(97) 789 38 79 (91) 384 70 69 berdax_teatr@mail.ru TG KK UZ RU EN
Регистрация
все шаблоны для dle на сайте newtemplates.ru скачать

Нызанов Муратбай -драматург

orazbay 17-10-2020, 11:09 970 Nuraniyler / Faxriylar / Ветераны


Сатирик жазыўшы, драматург ҳәм киноценарист

Муратбай Нызановтың

биобиблиографиясы


1999-жылы «Дослық» ордени, 2001-жылы Қарақалпақстанда мийнети сиңген мәденият хызметкери, 2004 - жылы «Бердақ» атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, 2012 – жылы «Қарақалпақстан халқ жазыўшысы» атағы берилген.

 

Муратбай Нызановтың Кегейли аймағында ылғый қуўақы, басқышыл,ҳәзилкеш, илмесултан сөздиң жүйриги атанған қарақалпақ аўылларының биринде туўылып-өсип, кәмалға келиўи оның әдебиятқа ықласының тез оянып, сөз дүканының есигинен ертерек ишке үңилиўге, өнериниң қәлиплесиўине ҳәм раўажланыўына тәсирин тийгизди.

Ҳәр түрли қатламлардан қуралған бул аўыллар ерте заманлардан баслап-ақ адам сынаўға, мақтап атқа, тоқпақлап соқалаған көк ешекке терис мингизиўге шебер сөз зергерлериниң жыллы уясы атанды. Алдар көсе, Өмирбек лаққы да Шымбай менен шегаралас Ақтубаның бир ҳәкис дығырығында туўылып, дузына нан басып жеген деседи.

 Шабандоз да, палўан да, шешен де, бақсы да, шынқобызға жан ендирип бүлбилди мына жерде қалдырған сулыўлар да сол дөгеректен көп шыққан. Жаўшы жиберип, жаў- шапқанда қызлары көрегенли, жигитлери ар – намыслы болған. Қулласы төбедегини түсирип, жердегини дүрликтирип ушырып сөйлеўге мустақ, қудай тилине берген халық! 

Соның ушын ҳәзирги жазыўшы - шайырлардың көпшилиги Кегейлиден шыққанлығына ҳәм келешекте де шыға беретуғынлығына таңланыўға болмайды. М.Нызановтың өмири де қосықтан басланады. Нөкис қалалық атқарыў комитетиниң баслығы Айназар Қунназаровтың дизимине үш айда зорға илингендеги арызы мынадай:


Қосық деген «кесел» таўып,

Келип едик берман аўып,

Нөкис үлкен шәҳәр екен,

Сыйыўымыз болды қәўип.

Дурыс атым танылмады,

Нийетим бар танылғалы,

Кимге абырай жайсыз жүрсе,

Қарақалпақтың шайырлары!


М. Нызанов өткен әсирдиң жетписинши жылларының басында поэзия жанрының бир талабаны сыпатында Жазыўшылар Аўқамының табалдырығынан атлады.А.Дабылов, С. Нурымбетов, Т. Жумамуратов ҳәм Д.Айтмуратовлардың жарғанарналарынан юмор ҳәм сатира деген кәраматлы ҳәм кийели дәрьяның ағысын бақлады. Муратбай әўели лирик болыўды әрман етти. Бирақ Ибрайымның изине жетип, асып түсиў мүмкин емес еди! Ара жүдә алшақ.. Сөйтип жүргенде Азиз Несинниң топламы қолынан түсер ме, армияда дастанып жатып оқыды. Орыстың Чеховы, украин С.Олейник, қазақтың Асқары, өзбектиң Сайд Ахмады… Қалған жағы ўйқасып кете берди. Ол қарақалпақ әдебиятындағы сатириктиң орнын жеңип алды. Халқымызда «Күлгенди сора - билгени барды, жылағанды сора өлгени барды» деген гәп бар. Бул тап юмор ҳәм сатираның түпкиликли қағыйдаларын түсиндириў ушын қолайластырылған нақыл сыяқлы.

