Тарихов Мақсетбай Аметович
orazbay 7-09-2020, 11:30 394 Nuraniyler / Faxriylar / Ветераны / Veterans
Тарихов Мақсетбай Аметович
«Қарақалпақстан ҳәм Өзбекстан халық билимлендириў ағласы»,
«Ѳзбекстан Конституциясына 25-жыл» естелик нышаны, Қарақалпақстан Республикасының Жоқары Кеңесиниң «Ҳүрмет жарлығы» ҳәм «Ардақлы нураный» көкирек белгиси менен сыйлықланған
Тарихов Мақсетбай Аметович 1953-жылы 10-май айында Нөкис қаласында белгили Қарақалпақстан халық бақсысы Әмет Тариховтың шаңарағында туўылды.
1968-жылы «ВЛКСМ ның 30-жыллығы» атындағы орта мектептиң 8-класын тамамлап, Нөкис мәмлекетлик музыка-хореография училищесиниң тарлы әсбаплар бөлимине скрипка класына оқыўға киреди ҳәм мийнет жолын 1970-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик Станиславский атындағы театрда оркестр артисти болып ислеўден баслайды.
1972-жылы М.Тарихов Ташкент мәмлекетлик консерваториясының оркестр факультетине скрипка қәнийгелиги бойынша оқыўға киреди. Усы оқыў жыллары Ташкент қаласындағы «Айдынлар» атындағы студент жаслар ансамблине белсене қатнасыў менен бирге Муқимий атындағы театрда оркестр артисти болып жумыс иследи.
Жаслар ансамбли менен бурынғы Аўқамның көплеген республика ҳәм қалаларында болып, Қарақалпақ мәдениятын, көркем-өнерин танытыўга үлкен үлес қосты.
1977-жылы консерваторияны питкерип Нөкис мәмлекетлик көркем-өнер билим журтына скрипка классы бойынша оқытыўшы болып келди.
1978-80-жыллары Узақ шығыстағы әскерий округта Армия қатарында әскерий хызметте болып, кейин училищеде оқытыўшылық хызметин даўам етти.
1980-2000 жыллары оның республикамыздың мәдениятына қосқан атқарыўшылық хызметин айтып өтиў орынлы. Өзиниң мийнетин жолын театрда баслап, көркем-өнер училищесинде устазлық етиў менен қатар Қарақалпақ Мәмлекетлик филормониясында шөлкемлестирилген биринши симфониялық оркестр артисти болып, Республикамызда Москва, Ташкент, Қызыл-Орда, Алма-ата, Казань ҳәм басқа да бурынғы Аўқамның қалаларында өткерилген барлық мәдений илажлар, концертлер, юбилейлер, Мәденият күнлери, Декадалардың қатнасыўшысы болды.
Соның менен қатар 1980-86-жыллары Қарақалпақстан мәмлекетлик телерадиосында дүзилген 1-санлы әспаблар квартетиниң солисти болып, дунья классикалық ҳәм Қарақалпақ камералық музыкасын халыққа танытыў, раўажландырыў ушын усы квартет қурамында республикамыздың барлық районларында, Ташкент, Россия қалаларында жасларға рабочий, колхозшыларға, студентлерге, оқыўшыларға лекция-концертлер қойып хызмет иследи.
1982-жылдан 2016-жылдың ноябрь айына шекем М.Тарихов. Нөкис қалалық 1-санлы Глиэр атындағы балалар көркем-өнер мектебине (ҳәзирги Есжан бақсы атындағы) директор болды. Усы жылдан баслап үлкен жәмәәтке басшылық етип, балалардың көркем-өнерге болған биринши қәдеминде оларға эстетикалық тәрбия бериўде, олардың рухый дүньясын байытып гөззаллыққа қызығыўшылығын күшейтип, ҳәр бир баланың өзине тән болган уқыбын ҳәм талантын ѳз ўақтында байқап жүзеге шығарыўда аянбай хызмет етти.
Оның мектепке басшылық еткен жыллары 672 орынлы үлкен типовой жай қурылды ҳәм керекли әсбап-үскенелер менен тәмийинленип, муғаллимлер ҳәм оқыўшылар ушын қолайлы жағдайлар жаратылды. Мектепте жаңадан: миллий сазлар, хорда қосық айтыў, миллий эстрада,театр ҳәм миллий қол өнери бөлимлери ашылды.
Мектеп оқыўшылары ҳәр жылы Өзбекстан, Қарақалпақстан ҳәм халықаралық жарысларға, көрик-таңлаўларға, фестивалларға, көргизбелерге қатнасып жеңимпаз болды. Қаламызда өткерилетуғын республикалық байрам ҳәм мерекелерге, белгили сәнелерге арналған үлкен концертлерге өз бағдарламалары менен бәрқулла белсендилик пенен қатнасты.
Оның басшылығында 2008-жылы дүзилген «Әмиў гүллери» балалар фольклор-этнографиялық ансамбли халқымыздың миллий, заманагөй балалар қосықларын, ойынларын сақлаўга ҳәм раўажландырыўға үлес қосқан.
