САПАРОВА ХАНЫМ 1936 - 2005
orazbay 19-09-2020, 17:41 713 Исторические личности / tarixiy-insonlar / Historical persons / Taрихый инсанлар - ККСАПАРОВА ХАНЫМ
«Қарақалпақстанда хызмет көрсеткен артист»,
«Қарақалпақстан халық артисти»,
«Өзбекстанда хызмет көрсеткен артист»
(1936-жыл 5-март - 2005-жыл 5-ноябрь)
Х.Сапарова 1936-жылы 5-март күни Кегейли районында туӯылған. Жаслайынан көркем өнерге қызығып, мектепте оқып жүрген ӯақытларында ҳәӯескерлер дөгереклерине қатнасып, жағымлы қосықлары менен қатар-қурбылары арасында көзге түсе баслайды.
Оның көркем-өнерге болған қызығыӯшылығы Нөкиске Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик музыкалы театрының сахнасына алып келди.
1956-жылы усы театрға актриса болып жумысқа келеди. Усы жылдан баслап, ҳүрметли дем алысқа шыққанға шекем оның өмири театр менен ажыралмас байланыста болып, сахнада пидәйы хызмет етти.
Арнаӯлы билимге ийе болмаса да, тәбият инам еткен жағымлы ҳаӯазы, туӯма таланты менен саналы өмириниң 40 жылға шамаласын сахнаға бағышлайды. Ол барлық күш жигерин, жүрек йошын, өзи дөреткен жанлы образларда сәӯлелендирип, тамашагөйлердиң алғысларына, халықтың ҳүрметине миясар болды.
Ол театр сахнасында қойылған ҳәр қыйлы жанрлардағы спектакллерде түрли характердеги ҳаял-қызлардың әлӯан түрли образларын жаратты.
Оның дөреткен «Сүймегенге сүйкенбе»де Айсанем, Паршагүл, «Ғәрип ашық»та Шаҳсанем, «Қозы көрпеш-Баян сулыӯ»да Баян, «Күйгелек көзли яр»да Дилара, «Жайлаӯда той»да Гүлсанем, «Қырық қыз»да Гүлайым, «Қәйин ене»де Афат, «Ақмақ патша»да Гүлим, «Жынаятшы ким»де Нәзигүл, «Келинлер қозғалаңы»да Башорат, «Сақ ғарға сағағынан»да Нетайхан, «Муҳаббатым гөззаллық»та Пердеш, «Жетинши папам»да Қаршыға, «Бир үйде еки өмир»де Бийбигүл ҳәм басқа да көплеген спектакллердеги тәкирарланбас образлары Қарақалпақ театр тарийхында өшпес ҳәриплер менен жазылып қалды.
Х.Сапарованың көркем-өнеримизди раӯажландырыӯға қосқан үлеслери ҳүкиметимиз тәрепинен өз ӯақтында әдил баҳаланып, оған 1969-жылы «Қарақалпақстанда хызмет көрсеткен артист», 1983-жылы «Қарақалпақстан халық артисти», 1992-жылы «Өзбекстанға хызмет көрсеткен артист» атақлары берилди.
Ханым Сапарова өзиниң жаратқан өлмес образлары менен халқымыздың кеӯлинен жай алған актриса. Өзиниң театрдағы көп жыллық мийнетлери менен, Қарақалпақ театр көркем өнериниң раӯажланыӯында үлкен үлесин қосып кетти.
САПАРОВА ХАНЫМ
Ўзбекистон ва Қорақалпоғистонда хизмат кўрсатган ва Қорақалпоғистон халқ артисти
1936 - 2005
Х.Сапарова 1936-йили 5-март куни Кегейли туманида тӯғилган.
1956-йили Бердақ номидаги Қорақалпоқ давлат мусиқали театрига актриса бўлиб ишга киради ва махсус билимга эга булмаса ҳам, табият инъом этган ёқимли овози, тӯғма истеъдоди билан театр саҳнасида 40 йил фидойи хизмат қилади.