М. Нызанов соңғы жыллары адамларды ойланып ис етиўге шақыратуғын тәрбиялық әҳмийети күшли шығармаларды көплеп дөрете баслады. Қарақалпақ әдебиятын керекли көркем бөлеклер, өткир сюжетлер менен тәмийнлеўшиниң ўазыйпасын атқара бериўден де көре алдында әллеқайда үлкен ўазыйпа турғанын енди оның өзи де түсинип жеткен еди. Сатира – күшлилердиң қуралы «Адам күлдиргени ушын» эссеси, «Жат журттағы жети күн» повести бул ойының дурыслығын дәлелледи. М. Нызанов жумыс орны ойынша ғана емес, ал таланты жағынан да өсти. Өзбек жазыўшысы Н. Фазылов: «Муратбай Нызанов өзиниң юморға, өткир сатираға бай дөретпеси менен айрықша көзге тасланып турады. Мен Муратбайды қарақалпақтың Азиз Несини дегим келеди. Оның сатиралық юмористлик гүрриңлери, драмалары сондай деўиме хуқық береди…» деп баҳалайды.

Қарақалпақ лирикашылығы әзелден сатира – юморлық, ҳәзил қосықларға бай. Бул дәстүр, әсиресе, қарақалпақ шайырларының айтысларында айрықша көзге тасланады.

Аўыр ойға талдыратуғын сатираның, жеңил күлки туўдыратуғын юмордың, салған жеринен кесип кете беретуғын сарказманың классикалық әдебиятымызда жақсы үлгилери бар. 80 - жыллардағы қарақалпақ лирикашылығында дабул дәстүр даўам етип атыр. Әсиресе, бул бағдарда сатирик шайырларымыздан Базарбай Қазақбаев пенен Муратбай Нызановлар табыслы қәлем тербетип киятыр. Муратбай Нызановтың қарақалпақ халқының мәдениятына, искусствосына қосып атырған және бир үлкен үлеси оның кино искусствосы тараўындағы хызметлери болып есапланады. Оның сценариясында “Танк”, “Уры”, “Курорт”, “Қоңсы лар” фильмлери суретке алынды. М. Нызанов бүгинги күни мәдениятымыз ҳәм әдебиятымыздың елеўли үлес қосып киятырған талант ийеси.

 

Муратбай Нызанов авторлығындағы көркем фильмлер

Кинофильм атлары Түсирилген жылы Студия

Танька 2003 «Узбекфильм»

Уры 2009 «Қарақалпақфильм»

Курорт 2009 «Қарақалпақфильм»

Қоңсылар 2010 «Қарақалпақфильм»

Муратбай Нызановтың өмири ҳәм дөретиўшилик хызмети

 

1951-жылы Кегейли районында туўылған. Әпиўайы ишши семьясында

дүньяға келген.Миллети қарақалпақ, 1968-1971жыллары Кегейли районы М.Жуманазаров колхозы исшиси.1971-1973 жылы Армия сапында хызметте.

1977-жылы Қарақалпақ Мәмлекетлик университетин тамамлаған. Жоқары маълуматлы.Диплом бойынша оқытыўшы..Ол лирик болыўды арман еткен. 1980-жылдан Журналистлер аўқамының,1981-жылы «Кегейли турмысы» газетасы әдебий хызметкери, 1993-жылдан Жазыўшылар аўқамының ағзасы. Муратбай өзиниң дәслепки дөретиўшилик жолын лирикалық қосықлар менен баслады. Шайырдың биринши қосығы республикалық жаслар газетасында 1966 –жылы «Қарақалпақстан» деген ат пенен жарық көрди. Оның туўылған жерге бағышланған тусаў кесер қосығы алдағы дөретиўшилик табысларына илҳам бағышлаўшы күш болды.

 

Бизлер бала жыллары,

Аўылдан кеўлим тоқ еди,

Есигинде ҳеш кимниң,

Қулп түўе зулп жоқ еди.

Бир қоңсыдан бир қоңсы,

Бөлип жемес тамағын,

Ана үй менен мына үйге,

Тасып жүрер табағын.

