(97) 789 38 79 (91) 384 70 69 berdax_teatr@mail.ru TG KK UZ RU EN
Регистрация
все шаблоны для dle на сайте newtemplates.ru скачать

«Халық ушын» операсы.

orazbay 19-09-2022, 11:31 408 Аfisha / Афиша уз / Poster / Афиша - КК



Қ.Заретдиновтиң «Халық ушын» операсы  

аннотациясы 

 

Өзбекстан ҳәм Қарақалпакстан көркем өнер ғайраткери, танықлы музыкант, театрымыздың бас дирижёри Қурбанбай Заретдиновтиң «Халық ушын» операсы, либретто авторы Қарқалпақстан халық шайыры Кеңесбай Каримов.

Бул опера қарақалпақ халықының классик шайыры Бердақ Ғарғабай улының өмириниң соңғы жылларындағы турмысына бағышланады. Халықтың аўыр турмысы, зорлыққа ушыраўлар, ҳаял-қызлардың жәмийетиндеги орны көрсетилген. Қызы Ҳурлиман бақсы, онын шәкирти Перийзат олардың қосық айтыўына қарсылық көрсеткен бай ҳәм бийлер. Бердақты болыс губернатор Федор алдына Төрткүл қаласына алып барыўы. Лекин губернатор оның ҳүрметин орнына қойып үйине қайтарыўы көрсетиледи. Федор бизде Пушкин қандай шайыр болса сиз қаракалпак халқыда Бердақ та сондай шайыр дейди.

Опера тарийхый ўақыялар менен көркем ўақыялардан қуралған. 




Қ.Заретдинов

ХАЛЫҚ УШЫН

опера

(либретто авторы К.Каримов)

 

 

Спектакльдиң музыка басшысы ҳәм дирижеры

- Қурбанбай Заретдинов

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен көркем өнер ғайраткери, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты

 

Сахналастырыўшы режиссёр

- Мархабай Усенов

Сахналастырыўшы художник

- Темур Шардеметов

Хормейстерлер

- Айпара Толепова

-Қутлымурат Кинжебаев

-Айгул Махамметшери-пова

 

Балетмейстер

- Абибулла Шарипов

Өзбекстан халық артисти

 

Дирижёр

- Байрам Отарбаев

 

Режиссёр

- Сулыўхан Ганиева

 

Кийимлер художниги

- Сарбиназ Давкараева

 

Концертмейстер

- Юлдуз Атаджанова

 

Әдебий бөлим баслығы

- Гаухар Рахманова

 

 

Театр директоры     - Асан Ниетуллаев

 

 

 

 

Атқарыўшылар

 

Бердақ

- Сапарбай Шерманов,

- Наўрызбек Мухаммедяров

Қулмурат шайыр

- Абат Аширов,

-  Ислам Мухаммедяров

Ҳүрлиман

- Элиза Айтниязова Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист 

Бийбитхан

- Роза Кутекеева Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист

Қулман болыс

- Фарит Узақбергенов,

- Алпысбай Аманиязов

Перийзат

- Гүлбану Рейпназарова,

- Мийригул Мамбетмуратова

Болыс жасаўыллары

- Даўлет Атамуратов, 

- Алпысбай Аманиязов,

- Саламат Ерниязов

Аўыл жигитлери

- Түўелбай Төрениязов,

- Саламат Ерниязов

- Жанибек Бекжанов

Бет ашаршы

-  Алпысбай Аманиязов,

- Даулет Атамуратов

Палўан

- Орманбетхожа Зинелов

 

Массалық сахнада театрдың барлық актёрлары, хор, балет артистлери қатнасады. 

 

«Халық ушын» операсы аннотациясы

 

Опера XIX әсирде жасап өткен қарақалпақ халқының демократ шайыры Бердақ Ғарғабай улының өмири ҳәм дөретиўшилигине бағышланады.

 

I-көринис

Бердақтың үйи.

Бердақ "арғабай улының өмириниң соңғы жыллары. Бердақ «Ерназар бий» поэмасын шәкиртине, Қулмурат шайырға  оқып береди.   

         «Әўел Айдос баба өлип, 

          Орнын туты Ерназар бий,       

          Қарақалпаққа аға болып, 

         Ҳүким етти Ерназар бий..».

