(97) 789 38 79 (91) 384 70 69 berdax_teatr@mail.ru TG KK UZ RU EN
Регистрация
все шаблоны для dle на сайте newtemplates.ru скачать
Другие новости

Қожасов Турдыбай Сейтбаевич (03.01.1954-29.03.2022)

orazbay 1-09-2020, 23:25 322 Исторические личности / tarixiy-insonlar / Historical persons / Taрихый инсанлар - КК


Қожасов Турдыбай Сейтбаевич

Қарақалпақстан көркем өнер ғайраткери, 

Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты

( 03.01.1954 - 29.03.2022 )

 

 Қожасов Турдыбай Сейтбаевич 1954-жылы 3-январда Кегейли районы «Дәрӯаза қум» елатында туӯылған. 

1973-1975-жыллары совет армиясы қатарында хызмет еткен.

1977-жылы Ж.Шамуратов атындағы Нөкис мәмлектелик көркем өнер колледжин тамамлаған.

1977-1981-жыллар аралығында Москва мәмлекетлик мәденият институтында тәлим алып хореграф маманлығын алған.

1981-жылдан баслап Қарақалпақ мәмлекетлик «Айқулаш» қосық ҳәм ойын ансамблинде өзиниң творчестволық жумысын баслады.

1989-1990-жылларда Москва мәмлекетлик академиялық опера театрында стажировкада болды.

1990-жылдан баслап Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Бас балейтмейстер лаӯазымында жумысын даӯам етти. Сол жыллары усы театрда миллий балет труппасын шөлкемлестириӯ менен шуғылланды.

Усы балет труппасына Ташкент хореграфия училищесин ҳәм атындағы Нөкис мәмлектлик көркем өнер колледжининиң хореграфия бөлимин питкерген жас талантлы ойыншы қыз-жигитлерди жумысқа таңлап алды. 

1996-жылы август айында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры саҳнасында тәрийхта биринши «Айжамал» миллий балетин саҳналастырып халыққа инам етти.

1992-2003-жыллар аралығында Ташкент ҳәм Нөкис қалаларында өткерилген Өзбекстан Республикасының Ғәрезсизлик ҳәм милий «Наӯрыз» байрамларында балет труппасының атқарыӯындағы композициялары менен қатнасты.

Сондай-ақ, Хиӯа қаласының 2500 жыллық юбилейине, Самарқанд қаласында Әмир Темурдиң 660-жыллығына бағышлап өткерилген ҳәм Термез қаласында өткерилген «Алпамыс» дәстанының 1000 жыллық байрам салтанатларна қатынасты.

«Айжамал» миллий балетиниң музыкасын белгили композитор Н.Мухаммеддинов жазған, либреттосын жазған ҳәм сахналастырған балетмейстер Т.Қожасов, сахнаны безеген художник Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық художниги Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты И.Алибеков.

«Айжамал» миллий балетиниң бас ролин балет артисткасы Айжамал Төлегенова атқарған. 

2021-жыл март айынан баслап Т.Қожасов Өзбекстан мәмлектлик филармониясының Қарақалпақстан бөлиминде балетмейстер дөретиӯшилик жумысларын даӯам етпекте.

 


 

Похожие новости

Театр тарийхына - 90 жыл, 1926-2016

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры 90 жыл

10.10.20 История театра / teatr-tarihi / History of the theatre / Teaтр тарийхы - КК
Театр тарийхи ҳақида маълумот

09.10.20 История театра / teatr-tarihi / History of the theatre / Teaтр тарийхы - КК
Рахманов Кенесбай 1942 -2004-жыл

Қарақалпақстан халық шайыры, драматург, жазыўшы, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты

12.09.20 tarixiy-insonlar / Taрихый инсанлар - КК
Нызанов Муратбай -драматург

«Қарақалпақстан халқ жазыўшысы» «Дослық» ордени ийеси, Қарақалпақстанда мийнети сиңген мәданият

17.10.20 Nuraniyler / Faxriylar / Ветераны
Театр директоры НИЕТУЛЛАЕВ АСАН ХОЖАБАЕВИЧ

10.10.20 Руководство / etakchilik / Heads / Искерлик