(97) 789 38 79 (91) 384 70 69 berdax_teatr@mail.ru TG KK UZ RU EN
Регистрация
все шаблоны для dle на сайте newtemplates.ru скачать

Қосымбетов Өмирбайдың 60-жыллык юбилейи

orazbay 20-10-2023, 10:55 83 Новости / Yangiliklar / Жаңалықлар














Юбилей кешеси

20-Октябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында театрымыз вокал артисти, Өзбекстанда хызмет көрсеткен артист, Қарақалпақстан халық артисти, Қосымбетов Өмирбай Сарсенбаевичдиң 60-жыллык юбилей концерти өткерилди. Юбилей кешесин Жоқары Кеңес Комитети баслығы  Д.Курбаниязов Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Б.Утемуратов, Мәденият министри Б.Темирбаевлар ашып берди  ҳәм юбилярды 60 жасы менен қутлықлап, оның театр ҳәм кино көркем өнериндеги тутқан орнын айрықша атап өтип юбилярымызды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиум қарары менен берилген «Ўатан пидайысы» көкирек белгисин, Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги тәрепинен берилген «Мәденият ҳәм көркем өнер пидайысы» көкирек белгилерин салтанатлы түрде тапсырды.

Өмирбай Қосымбетов өзиниң айрықша таланты, бай дүньяқарасы менен миллий мәдениятымыз ҳәм көркем өнеримизди раўажландырыўда орны салмақлы. Оның театр ҳәм кино тараўында аткарған роллери, дөреткен образлары халқымыз қәлбинен терең орын ийелеген. Әсиресе, “Өмирбек ҳәм Тазша” комедиясында Өмирбек, «Ынжықтың мухаббаты» комедиясында Қудияр, сондай-ақ, “Қоңсылар”, “Курорт”, “Уры” ҳәм басқа да көркем фильмлерде атқарған роллери халқымыз арасында кеңнен таралған.

Концерт даўамында театрымыз актерлары юбилярдың атқарған спектакллерынен үзиндилер көрсетти.

✉️ 👉@Krteatr,

🌐 👉https://berdax-teatr.uz/

Похожие новости

Театр тарийхына - 90 жыл, 1926-2016

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры 90 жыл

10.10.20 История театра / teatr-tarihi / History of the theatre / Teaтр тарийхы - КК
Театрға 90 жыл 1926-2017

14.02.22 История театра / teatr-tarihi / Teaтр тарийхы - КК
Театр тарийхи ҳақида маълумот

09.10.20 История театра / teatr-tarihi / History of the theatre / Teaтр тарийхы - КК
Рахманов Кенесбай 1942 -2004-жыл

Қарақалпақстан халық шайыры, драматург, жазыўшы, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты

12.09.20 tarixiy-insonlar / Taрихый инсанлар - КК
Нызанов Муратбай -драматург

«Қарақалпақстан халқ жазыўшысы» «Дослық» ордени ийеси, Қарақалпақстанда мийнети сиңген мәданият

17.10.20 Nuraniyler / Faxriylar / Ветераны