мамутов халқымыздың ең сүйикли актерларының бири еди. Оның уллы тулғасы, жарқын келбети, шийрин ҳаӯазы кеӯиллеримизде мәнгиликке жай алды.

 

ЮЛДАШ МАМУТОВ

  Қорақалпоғистон ва Ўзбекистон  халқ артисти,

Бердақ номидаги давлат мукофотининг лауреати

( 1914 - 1991 )

         Юлдаш Мамутов 1914 йили Қорақалпоғистон Республикаси Чимбой туманида тӯғилади.

      1934-йили Москва шаҳридаги Луначарский номидаги театр санъати (ГИТИС) институтига кириб ва 1939 йили тугатиб умрининг охиригача театр саънатига боғишлайди. У актер ва режиссёр сифатида танилган.

  У ижиро этган роллардан:  «Табыттан шыққан даўыс»та Мақсым, «Левониха Орбитада» Маздуков, «Америка Ҳаӯазында» Кидд, «Тартюф»да Тартюф ва бошқада ролларни ижро этди. 

 У режиссер сифатида 1949-йили Ж.Аймурзаевнинг «Айгул Абат» пьесасын сахналаштирди ва ўзи бош қаҳрамон Абат ролин ижро этди.

  Ю.Мамутов бир қанча спекталларни сахналаштирди.

  Н.Даукараевнинг «Алпамыс», С.Тажимуратовнинг «Питпей турған портрет», С.Хожаниязовнинг «Талўас», Г.Хугаевнинг «Мениң қатынымның байы», П.Тилегеновнинг «Жынаятшы ким», Ю.Мамутов   И.Махсумовнинг «Науайы Астрабадта» номли спектакллари театрнинг олтин бойлигига айланган.

     Ушбу меҳнатли боис  Қорақалпоғистон ва Ўзбекистон  халқ артисти, Бердақ номидаги давлат мукофотлари лауреати билан тақдирланган.

 

ЮЛДАШ МАМУТОВ

Народный артист Каракалпакстана и Узбекистана,

Лауреат Государственной премии имени Бердаха.

(1914 - 1991)

         Юлдаш Мамутов родился в 1914 году в Чимбайском районе Республики Каракалпакстан.

       В 1934 году он поступил в Институт театрального искусства имени Луначарского (ГИТИС) в Москве, а после его окончания в 1939 году на всю оставшуюся жизнь посвятил себя театральному искусству. Он известен как актер и режиссер.

       Сыграл следующие роли: Максим в «Голос из гроба», Маздуков в «Левоникса Орбита», Кидд в «Америка Ҳаӯазында» Тартюф в «Тартюфе» и другие.

       В 1949 году как режиссер поставил спектакль «Айгуль Абат» по Ж.Аймурзаеву и исполнил роль главного героя Абата.

      Юлдаш Мамутов поставил ряд спектаклей. Их них: «Алпамыс» Н.Даукараева, «Незавершенный портрет» С.Таджимуратова, «Талӯас» С.Хожаниязова, «Муж моей жены» Г.Хугаева, «Кто преступник» П.Тилегенова, «Навои в Астрабаде» И.Махсумова и Ю.Мамутов стал золотым сокровищем театра.

       За плодотворный труд и профессионализм он удостоен званию «Народного артиста Каракалпакстана и Узбекистана, стал Лауреатом государственной премии имени Бердаха.

 

YULDASH MAMUTOV

People's Artist of Karakalpakstan and Uzbekistan,

Laureate of the Berdakh State Prize.

( 1914  -  1991 )

          Yuldash Mamutov was born in 1914 in the Chimbay region of the Republic of Karakalpakstan.

        In 1934, he entered the Lunacharsky Institute of Theatrical Art (GITIS) in Moscow, and after graduating in 1939, he devoted himself to theatrical art for the rest of his life. He is known as an actor and director.

        He played the following roles: Maxim in "Voice from the Coffin", Mazdukov in "Levonix Orbit", Kidd in "America Hauzinda", Tartuffe in "Tartuffe" and others.

        In 1949, as a director, he staged the play "Aigul Abat" based on Zh. Aimurzaev and played the role of the main character Abat.

       Yuldash Mamutov staged a number of performances. They are: “Alpamys” by N. Daukaraev, “Incomplete Portrait” by S. Tadzhimuratov, “Taluas” by S. Khozhaniyazov, “My Wife’s Husband” by G. Khugaev, “Who is the Criminal” by P. Tilegenov, “Navoi in Astrabad” by I. Makhsumov and Y. Mamutov became the golden treasure of the theatre.

       For fruitful work and professionalism, he was awarded the title of “People's Artist of Karakalpakstan and Uzbekistan, and became the Laureate of the Berdakh State Prize.

 



Похожие новости

Алланазаров Тореш 1916-2000

Қорақалпоғистон театр саньати арбоби, Ўзбекистон халқ артисти, Бердақ номидаги давлат мукофоти,

03.10.20 Исторические личности / tarixiy-insonlar / Historical persons / Taрихый инсанлар - КК
Шамуратова Айимхан 1917-1993

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти, 1968 йили СССР халқ артисти

02.10.20 Исторические личности / tarixiy-insonlar / Taрихый инсанлар - КК
Mambetkarimov Joldasbay Tajibaevich

Қарақалпақстанда хызмет көрсеткен мәденият хызметкери (16.11.1957 - 10.07.2022)

01.09.20 Исторические личности / tarixiy-insonlar / Historical persons / Taрихый инсанлар - КК
Сапаева Мырзагул Жуманазаровна

Өзбекстан халық артисти, Қарақалпақстан ҳәм Түркменстанга хызмет көрсеткен артист

01.10.20 Vokal artistlari / Вокал артистлери
Отепов Абдираман 1905 – 1934

Театрдың көркемлик жақтан басшысы, актёр, драматург, мәмлекет ғайраткер Театрнинг бадиий раҳбари,

05.10.20 Исторические личности / tarixiy-insonlar / Historical persons / Taрихый инсанлар - КК