ЖОЛЫМБЕТОВА ТАРБИЯ 1917-1963
orazbay 1-10-2020, 10:59 635 Исторические личности / tarixiy-insonlar / Historical persons / Taрихый инсанлар - ККТӘРБИЯ ЖОЛЫМБЕТОВА
«Қарақалпақстан халық артисти»,
«Өзбекстанда хызмет көрсеткен артист»
(1917-1963)
Тәрбия Жолымбетова 1917 жылдың бәҳәринде Қоңырат районы (бурынғы Чапаев атындағы совхоз аймағында) Бүйирли аўылында гедей-дийхан шаңарағында дүньяға келген.
Тәрбия 4 жасар ўақтында ата-анасы қайтыс болып, 1902-жылы туўылған Узақбай ажағасы менен екеўи ғана қалады. Узақбай жаслайынан шаққан, зәбердес жигит болып, халық ушын белсене хызмет еткен. Тәрбияның басқа әменгери болмағанлықтан Узақбай пүткил өмир бойы ата-анасы орнына қарындасына ғамхорлық еткен.
Узақбай Жолымбетов жуўапкерли лаўазымларда, урыс жыллары Шымбайда районлық атқарыў комитети баслығының орынбасары, ал кейин өмириниң ақырына шекем Кегейли районының «Рай.вод.хоз» баслығы болып ислеген. Тәрбия көркем өнерге жаслайынан қызыққан ҳәм үлкен сахнанарды әрман еткен.
Ағасы оның райын жықпай Қоңыратқа аталас ағайынлериниң қолына жиберген. Оның талантын көрген Қоңырат колхоз театрының басшылары Төлек ҳәм Аллаберген Сарыбаевлар 15 жасар Тәрбияны 1932-жылы театрға жумысқа алған.
Қарақалпақ мәмлекетлик театрының директоры Асан Бегимов Қоңыратқа барғанында жас хош ҳаўаз қыздың өнерине таң қалып, 1934-жылы Төрткүлге мәмлекетлик театрға жумысқа алып кеткен. Сол жыллары сахнада қойылған У.Гаджибековтың «Аршин мал-алан», Г.Зафарийдиң «Халима», С.Мәжитовтың «Бағдагүл», К.Яшенниң «Гулсара» спектакпьллеринде А.Шамуратова, Т.Рахманова менен бирге баслы роллерди ойнап, концертлерде қосық ҳәм ойынларды шебер атқарыўшылығы менен кең жәмийетшиликке таныла баслайды.
1936-жылы Москвадағы мәмлекетлик театр өнери институтының Қарақалпақ студиясына қосымша оқыўшылар қабыл етилгенде театрда ислеп атырған талантлы жаслардан Ю.Шарипов, С.Хожаниязов, М.Матчанов, П.Әўезова, Я.Алламуратова, Г.Шахмуратовалар менен бирге Тәрбия Жолымбетова да оқыўға барады. Олар К.С.Станиславскийдиң шәкиритлери-профессор О.И.Пыжова, Б.В.Бибиков ҳәм В.А.Бронская сыяқлы тәжрийбели устазлардан тәлим алады.
1939-жылдың июль айында оқыўды питкерип келгеннен кейин театрда ислеген жылларында Т.Жолымбетова 30 дан аслам спектакльде роллер ойнап, ҳәрқыйлы жастағы ҳәм характерли ҳаял-қызлардың образларын дөретеди.
«Аршын мал-алан»дағы Гулчехра, «Айгүл-Абат»та Нәзигүл, «Скапенниң ҳийлеси»ндеги Зербинетта, «Жарлылық айып емес»теги Люба, «Сүймегенге сүйкенбе»деги Қанша, «Ғарип ашық»тағы Ақша ҳәм басқа да ол дөреткен образлар өзлериниң тәкирарланбас излери менен тамашагейлер кеўлинде сақпанып қалды.
1957-жылы Ташкент қаласында өткерилген Қарақалпақстан әдебияты ҳәм көркем өнери он күнлигиниң жуўмақлары бойынша пикир алысыўда Өзбекстанның жетекши сыншылары менен қәнигелери театрдың улыўма жетискенликлери менен бир қатарда Ю.Шарипов, Ю.Мамутов, Т.Рахманова, Г.Ширазиева, Т.Жолымбетовалардың атқарыў шеберликлерин oғадa жоқары баҳаланады.
Қарақалпақстанда сахна өнериниң раўажландырыўдағы жемисли мийнетлери ҳүкиметимиз тәрепинен ылайықлы баҳаланып оған 1950-жылы «Қарақалпақстан халық артисти», 1957- жылы «Өзбекстанда хызмет көрсеткен артист» ҳүрметли атақлары берилген.