Көринис соңында халықтың муңы еситилип турады.

II-көринис

 Қазыў сахнасы. Болыстың жалпылдақлары қазыўшыларды урып, сөгип, қамшылап, кыйнап атыр. Қазыўшылар дем алып отырған жерине Бердақ ҳармасынға келип, халықтың кеўлин көтерип, нәсият қосықларынан оқып береди. 

Қулман болыс 19 адамды Төрткулге Губернаторға айдап баратыр. Бердақ халықтың жағдайын айтып, тутқынларды арашаламақшы болғанда Қулман болыс Бердақты ийтерип жиберип, туткынларды айдап кетеди. Бердақтың муңлы ариясы, халықтың муңы менен көринис тамамланады.

«Заман түнек, заман болды,

Заман емес думан болды,

Думаннан да жаман болды,

Бендеңе алла пана бер…»

 

III-көринис

Перийзатты қутқарыў сахнасы.

Бердақ қызы Ҳүрлиманға бақсышылық өнерин үйретип атыр. Ҳүрлиман ариясы арқалы устазынан бақсы пәтиясын бериўди соранып атыр. 

Сырттан  Ҳүрлиманның шәкирти Перийзат, ғарры болысқа зорлық пенен сатылған, шымылдықтан  қашып шығып Бердақ шайырдан жәрдем сорап келеди. Шайыр қызды болыстың жасаўылларынан қутқарып, өз сүйгенине қосып, тойын өткериўге ўәде береди, халық шайырды қоллап қуўатлайды. 

«Халайық!Перийзаттың той ғәрежети шайырдан! 

         Қәне! Тойға таярланайық!...»                                                   

IV-көринис

Қулман болыстың отаўы.

Бердақтың аўылынан дәкки жеп қайтқан жасаўыллар жүгирип келип, болысқа болған ўақыяны айтып атыр. Қулман болыс қәҳәрленип Бердақты жоқ қылыў ушын, Шымбай приставына барып жәрдем сораўды уйғарады…

«Тап ҳәзир туўры  Шымбайға, 

Пристопқа бараман!

Бердақты жоқ қыламан!...»

 

V-көринис

Той сахнасы.

Бердақтың аўылында Перийзаттың тойы болып атыр. Қыз-жигитлердиң үлкен    ойыны. Жигит-қызлар айтысы. Ҳәўжар айтылып қызды узатып атыр. Беташар болып атырғанда  Қулман болыс тойды бузып, қалыңлығын алып кетиўге келеди. 

Бердақ аўыл жигитлери менен Қулман болыстың берген қалың малын қайтарып берип, аўыл жигитлери менен биргеликте болысты ҳәм жасаўылларын қуўады. Той даўам етеди.

«Халайық! Тойды даўам етиңлер!

Тойлар мубарек!

         Аумийин!Тойлар мубарек!,,,»

VI-көринис

Бердақтың отаўы. Елтиси Бийбитхан шайырдың шай-суўын берип атыр. Қулмурат аўыл жигитлерин баслап, шайырдан кеўлин сораўға келеди. Шайырдың кеўли көтерилип, жигитлерге  қосық оқып береди. Шайырдың қосығын халық қоллап-қуўатлап даўам етеди.

         Халық ушын! Халық ушын!

         Хызмет еткил халық ушын!

         Ел ушын, ел ушын!

         Ерлик көрсет ел ушын!...»











Похожие новости

Театр тарийхына - 90 жыл, 1926-2016

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры 90 жыл

10.10.20 История театра / teatr-tarihi / History of the theatre / Teaтр тарийхы - КК
Театрға 90 жыл 1926-2017

14.02.22 История театра / teatr-tarihi / Teaтр тарийхы - КК
Театр тарийхи ҳақида маълумот

09.10.20 История театра / teatr-tarihi / History of the theatre / Teaтр тарийхы - КК
Рахманов Кенесбай 1942 -2004-жыл

Қарақалпақстан халық шайыры, драматург, жазыўшы, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты

12.09.20 tarixiy-insonlar / Taрихый инсанлар - КК
1926-2022 жылларда сахналастырылған спектакльлер

1926-2022 жылларда сахналастырылған спектакльлер ДИЗИМИ

15.12.21 История театра / teatr-tarihi / Teaтр тарийхы - КК