Аштан өлип қалса да,

Ағарғанын сатпайды,

Өзи жемей, тапқанын,

Қонағына сақлайды.


Шайырдың қосықлары Кегейли районлық газетасында, республикалық «Жеткеншек», «Еркин Қарақалпақстан» газеталары менен «Әмиўдәрья» журналларында избе-из жәрияланып турды. Сексенинши жылларға келип ол жанрлық жөнелисин бирден өзгертти. Буған Азиз Несинни; «Муш кетти» китабы, сондай-ақ қазақ шайырлары Асқар Тохмағамбетов, Оспанхан Әбубәкиров, украин шайыры Степан Олейниклердиң шығармаларының тәсири күшли болды. М. Нызанов сатира-юмор жанрында басқалар айытпаған тың пикирлерди айтып, өз алдына толқын болып кирип келди. Ол(қосық), «Нышана» (гүрриң), «Күлким келеди» (қосық), «Адам күлдиргени ушын» (ҳәзил), «Сизге болмайды» (юмор), «Жат журттағы жети күн» (повесть), «Ырасын айтсаң урады» (юмор), «Ишек силем қатты мениң» (сатира), «Еки қанқор» (повесть), «Ғәзийне» (гүрриң), «Жақында қызық болады» (гүрриң), «Еки үйректиң тоғыз бөтекеси» (юмор), «Ақшагүл» (повесть), «Телефон жинниси» (ҳәзил), «Ақырет уйқысы»(повестьи), «Ашық болмаған ким бар» (роман),«Ҳәмелден түскен қандай болады» (гүрриң), «Түнде уйықлайтуғын адам» (сатира), «Еркектиң бир күни» (сатира), «Күлме маған» (юмор), «Ҳаўа кемесиндеги екеў»(повест ҳәм драма) (2014) сондай-ақ таңламалы шығармаларының бес томлығын (2008-2016) жәриялады ҳәм «Душпан» (роман) бул жазған ҳәр бир шығармасы оқыўшылардың кеўлинен жай таба билди.

Муратбай Нызановтың қарақалпақ халқының мәдениятына, искусствосына, қосып атырған және бир үлкен үлеси оның кино искусстосы тараўындағы хызметлери болып есапланады.Бул жанрда жазыўшының жигирмаға жақын китаплары, еки комедиясы «Еки дүньяның әўереси»,«Кулме маған», үш кинокомедиясы-«Танк», «Уры», «Курорт», «Қоңсы-қобалар»фильмлери суўретке алынды, жәмийетшилик дыққатына усынылып, олар ылайықлы баҳаларына ийе болды.Жигирма биринши әсирдиң басында жазыўшы реалистик прозаға қол урды. Бүгинги миллий әдебиятымызда талантлы жазыўшыларымыздың бири болып жетилискен Муратбай Нызановтың биринши қәдеми поэзиядан басланған еди. Ол дәслеп өмир философиясы ҳаққында, соңын ала сол турмыстың писип жетилиспеген шийки ямаса орынсыз асып- тасып баратырған көринислерин поэзияның сатиралық қуралы менен түйреп баслады. Соң прозалық шығармаларға өтти. Драматург ҳәм киноценарияшы сыпатында табыслы қәлем тербетип киятыр. Руслардың талантлы адам – барлық нәрседе де талантлы дегениндей, оның қәлеминен шыққан әдебий шығарма қайсы жанрда жазылса да, өз халқының әсирлер даўамында қәлиплескен үрип-әдетлерин терең билетуғыны, сөйлер сөзге тилге бай екени көринип турады.

Бул жазыўшының басқа жазыўшылардан тийкарғы айырмашылығы – оның журналистлик шаққанлық пенен бүгинги күн нәпесин әдебиятқа алып келиўи.

