(97) 789 38 79 (91) 384 70 69 berdax_teatr@mail.ru TG KK UZ RU EN
Регистрация
все шаблоны для dle на сайте newtemplates.ru скачать

Қосымбетов Өмирбай 60-жаста

orazbay 20-10-2023, 11:03 80 Новости / Yangiliklar / Жаңалықлар

ӨМИРБАЙДЫ ӨМИРБЕК ДЕП БИЛЕ БЕР!

Қой дегенсоң қойып алың бир майдан,
Серпиң ғам-тәшўишти қыялдан, ойдан,
Бүгин театрда салтанат - байрам,
Алпыс жыллық юбилейге келе бер.

Өмирбай ағаны алғысқа бөлеп,
Алпыс жасы болсын қутлы мүбәрек!
Өз орны бар сахнамызда бир бөлек,
Ҳәр сөзине "бес" баҳаңды бере бер!

Талант, тәжрийбеси басқадан алық,
Сол ушын сый-ҳүрмет көрсетер халық,
Ҳадал мийнет пенен жүзлери жарық,
Екиленбей излерине ере бер!

Жеңип шығып Таўасарды қул қылды,
Ғаррыбайды уялмастай ул қулды,
Не образ жаратса бәрин гүл қылды,
Ишек-силең үзилгенше күле бер.

Бир адым жылжыды  кино әлеми,
Гейде қосық жазды өткир қәлеми,
"Бет ашар" дәстүри – келин сәлеми,
Дуўтарды сайратса қулақ түре бер.

Дилўарлықты инәм еткен бағ қусы,
Кесип түсер ушырма сөз "шаққысы",
Дәўиримиздиң сөзге шебер лаққысы,
Өмирбайды Өмирбек деп биле бер!

Ўақыт таппай былай-былай қараўға,
Өмир берсин хызметлерге жараўға,
Еле ҳәм жан берип бул бир тараўға,
Номер один актёр болып жүре бер!

Байжан УЗАҚОВ,

20.10. 2023-жыл

Похожие новости

Рахманов Кенесбай 1942 -2004-жыл

Қарақалпақстан халық шайыры, драматург, жазыўшы, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты

12.09.20 tarixiy-insonlar / Taрихый инсанлар - КК
Театр тарийхына - 90 жыл, 1926-2016

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры 90 жыл

10.10.20 История театра / teatr-tarihi / History of the theatre / Teaтр тарийхы - КК
Театрға 90 жыл 1926-2017

14.02.22 История театра / teatr-tarihi / Teaтр тарийхы - КК
Театр тарийхи ҳақида маълумот

09.10.20 История театра / teatr-tarihi / History of the theatre / Teaтр тарийхы - КК
Нызанов Муратбай -драматург

«Қарақалпақстан халқ жазыўшысы» «Дослық» ордени ийеси, Қарақалпақстанда мийнети сиңген мәданият

17.10.20 Nuraniyler / Faxriylar / Ветераны