Қарақалпақстан тарийхында миллий театрымыздың қәлиплесиў, раўажланыў басқышларының ҳ;әр биринде ири тулғалар Алимжан Халимов ҳәм Тәрбия Жолымбетовалардың қосқан салдамлы, салмақлы үлеслери соңғы әўладпар ушын мудамы үлги болып қала береди.
ТАРБИЯ ЖОЛЫМБЕТОВА
Қорақалпоғистон халқ артисти
1917-1963
Т.Жолымбетова 1917-йили Тахтакўпир тўманида туғилган. У биринчи профессионал актрисалардан бири эди. 1939-йили Москва шаҳрида ГИТИС нинг Қорақалпоқ студиясини тугатиб, қорақалпоқ ёшлари билан бирга ҳозирги Бердақ номидаги Қорақалпоқ давлат академик мусиқали театрига актриса болиб келиб, узининг меҳнат йўлини бошлаган.
Унинг талантини ўқиб юрган пайтларида-ёқ, устозлари О.Пыжова ва Бибиковлар йўқори баҳолайди. Уни психологик ролларин ката маҳорат билан бажарувчи деб атайди.
У театр саҳнасида бир қанча эсда қоларлик роллар яратишга эришди. Атаб айтганда, М.Горькийнинг «Васса Железнова»сида Людмила, Мольернинг «Скапеннинг ҳийласи»да Зербинетта, А.Бегимов, Т.Алланазаровларнинг «Ғариб ошық»да Ақшагул, С.Хожаниязовнинг «Суймегенге суйкенбе» сда Қанша, Ж.Аймурзаевнинг «Қәдирдан докторы"да Доктор қиз каби ролларни катта маҳорат билан бажариб чиқти.
Т.Жолымбетовага «Қарақалпоғистон халқ артисти» ва Ӯзбекистонда хизмат кӯрсаткан артист унвони берилган.
ТАРБИЯ ЖОЛИМБЕТОВА
Народная артистка Каракалпакстана
Заслуженная артистка Узбекистана
1917-1963 гг.
Т.Жолымбетова родилась в 1917 году в Тахтакупырском районе. Она была одной из первых профессиональных актрис. Окончив в 1939 году каракалпакскую студию ГИТИСа в Москве, она начала свою карьеру актрисы с каракалпакской молодежью в нынешнем Каракалпакском государственном академическом музыкальном театре имени Бердаха.
Изучая его талант, его высоко оценили учителя О.Пыжова и Бибиков. Он называет ее мастерской исполнительницей психологических ролей.
Ему удалось создать ряд запоминающихся ролей на театральной сцене. В частности, Людмила в "Васса Железнова" М.Горького, Зербинетта в "Проделке Скапена" Молера, А.Бегимов, Акшагуль в "Странной любовнице" Т.Алланазарова, Ганша в "Суймегенге суйкенбе" С.Хожаниязова, Ж.Аймур. «Доктор» с большим мастерством исполнил роли Доктора Девочки.
Т.Жолымбетова удостоена звания «Народная артистка Каракалпакстана» и Заслуженная артистка Узбекистана.
TARBIA ZHOLIMBETOVA
People's Artist of Karakalpakstan
Honored Artist of Uzbekistan
1917-1963
T. Zholymbetova was born in 1917 in the Takhtakupyr region. She was one of the first professional actresses. After graduating from the Karakalpak studio of GITIS in Moscow in 1939, she began her career as an actress with Karakalpak youth at the current Karakalpak State Academic Musical Theater named after Berdakh.
Studying his talent, he was highly appreciated by teachers O. Pyzhova and Bibikov. He calls her a masterful performer of psychological roles.
He managed to create a number of memorable roles on the theater stage. In particular, Lyudmila in "Vassa Zheleznov" by M. Gorky, Zerbinetta in "Scapen's Trick" by Moler, A. Begimov, Akshagul in "The Strange Mistress" by T. Allanazarov, Gansha in "Suymegenge suikenbe" by S. Khozhaniyazov, J. Aimur. The "Doctor" played the roles of Doctor Girl with great skill.
T. Zholymbetova was awarded the title of "People's Artist of Karakalpakstan" and Honored Artist of Uzbekistan.
Похожие новости
Театр тарийхына - 90 жыл, 1926-2016
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры 90 жыл
Театр тарийхи ҳақида маълумот
Сапаева Мырзагул Жуманазаровна
Өзбекстан халық артисти, Қарақалпақстан ҳәм Түркменстанга хызмет көрсеткен артист
Бас балетмейстер - Шарипов Абибулла Нагметович
Өзбекстан халык артисти, Қарақалпақстанда хызмет көрсеткен артист
Алланазаров Тореш 1916-2000
Қорақалпоғистон театр саньати арбоби, Ўзбекистон халқ артисти, Бердақ номидаги давлат мукофоти,