Муратбай Нызанов драматург сыпатында да бир қатар сахналық шығармалар  өретип, үлкен табысқа еристи. Оның «Еки дүньяның әўереси» шығармасы миллий театрымызда сахналастырылып, авторға даңқ, абырай әкелди. Бул комедия «Сийрек ушырасатуғын нусқа» атамасы менен 1994-жылы Өзбек академиялық театрында да қойылып, тамашагойлердиң кеўлинен шықты. Муратбай Нызанов ғәрезсизлик жылларында баспадан 19 китап шығарды. Әсиресе, 2002-2004 жылларда оның «Ақшагүл» повести жазыўшыға жүдә үлкен даңқ-абырой алып келди. Бул повести 2006- жылы Өзбекстан көлеминде өткерилген «Истиқлол замонимиз қаҳрамонлари» таңлаўында биринши орынға миясар болып, пүткил өзбек оқыўшыларының да зор ықласына миясар болды. Повесть кешикпей «Жаҳон адабиёти»журналында жарық көрди. Бул табыслардан илҳамланған жазыўшы екинши көлемли шығармаға киристи. Оқыўшылар күткениндей 2009 –жылы баспадан шыққан «Ақырет уйқысы» повести де бүгинги талқамы күшли оқыўшылар қәлбинен жай алды. Ол және бир көлемли шығарма «Душпан» романының биринши китабын жазып питкерди.

Муратбай Нызанов «Ақшагүл», «Ақырет уйқысы» ҳәм «Душпан» шығармаларында инсан психологиясын кең, ҳәр тәреплеме ҳәм терең үйрениўи, инсанды түсиниў, оның кеўил кеширмелерин сезе билиўде үлкен табысқа еристи. Ол дөреткен образлар китап оқыўшыларын бийпәрўа қалдыраалмайды, олардың қуўаныш ҳәм тәшўиш, қыйыншылықларына шерик, дәртлес болыўға, оларға ылайық болыўға умтылады.

1994-2002 жылға дейин Қарақалпақстан» баспасы директоры.2002-2003 жыл Қарақалпақ телерадиокомпаниясы баслығының орынбасары, 2003-2013 жыллар Қарақалпақфильм» киностудиясы директоры болып халыққа белгили инсанларға айланды. Жақсы лаўазымарда жумыс иследи. Ол өзиниң тынбай излениўиниң арқасында белгили атақ ҳәм сыйлықларына миясар болды. Муратбай Нызанов қайсы жанрда жазбасын, өз халқының әсирлер даўамында қәлиплескен үрп-әдетлерин, салт-дәстүрлерин терең сезиниўи, шығармаларының тилиниң байлығы менен айырылып турады.

1999-жылы «Дослық» ордени менен сыйлықланды. 2001-жыл. Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәданият хызметкери, 2004 - жыл. «Бердақ» атындағы Мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, 2012 – жыл. «Қарақалпақстан халқ жазыўшысы» атағы берилди. Ҳәзирги ўақытта жазыўшымыз бес перзенттиң атасы төрт ақлықтың әдиўли атасы, ул қызларыда жоқары мағлыўматлы көрегенли шаңырақлардан есапланады.Бүгинги күни мәдениятымыз ҳәм әдебиятымыздың буннан былай да раўажланыўына елеўли үлес қосып киятырған талант ийеси есапланады.2013 жылдан ҳәзирге күнге шекем «Билим» баспасының директоры лаўазымында жумыс ислеп атыр.

 

Муратбай Нызановтың өмири ҳәм дөретиўшилик хызмети дәўириндеги тийкарғы сәнелер:

 

1951 - жыл. - Кегейли районының «Ақтуба» елатында дүньяға келди

1968 - 1971 - жыл. – Кегейли районы М. Жуманазаров колхозы ишшиси

1971 -1973 - жыл. – Армия сапында хызмет

1973 -1981 - жыл. – «Кегейли турмысы» газетасы әдебий хызметкери

1980 - жыл. - Журналистлер аўқамының ағзасы

1982 - жыл. - Жеткиншек газетасы ағзасы

1982 - 1983 - жыл - «Еркин Қарақалпақстан» газетасы ағзасы

1983 -1991- жыл - Қарақалпақ телевидениеси бас редакторы

1991 -1994 - жыл. - «Арал» журналы бас редакторы

1993 - жыл. - Жазыўшылар аўқамының ағзасы

1994-2002 - жыл.- Қарақалпақстан» баспасы директоры

2002 – 2003 - жыл. - Қарақалпақ телерадиокомпаниясы баслығының орынбасары

2003 - 2013жылы. - Қарақалпақфильм» киностудиясы директоры

2013 - 2018 жыл. – «Билим» баспасының директоры.