Бул ансамбль 2008-жыл 1-7-август күнлери Түркменстан Республикасының Ашхабат қаласында өткен «Алтын әсирдиң алтын әўлады», 2010-жыл ҳәм 2013-жылы Түркменбаши қаласында өткен «Аваза дослық үлкеси» атамасындағы халық аралық балалар фестивалының ашылыў ҳәм жабылыў салтанатларына, концертлерге өз бағдарламасы менен қатнасып, фестиваль дипломы, естелик саўғалар менен сыйлықланып қайтты. 2015-жыл 27-майдан 3-июнь аралығында «Әмиў гүллери»ансамбли Беларусь Республикасының Могилёв областындағы Климовичи қаласында өткерилген «Золатая пчёлка»халық аралық XV фестиваль-таңлаўға қатнасып 3-орынды алып фестиваль лауреаты болып қайтты.
2016-жыл 27-31-март күнлери Россия Федерациясының Сочи қаласында өткерилген V-Халықаралық «Народные истоки» миллий мәденият ҳәм фольклор фестивал-таңлаўында мектептен 15 адам қурамында «Әмиў гүллери» ансамбли қатнасып:
1.Султанов Қыяс жыраў - 1-орын лауреат
2.Ойыншылар ансамбли - 2-орын лауреат
3.Жадигерова Нуржахан бақсы - 3-орын лауреат дипломлары менен сыйлықланып таңлаў жеңимпазлары болды.
Ойыншылар ансамбли 2016-жылы май айында Россия Федерациясының Москва қаласында өткерилетуғын «DANCE CONTINENT» халықаралық хореография өнери таңлаўына қатнасыў ҳуқықы ҳәм 10 000 рубль Грант сыйлығын жеңип алды.
«Әмиў гүллери» ансамблиниң көркемлик басшысы М.Тарихов халық фольклоры ҳәм миллий үрип-әдетлерин сақлаўдағы хызметлери ушын арнаўлы диплом ҳәм сертификат пенен сыйлықланды.
М.Тарихов мектеп жәмәтинде, сазенделер арасында үлкен абыройға ийе қәнийге сыпатында жоқары категориялы оқытыўшы болып скрипка бойынша көркем-ѳнер мектептебинде, Мәденият ҳәм кѳркем-ѳнер колледжинде устазлық етип 25тен аслам шәкиртлер таярлаў менен бирге,
үзликсиз Бердақ атындағы театрда оркестр артисти болып иследи.
1989-1991-жыллары Нѳкис қалалык мәденият бѳлими Кеңесиниң баслығы, 1991-2009-жыллары Қарақалпақстан Республикасы мәденият министрлигиндеги балалар музыка ҳәм кѳркем-ѳнер мектеплериниң директорларының Бағдарлаўшы Кеңесиниң баслығы болды.
М.Тариховтың тиккелей басшылығында, 1997-жылы 21-майда мектептиң 60 жыллық, 2007-жылы 14-декабрьде 70 жыллық, 2012-жылы 14-декабрьде 75-жыллық юбилейлери, 2000-жылы хореография бөлиминиң 25-жыллығы жоқары дәрежеде өтти.
Өзиниң атқарыўшылық, оқытыўшылық ҳәм басшылық хызметлери ушын М.Тарихов бир неше рет Қарақалпақстан ҳәм Өзбекстан мәденият министирлигиниң, Ѳзбекстан ҳәм Қарақалпақстан оооооХалық билимлендириў министрлигиниң, Республикалық Кәсиплик аўқамының ҳәм Нөкис қаласы ҳәкиминиң Ҳүрмет жарлықлары,
2000-жылы Қарақалпақстан Республикасының Жоқары Кеңесиниң «Ҳүрмет жарлығы» ,
2004-жылы «Қарақалпақстан халық билимлендириў ағласы» нышаны,
2008-жылы «Өзбекстан халық билимлендириў ағласы» нышаны,
2017-жылы «Ѳзбекстан Конституциясына 25-жыл» естелик нышаны
менен,
2021-жылы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси Президиумыныӊ «Ардақлы нураный» көкирек белгиси менен сыйлықланды.
2009-жылдан баслап Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министриниң 2009-жыл 12-январдағы 8-санлы буйрығы менен дүзилген «Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектеплериниң директорлар Кеңесиниң баслығы болып сайланып, БМКӨМлериниң жумысларын буннан былайда жетилистириў, оларды методикалық қолланбалар, сабақлықлар менен тәмийинлеў ҳәмде оқыў-тәрбия жумысларының мазмунын жақсылаў бойынша аянбай хызметлер иследи.
М.Тарихов тиң басшылығында 1982-2016-жыллар аралығында мектеп жәмәәти Республика Ҳүкимети қойған барлық ўазыйпаларды орынлаў ушын аўызбиршилик пенен хызмет етти.
2016-жыл 10-ноябрьде ѳз мийнет жолын 1970-жылы баслаған Бердақ атындағы Қарақалпақ музыкалы театрына оркестр артисты болып тийкарғы жумысқа ѳтти.
2018-жылы 4-сентябрьден Нѳкис қәнигелестирилген мәденият ҳәм кѳркем-ѳнер мектебине оқытыўшы болып жумысқа ѳтти.
Похожие новости
Театр тарийхына - 90 жыл, 1926-2016
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры 90 жыл
Театр тарийхи ҳақида маълумот
Театрға 90 жыл 1926-2017
Рахманов Кенесбай 1942 -2004-жыл
Қарақалпақстан халық шайыры, драматург, жазыўшы, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты
Нызанов Муратбай -драматург
«Қарақалпақстан халқ жазыўшысы» «Дослық» ордени ийеси, Қарақалпақстанда мийнети сиңген мәданият