(97) 789 38 79 (91) 384 70 69 berdax_teatr@mail.ru TG KK UZ RU EN
Регистрация
все шаблоны для dle на сайте newtemplates.ru скачать

ЖҮЗИМБЕТОВ АМАНИЯЗ

orazbay 18-09-2020, 20:03 244 Исторические личности / tarixiy-insonlar / Taрихый инсанлар - КК

Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери, «Меҳнат шуҳрат» ордени кавалери

ЖҮЗИМБЕТОВ АМАНИЯЗ 

(1932-2022)

    Аманияз Жүзимбетов 1955-жылы А.Н.Островский атындағы театр ҳәм сүўретшилик өнери институтының актёрлық бөлимин питкерип келип, мийнет жолын актёр болып ислеӯден баслап, Нөкис музыка ҳәм хореография училищесиниң ашылыўына белсене хызмет еткен ҳәм сол жерде директор лаўазымында ислеген. 

      Буннан кейин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик филармониясында директор, С.Хожаниязов атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында директор, ҳәзирги Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында директор орынбасары, Қарақалпақстан Республикасы мәденият министрлигинде бөлим баслық, және де бир неше мәденият тараўларында жемисли жумыс ислеген..  

   Әсиресе, театр сыншысы сыпатында жазған мийнетлери, мақалалары қарақалпақ театр көркем өнерин кең жәмийетшиликке танытыўда үлкен хызмет етти.

 Сол себебли де, сол үлкен театр изертлеўшиси сыпатында туўысқан Қырғызстан, Қазақстан, Туркменстан, Башқурстан, Татарстан Республикалары театр көркем ғайраткерлери арасында ҳүрметке ийе. 

Ал, дилмаш сыпатында рус, өзбек, қырғыз, қазақ тиллеринен аўдарған шығармаларыңыз қарақалпақ театрларында сахналастырылды ҳәм көркем фильмлериңиз «Қарақалпақфильм» студиясында дубляж қылынды.

   Соңғы жыллары жазған қунлы монографиялары баспадан шығып, көп санлы оқыўшыларды қуўантып келмекте.

 Оның мийнетлери баҳаланып 1957-жылы Өзбекстан Республикасы Жоқары Кеңеси Президумының «Ҳүрмет Жарлығы» менен, 1977-жылы «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери» ҳүрметли атағы менен, 1985-87-жыллары «Мийнет пидайысы» медалы менен, 2002-жылы «Мийнет шуҳраты» ордени менен сыйлықланды.

  Өткир зейинлиги, тынымсыз мийнетиңиз арқасында өмирден өз орныңызды тапқан, барлық өмир жолын көркем өнер әлемине бағышлаған инсан.   

 

 


Похожие новости

Театр тарийхына - 90 жыл, 1926-2016

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры 90 жыл

10.10.20 История театра / teatr-tarihi / History of the theatre / Teaтр тарийхы - КК
Театр тарийхи ҳақида маълумот

09.10.20 История театра / teatr-tarihi / History of the theatre / Teaтр тарийхы - КК