Муратбай Нызановтың алған атақ ҳәм сыйлықлары

1999 - жыл. «Дослық» ордени менен сыйлықланды.

2001-жыл. Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәданият

хызметкери,

2004 - жыл. «Бердақ» атындағы Мәмлекетлик сыйлығы лауреаты

2012 – жыл. «Қарақалпақстан халқ жазыўшысы» атағы берилди

Муратбай Нызановтың шығармалары қарақалпақ тилинде

1979

1. Нызанов М. Усындай да болады: [гурриң]. - Нөкис: Қарақалпақстан -1979. – 78 б.

1984

2. Нызанов М. Нышана:[cатиралық гүрриңлер].-Нөкис: Қарақалпақстан,1984. -104 б.

1987

3. Нызанов М. Күлким келеди: [қосықлар ҳәм поэма]. - Нөкис Қарақалпақстан.

1987. - 76 б.

1989

4. Нызанов М. Адам күлдиргени ушын…Ямаса айыпкердиң алты хаты:- Нөкис:

Қарақалпақстан,1989.- 88 б.

1990

5. Нызанов М. Сизге болмай: [повесть ҳәм гүрриңлер].- Нөкис: Қарақалпақстан,

1990.-196 б..

1992

6. Нызанов М. Жат журттағы жети күн: [повесть, гүрриңлер, пьессаар,

интермедиялар]. - Нөкис: Қарақалпақстан, 1992. – 400 б.

1993

7. Нызанов М. Ишек-силем қатты мениң: [ҳәзил - дәлкек,мысқыл қосықлар]-

Нөкис:Арал, 1993.-68 б.

8. Нызанов М. Ырасын айтсаң урады: [юмор сатира]. - Нөкис: Арал, 1993.-116 б.

1994

9. Нызанов М. Аспаннан түскен миллионер: [сатиралық гурриң] // Еркин

Қарақалпақстан. -1994.- 20 сент.

10. Нызанов М. Айта берсең кеўилде әндийше көп: [Жазыўшы М. Нызановтың «Еки

дүньяның әўереси» комедиясы хаққында О. Сәтбаев] // Еркин Қарақалпақстан. -

1994.- 20 сент.

11. Нызанов М. Еки қанхор: [повесть, ҳәзил дәлкек гүрриңлер] - Нөкис: Арал, 1994.-

134 б.

1995

12. Нызанов М. Жәмийет ҳақыйқатлығын ашып берген образ: [Әбдиев, А. Жат

журттағы жети күн: повести ҳаққында] // Қарақалпақстан жаслары.- 1995.-13 июль.

13. Нызанов М. Узга сайерада етти кун: [сатиралық гүрриңлер]/ Қарақалпақстан.

1995.-18 март.

1996

14. Нызанов М. Ғәзийне: [сатиралық гүрриңлер] // Қарақалпақстан. 1996.-25 март.

2000

15. Нызанов М. Жақында қызық болады: [сатиралық гүрриңлер]

// Қарақалпақстан жаслары. - 2000.- 30 март.

2001

16. Нызанов М. Күлки арбасының бүгинги қос арысы: [Сайлаўбай Жумағулов ҳәм

Муратбай Нызанов 50-жаста] // Еркин Қарақалпақстан. - 2001.- 8 февр.

17. Нызанов М. Мен жегеним жоқ: [сатиралық гурриң] // Еркин Қарақалпақстан.

2001.- 8 февр.

2002

18. Нызанов М. Еки үйректиң тоғыз бөтекеси: [сатиралық гурриң] - Нөкис:

Қарақалпақстан, 2002.- 76 б.

19. Нызанов М. Сатира күшлердиң қуралы: [Муратбай Нызанов хаққында

Есемуратов, Г] // Еркин Қарақалпақстан. .- 2002.- 8 июнь.

