(97) 789 38 79 (91) 384 70 69 berdax_teatr@mail.ru TG KK UZ RU EN
Регистрация
все шаблоны для dle на сайте newtemplates.ru скачать

Абдижамилов Палуанияз

orazbay 19-09-2020, 17:30 259 Исторические личности / tarixiy-insonlar / Taрихый инсанлар - КК


Абдижамилов Палӯанияз

«Қарақалпақстанда хызмет көрсеткен артист»

1923 -1996

Абдижамилов Палӯанияз 1923-жылы Кегейли районы  М.Жуманазаров атындағы совхозда туӯылған.

 1947-жылы Шымбай районында муғаллимлер институтында оқып жүрип, мийнет жолын Шымбай районында мектепте муғаллим болып ислеӯден баслайды.

1949-жылы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик филармониясында музыкант болып жумысқа келеди.   1953-жылдан 1984-жыл ҳүрметли дем алысқа шығаман дегенше, ҳәзирги Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик музыкалы театрында оркестр артисти болып иследи. 

Арнаӯлы билимге ийе болмасада, тәбият берген талантының арқасында халыққа танылып, олардың меҳрин қазанды. Қарақалпақ музыкасының симфониялық оркестриниң раӯажланыӯында үлесин қосты. Көплеген шәкиртлер таярлады.

Театрда сахналастырылған барлық музыкалы спектакллерде қатнасты. 1957-жылы Ташкент қаласында өткерилген Қарақалпақстан әдебияты ҳәм мәденияты он күнлигинде қатнасып, Өзбекстан Республикасы Олий Кеңесиниң «Ҳүрмет жарлығын» алыӯға мияссар болады.

Бир неше мәртебе Ташкент қаласында, Башқуртстанда өткерилген Қарақалпақстан Республикасы мәденияты ҳәм әдебияты күнлериниң қатнасыӯшысы.   

П.Абдижамиловтың мийнетлери өз ӯақтында жоқары баҳаланып оған 1969-жылы «Қарақалпақстанда хызмет көрсеткен артист» атағы берилген.

Похожие новости

Театр тарийхына - 90 жыл, 1926-2016

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры 90 жыл

10.10.20 История театра / teatr-tarihi / History of the theatre / Teaтр тарийхы - КК
Театрға 90 жыл 1926-2017

14.02.22 История театра / teatr-tarihi / Teaтр тарийхы - КК
Театр тарийхи ҳақида маълумот

09.10.20 История театра / teatr-tarihi / History of the theatre / Teaтр тарийхы - КК
Ибрайым Юсупов 92-жаста

05.05.21 Yangiliklar / Жаңалықлар
Шынықулова Светлана Усеновна

Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист

07.09.20 Nuraniyler / Faxriylar