У ижро этган образларидан: «Суймаганга суйканма»да Айсанем, Паршагул, «Ғариб ошиқ»да Шахсанем, «Қозы корпеш-Баян сулыуда Баян, «Куйгелек кузли яр»да Дилара, «Жайлаўда той»да Гулсанем, Қирқ қиз»да Гулайым, «Қайин ене»да Афат, «Ақмақ патша»да Гулим, «Жынаятшы ким»да Назигул, «Келинлер қозғаланы»да Башорат, «Сақ ғарға сағағынан»да Нетайхан, «Мухаббатым гуззаллық»да Пердеш, «Жетинши папам»да Қаршыға, «Бир уйде еки умир»да Бийбигул ва бошка да кўплаган спектаклларда роллар ижро этган.
Х.Сапарованинг театр санъатига қўшган меҳнатлари Ҳукуматимиз томонидан баҳоланиб 1969 йили Қорақалпоғистонда хизмат кўрсатган артист, 1983 йили Қорақалпоғистон халқ артисти ва 1992 йили Ўзбекистонда хизмат кўрсатган артист унвонлари берилди.
Ханым Сапарова
Заслуженный артист Узбекистана и Каракалпакстана
Народный артист Каракалпакстана
( 1936 – 2005 )
Х.Сапарова родилась 5 марта 1936 года в Кегейлинском районе.
В 1956 году она начала работать актрисой в Каракалпакском государственном музыкальном театре имени Бердаха, хоть она и не имела специальное образование, она проработала в этом театре 40 лет как настоящий мастер своего дела.
Айсанема, Паршагулья в «Насильно мил не будешь», Шаксанема в «Гариб ашик», Баяна в «Козы корпеш-Баян сулуве», Дилару в «Куйгелек кузли яр», Гульсанема в «Жайлауда той», Гуляйыма в «Сорока девушках», Афата в «Свекрови», Гулима в «Акмак патша», Назигулью в «Кто преступнике», Башарата в «Восстании невест», Нетайхана в «Голос из гроба», Пердеша в «Любовь моя красота», Каршигу в «Седьмом Папе», Сыграла роли в «Две жизни в одном доме» Бийбигулья и многих других спектаклях.
Вклад Х.Сапаровой в театральное искусство был оценен Правительством:
в 1969 году ей было присвоено звание Заслуженной артистки Республики Каракалпакстан;
в 1983 году - Народная артистка Каракалпакстана;
в 1992 году - Заслуженной артистка Узбекистана.
Khanym Saparova
Honored Artist of Uzbekistan and Karakalpakstan
People's Artist of Karakalpakstan
( 1936 - 2005 )
H. Saparova was born on March 5, 1936 in the Kegeyli region.
In 1956, she began working as an actress in the Karakalpak State Musical Theater named after Berdakh, although she did not have a special education, she worked in this theater for 40 years as a real master of her craft.
Aisanema, Parshagulya in “You won’t be forced to be nice”, Shaksanema in “Gharib ashik”, Bayana in “Kozy korpesh-Bayan suluve”, Dilaru in “Kuigelek kuzli yar”, Gulsanema in “Zhaylauda toy”, Gulyayyma in “Forty girls”, Afata in Mother-in-Law, Gulima in Akmak Patsha, Nazigulya in Who Is the Criminal, Basharat in Bride Revolt, Netaikhan in Voice from the Coffin, Perdesh in Love My Beauty, Karshiga in The Seventh Pope, She played roles in "Two Lives in the Same House" by Biybigulya and many other performances.
The contribution of H. Saparova to theatrical art was appreciated by the Government:
in 1969 she was awarded the title of Honored Artist of the Republic of Karakalpakstan;
in 1983 - People's Artist of Karakalpakstan;
in 1992 - Honored Artist of Uzbekistan.
Похожие новости
Театр тарийхына - 90 жыл, 1926-2016
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры 90 жыл
Театр тарийхи ҳақида маълумот
Халмуратова Маржан 1939-2014
Қорақалпоғистон Республикасида хизмат кўрсатган артист, Қорақалпоғистон Республикаси халқ артисти
Вокал артисти Хожабергенов Дарибай Айтбаевич
Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист, «Дослық» ордени ийеси
Вокал артисти Отемуратов Махсетбай Кеўнимжаевич
Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист, «Ниҳол» мәмлекетлик сыйлығының лауреаты