2004

20. Нызанов М. Ақшагул: [повесть] - Нөкис: Қарақалпақстан, 2004. - 96 б.

2005

21. Нызанов М. Түнде уйқылайтуғын адам: [сатира]. - Нөкис: Билим, 2005.- 68 б.

22. Нызанов М. Кондиционер: [сатира] // Еркин Қарақалпақстан. -2005.-18окт.

2006

23. Нызанов М. Ақшагүл: [повестьи хаққында Уснатдинов, Ш] // Еркин

Қарақалпақстан. – 2006. - 30 сент.

24. Нызанов М. Ырасын айтсаң урады: [cатиралық гурриң] // Еркин Қарақалпақстан.

- 2006. - 28 янв.

25. Нызанов М. Ҳәмелден түскен қандай болады? [гүрриңлер]. - Нөкис:

Қарақалпақстан, 2006. - 92 б.

2008

26. Нызанов М. Шығармалары: (төрт томлық) I том. - Нөкис: Билим, 2008.

-304 б.

27. Нызанов М. Жүз грамм нан: [сатиралық гүрриң] // Еркин Қарақалпақстан,

2008.-5 июль

2009

28. Нызанов М. Ақырет уйқысы: [повесть] - Нөкис: Қарақалпақстан, 2009.

-208 б.

29. Нызанов М. Таңламалы шығармалары: II том [гүрриңлер].-Нөкис

Қарақалпақстан, 2009. - 320 б.

2010

30. Нызанов М. Душпан: [роман]. - Нөкис: Қарақалпақстан, 2010. - 264 б.

2013

31. Нызанов М. Ашық болмаған ким бар: [роман]. - Нөкис: Билим, 2013.-188б.

2014

32. Нызанов М. Қарақалпақлардың бас кийими қандай болған ямаса жыраўлар неге

шөгирме кийеди? // Еркин Карақалпақстан.-2014.- 27 март.

33. Нызанов М. Таңламалы шығармалары: III том - Нөкис: Билим, 2014.-304б.

34. Нызанов М. Ҳаўа кемесиндеги екеў : [повестьтен үзинди] (даўамы бар) // Еркин

Қарақалпақстан. – 2014.-13 нояб.

2015

35. Нызанов М. Аманат: [гурриң] // Қарақалпақстан жаслары. - 2015.-26 февр

36. Нызанов М. Аспантайдың асаўлары: [жол дәптерден] // Еркин Қарақалпақстан. -

2015.-15 авг.

37. Нызанов М. Белгили инсанлар өмиринен: [эссе] Хожам, исерсең, кеберсең...,

"Ҳаў Бердақжан екен ғо": (даўамы бар) // Еркин Қарақалпақстан. - 2015.-16 май.

38. Нызанов М. Белгили инсанлар өмиринен: [эссе] (даўамы. Басы өткен санда)

"Кунхожа ҳәм оның баласы", "Он еки пердени сөйлеткен бармақлар", "Суйеў

бақсының ырас аты ким болқан?", "Ещанның өкпе гийнеси" // Еркин

Қарақалпақстан. - 2015.-19 май.

39. Нызанов М. Белгили инсанлар өмиринен: [эссе] (даўамы. Басы өткен санда]

"Шақша", "Бэсеке", "Айғырыңды киснетпе", "Ибрайым болыс ҳәм бала Ещан" //

Еркин Қарақалпақстан. –2015. - 21 май.

40. Нызанов М. Бердақ қосықлар халқымыздың бай руўхый мийрасы: //

Қарақалпақ әдебияты. - 2015.- дек

41. Нызанов М. Жиңишкениң бажбаны: [гурриң] // Қарақалпақстан жаслары. -

2015.-30 июль.

42. Нызанов М. Кетпей-ақ ғой аўылға! [(Шайыр Халила Даўлетназаровтың "Аўыл

әрманлары" қосығына ҳәзил жуўап қосық] "Мени ярым жолда тапқан муҳаббат",

"Муҳаббат", "Кәтқуда болар // Қарақалпақ әдебияты. - 2015.-июль.

43. Нызанов М. Ийт сатаман: [гурриң] // Қарақалпақстан жаслары. - 2015.-13 авг.

44. Нызанов М. Нәлше; Саққулақ; Собық; Сөзи қызық атамның:: [қосық] // Ustaz

joli'. - 2015.-13 июнь.

45. Нызанов М. Өтмиштен сөйлетуғын компьютер: [сатира-юмор] // Ustaz joli'. -

2015.-7 март.

46. Нызанов М. Сотланатуғын сақбай: [гурриң] // Қарақалпақстан жаслары. - 2015.-2

апр.

47. Нызанов М. Таңламалы шығармалары: IV том -Нөкис: Билим, 2015.-280 б.

2016

48. Нызанов М. Әдебият ҳәм биз: [қосық] // Қарақалпақстан жаслары. - 2016.-25

авг. .

49. Нызанов М. Әдебият ҳәм биз: [қосық] "Гүзги ой" // Еркин Қарақалпақстан. -

2016. - 8 окт.

50. Нызанов М. Биз ҳеш кимнен кем болмаймыз: [қосық: Президент Ислам

Каримовты еслеу] // Еркин Қарақалпақстан. - 2016.- 8 окт.

51. Нызанов М. Дем ал дейди досларым маған: [қосық доктор Қалмурза Реймовқа]

// Қарақалпақстан жаслары. - 2016.-16 июнь.

52. Нызанов М. Еки халықтың ортақ шайыры Турсынбай Адашевқа инилик ҳәзил:

[қосық] // Қарақалпақстан жаслары. - 2016.-15 дек.

53. Нызанов М. Инсан мәплери: [қосық] ("2017-жыл - Халық пенен пикирлесиў ҳәм

инсан мәплери жылы") // Еркин Қарақалпақстан. - 2016. - 29 дек.

54. Нызанов М. Күнимизге жараған өтирик: [япырмай] // Қарақалпақстан жаслары.

- 2016. - 24 нояб.

55. Нызанов М. Қурдасларыма байрам ҳәзили: [қосық] // Қарақалпақстан жаслары.

- 2016.-10 март

56. Нызанов М. Қойын дәптерге қайым дәптер: [гурриң]. - Нөкис Билим, 2016.-232 б.

57. Нызанов М. Мешин: [гүрриң] // Қарақалпақстан жаслары. - 2016.-1 янв.

58. Нызанов М. Пахтакор футболшыларының қайғылы тәғдири: [жақын өтмиш

сабақлары] // Еркин Қарақалпақстан. - 2016.-31 май.

59. Нызанов М. Сен куймесең, мен куймесем...: [Жазыўшы ой салады, усыныс

етеди: қосықлар хаккында] // Еркин Қарақалпақстан. - 2016.-19 апр.

60. Нызанов М.Таңламалы шығармалары: V том . - Нөкис: Билим, 2016.-304 б.

61. Нызанов М. Ҳеш ким қоймаған ат: [юмор] // Еркин Қарақалпақстан. - 2016.- 1 янв

 

2017

62. Нызанов М. Анама: [қосықлар] Жуўасқашаған; Даңқумар; Мен қулақсыз едим;

Хақыйқат; Бурынғы баслыққа; Мен министр геземде; Бир өжет иниме; Саған болсын ҳәммеси; Сәлемниң нырқы; Сөздиң обалы; Турақлы әдет; Айып кимде?; Сен сондай сақсаң; Қоныраў; Еки хал; Жубаныш // Қарақалпақ әдебияты. - 2017. - февр.

63. Нызанов М. Биз күткен әрман: [Президентимиз Шавкат Мирзиёевтың

Қарақалпақстан Республикасына сапарынан кейинги мүнәсибет] // Еркин

Қарақалпақстан. - 2017.-24 янв.

64. Нызанов М. Күтилмеген сауға: [юмор] // Еркин Қарақалпақстан. - 2017.-1 янв.

65. Нызанов М. Қәлемлес досларыма: [қосық] // Еркин Қарақалпақстан. - 2017. -11

июль

66. Нызанов М. Мен қашан туўылдым: [гуррин] // Қарақалпақстан жаслары. -

2017.-1 янв

67. Нызанов М. Отыз мың биринши операция: [гурриң] // Қарақалпақстан

жаслары. - 2017. - 2 нояб.

68. Нызанов М. Сол ҳәсиретли жыллар: [Өзбекистан халық артисти Хусан

Шариповтың еске тусириўлеринен] // Еркин Қарақалпақстан. - 2017. - 10 май

2018

69. Нызанов М. Мухаббат қосығы: [романнан үзинди] // Еркин Қарақалпақстан. -

2018. - 6 янв. - (даўамы келеси санда)

70. Нызанов М. Себет: [сатиралық гүрриң] // Еркин Қарақалпақстан. - 2018. - 1 янв.

Муратбай Нызановтың шығармалары өзбек тилинде

2014

71. Низанов М. Ақчагул: [қисса] - Тошкент: Ўзбекистон, 2014.- 120 б.

Муратбай Нызанов ҳәм оның

шығармалары ҳаққында

2009

72. Базарбаев Ж Ақырет уйқысы - ҳүждан есабаты: [М. Нызановтың повести

ҳаққында] // Еркин Қарақалпақстан. - 2009. -15 сент.

73. Сагыйдуллаев Ж Ақырет уйқысы: [прозалық кеўил толғаныслары ] // Еркин

Қарақалпақстан. - 2009. - 21 май.

74. Уснатдинов Ш. Атлыға жеткермес пияда ямаса жазыўшы: [М. Нызановтың

әдебий портретине эскизлер] // Еркин Қарақалпақстан. .- 2009.. - 19 дек.

2010

75. Абдижамилова Р. Жулдызлы ақшамнан кейинги ойлар «Ақшагул» мени таң

қалдырды // Қарақалпақстан жаслары. - 2010.- 4 февр..

2011

76. Бекмуратов А. Көп қырлы талант ийеси: [Бердах атындағы миллий музейде М.

Нызановтың 60 жыллық юбелейине илмий теориялық конференция өтти ] //

Қарақалпақстан жаслары. - 2011.- 21 май.

77. Есенов Ж. Таланттың гейпара сырлары: [М. Нызанов ҳаққында] //

Қарақалпақстан жаслары. - 2011.- 2 июнь.

78. Оразымбетов Қ. Инсанның руўхый кеширмелери ямаса жазыўшы: [М. Нызанов

дөретиўшилигине штрихлар] // Еркин Қарақалпақстан. –2011.-14 май.

79. Турдыбекова С. Сатирик жазыўшы М. Нызанов юбелейи конференциясы

Бердах музейинде болып өтти // Еркин Қарақалпақстан. – 2011.- 17 май.

80. Уснатдинов Ш. Өз заманын терең уғынған: [М. Нызанов ҳаққында]

// Еркин Қарақалпақстан. – 2011.-20 окт.

2012

81. Қудайбергенов М. Муратбай Нызановтың повесть ҳәм гүрриңлеринде факт ҳәм

образ: // Әмиўдәрья. - 2012. - 102 б.


Дүзиўши: Үлке таныў сектор баслығы: Ж. Тлеўбаева













Похожие новости

Рахманов Кенесбай 1942 -2004-жыл

Қарақалпақстан халық шайыры, драматург, жазыўшы, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты

12.09.20 tarixiy-insonlar / Taрихый инсанлар - КК
Театр тарийхына - 90 жыл, 1926-2016

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры 90 жыл

10.10.20 История театра / teatr-tarihi / History of the theatre / Teaтр тарийхы - КК
Театр тарийхи ҳақида маълумот

09.10.20 История театра / teatr-tarihi / History of the theatre / Teaтр тарийхы - КК
Отепов Абдираман 1905 – 1934

Театрдың көркемлик жақтан басшысы, актёр, драматург, мәмлекет ғайраткер Театрнинг бадиий раҳбари,

05.10.20 Исторические личности / tarixiy-insonlar / Historical persons / Taрихый инсанлар - КК
«Халқ учун» опера

01.07.20 Аfisha / Афиша уз / Poster / Афиша - КК